Белгили художник, Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық институты (сол ўақытларда) оқытыўшысы Абдували Муминов пенен бир мәҳәлледе жасайтуғын едик. (Ҳәзир көшип кеткен). Балалықта майка кийип жүрген гезлеримиз мениң ҳәм бираз заманласларымның сүўретин салған дөретиўши. Кейин ала бул көркем өнер дөретпелери художниктиң жеке көргизбелеринде де көрсетилген. Бирақ гәп бул ҳаққында емес.
Қулласы, 2001-жылы болса керек, хызмет сапары менен биринши мәртебе Қарақалпақстанға бардым. Маған Нөкис мәмлекетлик университетинде жаңадан ашылған журналистика факультетиниң жумысы менен танысып, мақала жазыў ҳәм болажақ кәсиплеслер билим алып атырған орын ҳәм редакциямыз арасында бирге ислесиўди жолға қойыў ўазыйпасы жүклетилген еди. Мүддет қысқа болғаны ушын, жумысларды тез-тез питкерип, Ташкентке қайттым.
- Нөкиске бардың ба? - деп сорады көшеде мени тоқтатып Әбдивалы аға. Баласы мениң қатарым, классласым. Соннан еситкен қусайды.
- Аўа, тапсырма болып қалған еди, кеше келдим.
- Музейге де кирдиң бе, тамаша қылдың ба?
- Ўақыт тығыз еди, жумысларыма зорға үлгердим. Қайсы музей ҳаққында сорап атырсыз? - деп сораўына түсинбей, сораў менен жуўап бердим мен.
- Нөкиске барып, Савицкий музейине кирмей қайттың ба? Әттең, демек Қарақалпақстанға бармапсаң...
- Неге мен өзимниң жумысымды қойып, музейге кириўим керек? Бараман, десем, Ташкентте де музей көп ғой!
- Дурыс, сен художник емессең, бирақ журналистсең, дөретиўшисең. Кимлер қаяқлардан арнап келип, ол жердеги көркем өнер дүрданаларын тамашалап кетеди. Алты жыл алдын институттағы кәсиплесим ҳәм 2-3 шәкиртлерим менен барған едим. Ҳәзир де кеўил сол жаққа барғым келеди. Және бир барсам, сүўретлерди басқаша көзқарас пенен көрсем, деймен, бирақ имканиятым болмай атыр. Сениң орныңда болғанымда өз есабымнан тағы бир күн қалып болса да, Савицкий музейине барған болар едим. Және жолың түсип қалса, музейге, әлбетте, кир.
Игорь Савицкий атын еситкен болсам да, өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында жетерли мағлыўматқа ийе емес едим. Абдували ағаның маған "журналистсең, дөретиўшисең" деген сөзи тәсир етти ме, әйтеўир бул атама менен қызықсына басладым. Қашан болмасын Нөкиске барсам, музейге кириўди кеўлиме түйдим. Бирақ екинши мәрте де несип етпеди - музей оңлаў ушын жабылған екен.
Соң 2010-жылы жазылыў мәўсими бәнесинде және Қарақалпақстандағы қала ҳәм районларды араладым. Бул негизинде Нөкиске үшинши, бирақ Абдували Мўминовтың сөзи менен айтқанда, биринши барыўым болды. Себеби алдынғы еки барыўымда да музейге кирмеген едим. Музей босағасынан атлаўым менен Абдували ағаның баласына қоңыраў еттим. Бир-еки көркем өнер ықласбентлери маған өзгеше қарады. Билдим, бул жерде телефонда сөйлесиў әдепсизлик екен. Бир шетке шығып, қоңсыма музейде екенимди әсте даўыс пенен билдирип қойдым. Абдували аға толқып кетти, қуўанды. Келеси ҳәпте музейге дөретиўшилик сапар режелестирилгени ҳаққында толқынланып айтты.
"Қарақум ҳәм Қызылқум аралығындағы Лувр", "Саҳрадағы дүрдана" атлары менен дүньяға белгили музейдеги шығарма ҳәм экспонатлар менен танысыў ўақтында толқынланыў енди маған өтти. Игорь Савицкий не ушын дүняны өзиниң дөретиўшилик әлемине магниттей тартып келгениниң себеплерин ақылым жеткенинше түсингендей болдым.
