Бир күнлери Асил ағаның курсласы, қатарласы Исмайыл Сулайманов маған жүзленип:
- Асилжан достымның баласы Бахрамжанды маған ушырастырың. Сөзим бар, - деп қалды. Устаздың айтқанын қылдым.
- Бахрамжан улым, бахытсызлық жүз берип әкең өмирлик жолдасынан жүдә ерте айрылды. Сен перзент сыпатында әкеңди үйлендириў усынысы менен шығыўың керек. Әйтеўир достымның ыссы-суўығынан кимдур хабардар болыўы керек.
- Әкемниң талғамы жүдә нәзик. Китаплар текшеде сәл тегис емес турса, сызғыш пенен туўрылап қояды. Ким айыплы болса, қатты кейийди. Басқа биреў менен жасап кетиўине исениў қыйын. Ал, сиз жақын дос сыпатында әкемди көндириң, биз таярмыз, - деди Бахрам.
Сөйтип Асил аға бул усынысты қабыл етпеди. Қырық жыллар ары-берисинде жалғыз жасады. Жоқ, жүдә жалғыз деп болмайды. Оған китаплар, аўдармаға күтиўши оригинал шығармалар жолдас болды. Және бир жолдасы шахмат еди. Шаңарақ ийесиниң ыссы-суўығын келини Инабатхан өмир бойы хабар алып турды.
Асил ағаның үйине мийман көп баратуғын еди. Көпшилик жағдайларда кәсиплеслер гүрриңлесиў, қәдирданлары зериктирмеў ушын хабар алып туратуғын еди. Бахтиёр Назаров, Шароф Убайдуллаев, Иброҳим Ғафуров, Ғайбулла Саломов, Найим Каримов, Сайди Умиров, Қурдош Қаҳрамонов, Аҳмаджон Мелибоев, Носир Тоиров, Саъдулла Ҳаким, Юсуф Эшонқулов, Сирожиддин Саййид, Ғайрат Мажидов, Нодир Жонузоқ, Сувон Мелиев, Аброр Ҳазратқулов, Аъзамхон Аслонов ҳәм басқа да заманласлар бир ҳәпте өтпей барып туратуғын еди.
Устаз Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық институтында да сабақ беретуғын еди. Сабақ алған жылларымда Асил ағаның басламасы менен көплеген жазыўшы ҳәм шайырлардың қатнасыўындағы ушырасыўларда қатнасыў маған да несип еткен. Әсиресе, енди оқыўды баслаған ўақтымда - 17 жасымда институт мәжилислер залында түркий дүнья жазыўшыларының жетекшиси Шыңғыс Айтматов пенен ушырасыў ядымда мөрленип қалған.
Илажға институт ректоры Шополат Абдуллаев басшылық етти. Минберде Шыңғыс Айтматов пайда болғанда пүткил зал толқынланып кетти. Бул тарийхый шахс усы жерде институтымыз оқытыўшысы Асил Рашидовқа мүрәжат етти. "Мениң жазғанларымды сизлерге жеткерген мине усы инсан болады", деди. Бул дүньяға белгили инсанның үлкен тән алыўы еди. Залдың бир шетинде отырып, сондай инсанның студенти екениме мақтанатуғын едим. Кәсибиме, дөретиўшиликке муҳаббат сол ўақытта жалынланған, десем, исене бериң.
Асил аға дәслеп аўдарма дүньясына кире баслағанда кимлердур "Сиз басқалардың дөретиўшилиги саясында жүрмең, өзиңиз оригинал шығармалар жазыў ҳаққында ойлаң", деп мәсләҳәт берген. Сонда бир мезгил аўдарманы жыйнаған ўақытларын да еслеймен. Кейин қараса, көркем әдебият ықласбентлери "Жаңа ўаудармадан бар ма?" деп сорай баслаған. Буннан да әҳмийетлиси, Шыңғыс Айтматов шығармаларын аўдарыў оған заўық бағышлаған. Әсиресе, уллы жазыўшының жеке өзи "Сизге жаңа повестти жиберип атырман, өзбекшелестиресиз", дегенде тым-тырыс тура алмаған.
Дурыс, өзбек әдебиятында Шыңғыс Айтматов шығармаларын аўдарған Иброҳим Ғафуров, Суюн Қораев, Абдурайим Отаметов сыяқлы дөретиўшилер де бар. Бирақ Асил ағаның аўдармалары көп ҳәм жақсы деп баҳаланған.
