Оған сенаторлар, Комитет жанындағы экспертлер, Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер, Айрықша жағдайлар министрликлери Академиялары, Бажыхана институты, Жәмийетлик қәўипсизлик университетиниң курсантлары, Өзбекстан Миллий университети ҳәм Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университетиниң студентлери, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Семинарда Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм фронт артында пидәкерлик пенен мийнет еткен ветеранларымыздың қаҳарманлығы ҳәм тарийхый хызметлерин және бир мәрте кең жәмийетшилигимизге жеткериўге, жас әўладты ата-бабаларымыздың мәртлигине мүнәсип болған, бүгинги тыныш, татыў турмысты қәстерлеп сақлаўға ҳәм және де беккемлеўге уқыплы, жанажан Ўатанымызға садық инсанлар етип тәрбиялаўға итибар қаратылды.
Атап өтилгениндей, Екинши жер жүзилик урыс ҳақыйқатында да адамзат тарийхындағы ең қорқынышлы, ең қанлы қырғын болған. Бул урыс инсаният, соның ишинде, халқымыз басына қандай аўыр азап-ақыбетлер ҳәм қурбанлар, есапсыз жоғалтыўлар алып келгенин ел-халқымыз ҳеш қашан умытпайды.
Әлбетте, бул бағдарда республикамызда мәмлекетимиз басшысының басшылығында зәрүр жумыслар алып барылмақта.
Президент Ш.М.Мирзиёевтиң басламалары менен Екинши жер жүзилик урыс жылларындағы тарийхымызды үйрениўде түп мәнисинде жаңа дәўир басланды. Атап айтқанда, 2020-жылға шекем урыс басланған ўақытта елимиз халқы 6 миллион 551 мың адамды қураған ҳәм олардың 1,5 миллионға шамаласы урыста қатнасқан, деп есапланатуғын еди.
Дүнья архивлери үйренилип, жаңадан табылған мағлыўматлар талланғанда болса Өзбекстаннан 1,951 миллионға шамалас адам урысқа жиберилгени белгили болды. Буннан тысқары, алдын 396 мың Өзбекстан пуқарасы урыста қайтыс болған, деп айтылған болса, ҳақыйқатында бул сан 538 мыңнан аслам болған, 158 мыңнан асламы бийдәрек жоғалған.
Алып барылған илимий излениўлер нәтийжесинде орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған Өзбекстан ўәкиллериниң санына да анықлық киргизилди. Алдын бул көрсеткиш 120 мың деп атап өтилетуғын еди. Жаңа мағлыўматларға тийкарланып Екинши жер жүзилик урыста 200 мыңнан аслам әскер ҳәм офицерлеримиз жаўынгерлик мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланғаны анықланды. Соның ишинде, бурын 280 деп есаплап келинген өзбекстанлы Совет Аўқамы қаҳарманларының саны 301 екени, 70 ўатанласымыз үш дәрежедеги "Даңқ" орденине миясар болғаны өз тастыйығын тапты ҳәм тарийхый ҳақыйқатлық жүзеге шықты.
Өзбекстан парламенти делегациясы жақында болып өткен ҒМДА Парламентлераралық ассамблеясының Екинши жер жүзилик урыстағы Жеңистиң 80 жыллығына бағышланған мәжилисинде де қатнасқан еди. Илаж даўамында урыс жылларында Өзбекстан халқының фронтта ҳәм фронт артында көрсеткен шексиз мәртлиги ҳәм мийнети айрықша атап өтилди. Өзбекстан делегациясының бул мәжилисте қатнасыўы мәмлекетимизде Екинши жер жүзилик урыс ветеранларын қәдирлеў, тарийхый естеликти сақлаў ҳәм жас әўладты ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға қаратылған сиясаттың халықаралық дәрежедеги көриниси болды.
Өзбекстан саўаш майданларына жүдә үлкен муғдарда әскерий техника, қурал-жарақ, дәри-дәрмақ, кийим-кеншек, азық-аўқат өнимлерин жеткерип беретуғын әҳмийетли таяныш орайларынан бирине айланган еди. Өндирислик кәрханалар әскерий мақсетлерде қайта шөлкемлестирилди. Соның ишинде, көп миллетли халқымыздың пидәкерлик мийнети менен сол ўақыттағы 300 ге шамалас өндирислик кәрханаларда әскерий өнимлер ислеп шығарылды. Усы дәўирде фронт аймақларынан елимизге 151 завод көширип алып келинип, қысқа ўақытта иске қосылған.
Сондай-ақ, шығып сөйлегенлер Өзбекстан урыс себепли турақ жайы, ата-анасы ҳәм туўысқанларынан айырылған дерлик 1,5 миллион адамды өзиниң жақынлары сыпатында қабыл еткенин айрықша атап өтти.
Илаж даўамында Президентимиз тәрепинен 2025-жыл 20-февральда қабыл етилген «Екинши жер жүзилик урыстағы жеңистиң 80 жыллығы және Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм оны мүнәсип белгилеў ҳаққында»ғы қарарында нәзерде тутылған мәселелердиң мазмун-мәнисине итибар қаратылып, урыс жылларында бийдәрек жоғалған 158 мыңнан аслам адамды излеў, олардың тәғдирине анықлық киргизиў жумысларында ерисилген нәтийжелерге тоқтап өтилди.
Семинар соңында бул бағдарда келешекте әмелге асырылыўы керек болған жумыслар бойынша усыныслар билдирилди, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.








