Юта штаты Сенатының президенти Стюарт Адамс пенен сөйлесиўлерде еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары, инвестицияларды тартыў ҳәм инновациялық жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Өзбекстан тәрепи Юта тәжирийбесин бир қатар тараўларда, соның ишинде, таў-кән санааты, сийрек ушырасатуғын металларды қазып алыў ҳәм қайта ислеў, электр транспорты ушын аккумулятор ҳәм ярымөткизгишлер ислеп шығарыўда биргеликтеги басламаларды енгизиўди усыныс етти.
Экология мәселелерине айрықша итибар қаратылды: тәреплер Ютаның илимий-методикалық тәжирийбесин Аралбойы машқалаларын шешиў ҳәм артемия жетистириў бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўда қолланыў имканиятын көрип шықты.
Сондай-ақ, сапар шеңберинде мәмлекет университетлериниң басшылары менен ушырасыўлар өткерилип, академиялық алмасыў бағдарламалары ҳәм биргеликтеги билимлендириў жойбарлары додаланды.
Сөйлесиўлер жуўмағында тәреплер Өзбекстан ҳәм Юта штаты арасында экономика, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларындағы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге таяр екенин билдирди.