Ол ҳаққында адамлар билиўи керек
Дөретиўши ҳаққында Өзбекстан миллий энциклопедиясында төмендеги мағлыўмат келтирилген: "Савицкий Игорь Витальевич (1915.4.8, Киев - 1984.27.7, Нөкис) - график художник, Өзбекстанда хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери (1964), Қарақалпақстан халық художниги (1974). Москва художниклер институтын питкерген (1946). Савицкийдиң дөретиўшилиги көркем сүўретлеў усылының батыллығы, бояў қатламының қопаллығы менен ажыралып турады; ақшыл реңлердиң үйлесимлилигин абзал көрген художниктиң дөретпелеринде түслик тәбияты, Қарақалпақстан көринислери өзиниң айқын көринисин тапқан.
"Ақ қала. Улыўма көринис" (1954); "Қарақумда", "Шымбай ақшамы", "Кегейли каналы" (1956); "Қайрағашлар" (1959) ҳәм басқа көркем шығармалары Өзбекстан көркем өнер музейи, Өзбекстан халықлары тарийхы музейи, Қарақалпақстан көркем өнер музейинде сақланады.
Художниктиң ҳәрекетлери нәтийжесинде шөлкемлестирилген Қарақалпақстан көркем өнер музейине Савицкий аты берилген. Бердақ атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик сыйлығының лауреаты (1983), "Буюк хизматлари учун" ордени менен сыйлықланған (2002)".
Бир неше жыл бурын Мариника Бабаназарованың "Игорь Савицкий: художник, коллекционер, музей тийкарын салыўшы" атлы китабы кең жәмийетшиликке усынылған еди. Онда репрессияға ушыраған ҳәм атылған художниклердиң мыңлаған шығармаларын Нөкистеги музей жертөлесинде жасырын сақлаған дөретиўшиниң өмири ҳәм жумысы ҳаққында сөз етилген.
Дерекке бола, тийкарынан ҳасылзадалардан болған Игорь Савицкий Екинши жер жүзилик урыстан алдын Өзбекстанға көшип келген ҳәм өзиниң коллекторлық жумысын қарақалпақ естеликлерин жыйнаўдан баслаған. Кейин Россия ҳәм Өзбекстанда совет үгит-нәсияты ҳәм совет реализмине туўры келмейтуғын авангард шығармаларды жыйнаўға кирискен. Совет ҳүкимети қара дизимге түскен дөретиўшилердиң көргизбелерин шөлкемлестирген. Өзи де репрессияға ушыраған адамлардың әўладына тийисли болған. Бабасы атылған, совет сыртқы ислер министрлигинде абырайлы лаўазымда ислеген дайысы да 1934-жылы репрессияға ушыраған.
Игорь Савицкий 1941-жылы Москва сүўретлеў өнери институтына оқыўға киреди. Сол жылы басланған урыс "ҳәмме нәрсе фронт ушын" деген дәўир шақырығын жүзеге келтирди. Бирақ денсаўлығындағы машқалалар себепли Игорь урысқа жиберилмеди. Ол оқып атырған институт 1942-1944-жыллары Самарқандқа көширилди. Бул үлкен қаладағы оқыў дәўиринде Савицкий елимиздиң өзине тән орталығын, өзгериўшең ҳәм тартымлы қуяшын, тәбияттың бийтәкирар реңлерин ойлап тапты. Өзи айтқанындай, әйне усы жерде ол ҳақыйқый художник сыпатында қәлиплести, қалаберди, Өзбекстанда жасаў тәризи Савицкийди Шығыстың сүйиклисине айландырды.
1944-жылы Москваға қайтқан художник оқыўын даўам еттиргенде, бәрқулла Самарқандқа талпынып жасады. Себеби ол Орайлық Азияның бийтәкирар, бай мәдений естеликлерине кеўил қойып үлгерген еди. 1950-жылдан ол Хорезм тарийх ҳәм этнография экспедициясы қурамында қатнаса баслады ҳәм бул Игордың өмиринде өзгерис жасады. Савицкий художник сыпатында археологлардың әййемги Хорезм шегараларынан тапқан буйымларын сызыў менен шуғылланған. Сийрек ушырасатуғын табылмаларда ол өтмиш сырлары жасырынып атырғанын түсинип, халық әмелий көркем өнери үлгилерин жыйнаў менен еркин шуғыллана баслады.
Дәслеп 1956-жылы Қарақалпақстан илимий-изертлеў институты комплексинде, кейин ала тарийхый үлкетаныў музейинде ислеп, художник сыпатында қарақалпақ халқының турмысын түрли реңлерде сүўретледи, әмелий көркем өнер дүрданаларын изертлеў, топлаў менен шуғылланды. Әне, усы шығармалар жайластырылатуғын көркем өнер музейин ашыў басламасы менен шықты. Усынысты Нөкистеги басшылар қанаатланыўшылық пенен қабыл етти.
