Сөйлесиўде Өзбекстан менен
Ҳиндстан арасындағы стратегиялық шерикликке тийкарланған еки тәреплеме
қатнасықлар барлық бағдарларда избе-из раўажланып атырғаны айрықша атап өтилди.
Тәреплер болажақ жоқары
дәрежедеги илажлар режеси, халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги бирге ислесиўди
буннан былай да беккемлеў мәселелери бойынша пикир алысты.