Онда халық арасында йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң алдын алыў системасын жетилистириўге қаратылған нызам жойбары екинши оқыўда статьяма-статья көрип шығылды.

Бул нызам жойбары менен Денсаўлықты сақлаў министрлигине ас дузын ҳәм азық-аўқат өнимлерин йодлаў ушын пайдаланылатуғын йод қурамындағы препаратларды, оларға қойылатуғын талапларды, ас дузын ҳәм азық-аўқат өнимлерин йодлаўға, йодланған дузды ислеп шығарыўға, тасыўға, сақлаўға ҳәм реализациялаўға қойылатуғын санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳәм гигиеналық нормативлерди белгилеў және оның қадағалаўын алып барыў ўәкилликлери белгиленбекте.

Депутатлардың атап өтиўинше, бул нызам жойбарының қабыл етилиўи халықтың саламатлығын қорғаў, йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң профилактикасына, өсип киятырған әўладтың интеллектуаллық потенциалын арттырыўға хызмет етеди.

Мәжилисте нызам жойбары депутатлар тәрепинен екинши оқыўда қабыл етилди.