Мәмлекетимиз басшысын Түркия Республикасы Президенти Режеп Тайип Эрдоған күтип алды.
Майданда жоқары мәртебели мийман ҳүрметине Ҳүрметли қараўыл сап тартты. Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Режеп Тайип Эрдоған минберге көтерилди. Әскерий оркестрдиң атқарыўында еки мәмлекет гимнлери жаңлады. Жетекшилер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.
Усы ўақытта мәмлекет басшыларының тар шеңбердеги сөйлесиўлери болып өтпекте. Тәреплер Өзбекстан - Түркия кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелерин додалайды.