Белгили илимпаз илимий жумыста жүдә сабырлы инсан еди. Оның жақынлары "Сиз қатарыңыз докторлықты жақлады, сиз елеге шекем кандидатлық диссертацияны жақламадыңыз", дегенинде "Гәп тек илимий дәрежеде ме?" деп қарсылық билдирген. Ол өзиниң илими онша дәрежели илимпазлардикинен жоқары екенин билетуғын еди. Болмаса, 1961-жылы аспирантураны питкерген адам 1981-жылы кандидатлықты жақлармеди.
"Өзбек повестлеринде жумысшы образы" изертлеўши бақлаған тема болды. Демек, мийнеткеш адам образы қалай жаратылғанын үйренген алым өзи де мийнеттен күш-қуўат алатуғын еди. Усылайынша "Инсан ҳәм мийнет гимни" китабы дүнья жүзин көрди. Устаздың "Леся Украинка" китабы туўысқан әдебият ўәкили дөретиўшилигине бағышланған еди. Әсиресе, ғәрезсизлик жылларында кең китапқумарлар арасында өзине тән шаўқым болған, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Шараф Рашидовтың естелигине бағышланған "Ағам ҳаққында" китабы айрықша итибарға ылайық.
1992-жылы Жиззақта Шараф Рашидовтың 75 жыллығына бағышлап өткерилген илажда "Ағам ҳаққында" китабы ҳәммеге тарқатылды. Бирақ мийманлар китап авторын сорап таба алмады. Себеби кишипейиллик, кишипейиллик-дә. Жақсы болғаны, 2017-жылы шөлкемлестириў комитетиниң ҳәрекети менен Шараф Рашидовтың ўатанында өткерилген салтанатқа Асил аға да ҳүрмет пенен мирәт етилди. Адамлар Шараф Рашидовқа ҳүрметин Асил Рашидовқа билдирди.
Асил аға үйге келген дослары менен тез-тез шахмат ойнайтуғын еди. "Қызық, тахтадағы даналардың тәғдири - сизиң қолыңызда, қәлесеңиз саўашқа шақырасыз, қәлесеңиз қурбан етесиз", дейтуғын еди устаз. Бундай заўықты басқа ҳеш бир ойыннан ала алмайсыз. Усы қызғын тартысларда да әдебий турмыстағы жаңалықлар, "тандырдан жаңа шыққан" китаплар туўралы әңгиме болатуғын еди. Ғәрезсизлик жаратқан имканиятлар, сөз еркинлиги бағдарында ерисилген шеклер Асил ағаны қуўандырар еди.
Устаз бенен оңашада қалғанымызда "Редакцияда жумыслар қалай?" деп сорайтуғын еди. Мен "Ҳәммеси өз орнында, бир тегис", деп улыўма жуўап беретуғын едим. "Биз билген линотип цехлары, қорғасыннан қуйылған қатарлар өтмишке кеткен шығар?" деп сорайтуғын еди. "Ҳәзир ҳәмме нәрсе компьютерлесип кеткен. Жаңа шараятта ислеп атырмыз", дейтуғын едим. "Аўа, енди жең түрип ислейтуғын дәўирлериң келди", деп қояр еди. Газетаның гезектеги санын шығарыў процеси устазға бийтаныс емес еди. Ол 1954-1958-жыллары "Қызыл Өзбекстан" газетасында әдебий хызметкер, бөлим баслығы ўазыйпаларында ислеген.
Асил ағаны ҳәр сапары көриўге барғанымда бир гәп айтатуғын еди: "Биринши қабатқа түскениңизден кейин жоқарыға қарасаңыз, мен балконда турып қолымды былғайман. Сиз де сондай жуўап берсеңиз - бул хошласқанымыз болады". Бул әдет бизде турақлы түс алды. Ҳәзир де қыялымда Әсил аға тап жоқарыдан турып маған қол былғап атырғандай болады. Мен де қолымды былғайын деп турман. Дийдар қыяметке қалды, устаз, дегим келеди. Сиз ҳәмийше қәлбимиздесиз!
Шухрат ЖАББАРОВ,
Өзбекстанда хызмет көрсеткен журналист