Художник халық әмелий көркем өнери дүрданаларын жыйнаў ҳәм үйрениў ушын Кегейли, Шымбай, Қоңырат, Мойнақ, Тахтакөпир, Елликқала, Беруний, Төрткүл районларын, пүткил Қарақалпақ диярын, Хорезм ўәлаятын аралап шықты. Сапар даўамында топлаған дүрданаларын Ташкент, Москва қалаларындағы көргизбелерде көрсетип, қарақалпақ халқын дүньяға танытыў жолында пидәкерлик пенен хызмет етти.
- Савицкий өзи топлаған дәреклер ҳаққында 1965-жылы "Фан" баспасында "Қарақалпақ халық әмелий көркем өнери: ағаш оймакерлиги" атамасындағы китабын басып шығарып, бул бағдарда және бир жаңалыққа қол урды, - дейди белгили тарийхшы, үлкетаныўшы Умид Бекмуҳаммед. - Соннан кейин Қарақалпақстанда мәмлекетлик көркем өнер музейин ашыў ҳәрекети әмелий түс алып, оған дәслепки басшылық Игорь Савицкий мойнына түсти. 1966-жыл 5-февральда шөлкемлестирилген музейде қысқа мүддетте сезгир художник ҳәм көркем өнертаныўшы Савицкий басшылығында топланган экспонатлар саны 50 мыңнан асып кетти. Бул ҳаққында сырт ел баспасөзинде сол ўақытлары үлкен-үлкен мақалалар жәрияланды.
Савицкийдиң әййемги Хорезмге тийисли көркем өнер шығармаларын жыйнаў жумысы себепли көплеген дүрданалардың жоғалып кетиўиниң алды алынды ҳәм қарақалпақ халық әмелий және сүўретлеў өнери раўажланып, жоқары басқышқа шықты. Нөкистеги музейде авангард, поставангард жөнелислерине тийисли сийрек ушырасатуғын шығармалар топламы жыйналған болып, Москва, Киев сыяқлы үлкен қалаларда пол астына, қазнақларға жасырынған, оны салған художниклер қамақ, сүргинде азап шегип атырған ўақытта совет идеологиясы бийкар еткен елиў мыңнан аслам картинаның Савицкий тәрепинен Нөкиске алып келиниўиниң өзи мәртлик еди.
Әйне бир инсанның пидайылығы менен дүнья көркем өнер ықласбентлерин таң қалдырып атырған сийрек ушырасатуғын шығармалар сақланып қалып қоймастан, дүньяға белгили музейге тийкар салынды. Нөкис көркем өнер музейиниң әпсаналық тийкарын салыўшысы ҳаққында жүзлеген мақалалар жазылды, сансыз интервьюлер, ҳүжжетли фильмлер ҳәм телерепортажлар таярланды. Ол басшылық еткен музей дүнья көлеминде үлкен даңққа еристи.
Савицкийдиң сол дәўир ушын пүткиллей жаңаша музей жарата алған сийрек ушырасатуғын шахс болыўының себеби, ол стандарт қағыйдалар ҳәм қәлиплерди бир шетке шығарып таслады, рәсмий уйымлар усыныс еткен "киши Третьяковка" моделинен ўаз кешип, музейди өз түсинигине муўапық жаратты. Оның келешекти алдыннан көре алыў қәбилети, жаңа атамалар ҳәм бағдарларды таңлаўдағы мәртлиги, музей жумысының қәлиплескен қағыйдаларынан ўаз кешиўи - булардың ҳәммеси нәтийже берди. Савицкий Россия ҳәм Ташкенттеги көркем өнертаныўшыларға да белгисиз болған жүзлеген художниклерди таўып, олардың мийрасын сақлап қалды.
***
Абдували Муминов ҳәзир 80 жастан асқан. Усы мақаланы таярлаў процесинде оннан ҳал-жағдай сорамақшы болып, баласына және қоңыраў еттим.
- Абдували ағаның ден саўлығы жақсы ма?
- Аўа, рахмет, тәўир. Күш-ғайраты бурынғыдай болмаса да, умтылысы сол баяғыдай. Және Нөкиске барыўды режелестирип атырмыз. Бәҳәр айларында әке-бала барып қайтсак керек.
- Мүмкин мен де барарман.
- Мейли, бирге барсақ жақсы болар еди.
Несип...
Нодир МАҲМУДОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы