Еки мәмлекет басшыларының избе-из ис-ҳәрекетлери себепли Өзбекстан менен Әзербайжан арасындағы бирге ислесиў стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық дәрежесине көтерилгени, барлық бағдарларда избе-из раўажланып атырғаны атап өтилди.

Ушырасыўда парламентлераралық сөйлесиў де избе-из раўажланып атырғаны атап өтилди. Парламентлик қадағалаў тараўында тәжирийбе алмасыў ҳәм аймақлық ўәкилликли уйымлар менен жедел сөйлесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланды.

Ушырасыўда еки тәреплеме саўда-экономикалық, инвестициялық, туризм, транспорт ҳәм аймақлараралық бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери де додаланды.