Жоқары мәртебели мийман 9-июнь күни Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Жамшид Хўжаев пенен биргеликте "Янги Ўзбекистон" паркине барып, Ғәрезсизлик монументине гүл қойды.
Комплекс пенен қысқаша танысыў даўамында Словакия делегациясының ўәкиллерине бул ансамблдиң мазмуны ҳәм архитектуралық шешимлери ҳаққында мағлыўмат берилди.
"Янги Ўзбекистон" бағы ҳәм Ғәрезсизлик монументи ғәрезсизлигимиздиң отыз жыллығына бағышлап қурылған. Үш мың жылдан аслам дәўир - ана Ўатанымыз аймағындағы миллий мәмлекетшилик тарийхының тамырлары соншелли терең. Монументке итибар қаратқан адам мине усы аўыр өтмиштиң көркем сүўретлениўине гүўа болады.
Жоқары мәртебели мийманлар, рәсмий сырт ел делегацияларының елимизге сапары шеңберинде бул жердеги монументке гүл қойыў дәстүрге айланған. Делегация ағзалары комплексте сәўлелендирилген уламалар, уллы сәркарда ҳәм жәҳәнгирлер, жадид бабаларымыздың тулғаларына айрықша итибар қаратты. Тынышлық, еркинлик, жақсылық тымсалы болған Ҳумо қусы сүўрети комплекстиң мисли гүлтажы сыяқлы көринетуғыны атап өтилди.
Сапар бағдарламасына муўапық, Ташкент қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер болып өтеди, Өзбекстан - Словакия көп қырлы бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланады.









