Социаллық әдиллик. Ҳеш ким итибардан шетте қалмағанын аңлататуғын нәтийжели система

    Пикир 2 желтоқсан 2025 33

    Жаңа Өзбекстанда халықтың жәрдемге мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў ҳәм мүнәсип турмыс шараятын жаратыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан.

    Усы тийкарда социаллық қорғаў системасы түп-тийкарынан жаңаланып, бул бағдардағы жумыслар анық мақсетли ҳәм мәнзилли бағдарламалар тийкарында әмелге асырылмақта. Соның ишинде, Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри иске қосылғаны миллионлаған пуқаралардың мағлыўматларының санлы платформада топланыўында жәрдем берди. Мәмлекет тәрепинен көрсетилип атырған социаллық жәрдем ҳәм хызметлердиң нәтийжелилиги артып, артықша қағазпазлықлар сапластырылды. Коррупциялық жағдайлардың алды алынды. Система арқалы пуқаралардың мүтәжлигин реал ўақыт режиминде анықлаў ҳәм социаллық жәрдемниң әдил бөлистирилиўи тәмийинленди. Нәтийжеде социаллық напақалар, балалар ушын төлемлер, турақ жай субсидиялары ҳәм майыплығы болған шахсларға көрсетилип атырған жәрдем муғдары сезилерли дәрежеде артты.

    Усы жылдың 9 айында кем тәмийинленген 690 мыңнан аслам шаңараққа балалар напақасы ямаса материаллық жәрдем төлеп берилгени ҳәм ҳәзирги ўақытқа келип республикамыздағы шаңарақлардың 6,3 проценти усы реестрде дизимде турғаны пикиримизди тастыйықлайды.

    Усы жумыслардың нәтийжесинде социаллық қорғаў системасында пуқаралардың мийнет базарына реинтеграциясына үлкен итибар қаратылмақта. Бул процессте кәсипке оқытыў, жаңа жумыс орынларын ашыў ҳәм белсенди социаллық сиясат арқалы халықты жумыс пенен тәмийинлеў илажлары көрилмекте.

    Президентимиздиң усы жыл 8-майдағы "Өзгелердиң күтимине мүтәж шахсларға социаллық хызметлер көрсетиў көлемин кеңейтиў илажлары ҳаққында"ғы қарарына тийкарланып исбилерменлик субъектлери ҳәм Социаллық қорғаў миллий агентлиги қарамағындағы шөлкемлер тәрепинен 5 жаңа хызмет жолға қойылды. Атап айтқанда, "Жедел турмысқа қәдем" бағдарламасы шеңберинде өзгелердиң күтимине мүтәж шахслар үй шараятында ҳәм күндизги қатнаў тийкарында күтип турыў хызметлерине қамтып алынған. Усы жылдың 1-ноябрь жағдайына бола, 5929 пуқараға қараў хызметин көрсетиў жолға қойылды.

    Бәнтлик - социалласыўдың тийкарғы факторы. Солай екен, мийнет тек ғана дәрамат дереги емес, ал шахстың жәмийеттеги орнын белгилейтуғын әҳмийетли социаллық қурал есапланады. Жумыс пенен тәмийинлениўи мүтәж шаңарақлардың экономикалық турақлылығын беккемлеп, социаллық белсендилигин арттырады, перзентлердиң санасында мийнеттиң қәдир-қымбатын арттырады.

    Қалаберди, ҳәзирги глобал раўажланыў процесинде "инклюзивлик" түсиниги барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Ол жәмийеттиң барлық қатламын тең ҳуқықлы, мийнет ҳәм дәрамат дерегине ийе етиўди нәзерде тутады. Инклюзив бәнтлик сиясаты, бәринен бурын, майыплығы болған шахслар, ҳаял-қызлар, жаслар ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақларды мийнет процесине тартыўға қаратылған. Тосқынлықлар физикалық емес, ал жәмийеттиң мүнәсибети ҳәм қатнасында көринеди. Инклюзив жәмийет қурыў, көриў имканияты шекленген инсанлардың турмысы ушын теңдей шараят жаратыў - ҳәмме ушын улыўма ўазыйпа болып есапланады.

    Мысал ушын, көриў имканияты шекленген пуқаралар ушын тосқынлықсыз орталық жаратыў, билимлендириў, медициналық ҳәм социаллық реабилитациялаў менен тәмийинлеў жумыслары избе-изликке ийе. Бул категориядағы пуқаралар ушын инфраструктураны бейимлестириў, олардың турмыста толық қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде 300 ден аслам социаллық, халыққа хызмет көрсетиў ҳәм коммерциялық объектлерде тосқынлықсыз орталық жаратылды. Республикамыз бойынша көзи әззи ҳәм әззи көриўши 3100 ден аслам оқыўшының 17 арнаўлы мектепте билим алыўы тәмийинленди.

    Алдынғы тәртип бойынша наўқаслар майыплықты белгилеў мәселесинде тек ғана районлық орайлық поликлиникалар шыпакерлик-мәсләҳәт комиссияларына аўызша мүрәжат еткен болса, енди район (қала) лық "Инсан" социаллық хызметлер орайлары, социаллық хызметкерлер, my.gov.uz порталы ҳәм шаңарақлық шыпакерлер арқалы мүрәжат етиўи мүмкин.

    Майыплықты белгилеўден алдын ҳәмме ушын бирдей емлениў мүддети (4 айдан 6 айға шекем) бойынша талап бийкар етилип, кеселликтен келип шығып, индивидуал емлениў мүддети ҳәм минимал медициналық тексериў нормалары белгиленди. Қалаберди, сырттан (экспертизаға шақыртпастан) майыплық белгиленетуғын кеселликлер ҳәм олардың асқыныўлары дизими 48 ден 60 қа кеңейтилди.

    Инклюзив мийнет сиясаты тек ғана мәмлекетлик уйымлар емес, ал мәҳәлле системасы ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң қатнасыўын да талап етеди. Мәҳәллелерде халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын анықлап, олар ушын жасаў орнында жумыс орнын жаратыў, кәсип-өнерге оқытыў арқалы социалластырыўға бағдарлаў үлкен әҳмийетке ийе.

    Улыўма алғанда, халықты социаллық қорғаў, жәрдемге мүтәж шаңарақлардың бәнтлигин тәмийинлеў тек ғана экономикалық турақлылықты беккемлеў емес, ал жәмийетте социаллық әдиллик ҳәм аўызбиршиликти тәмийинлеўдиң әҳмийетли жолы. Инсан қәдири ҳәм әдиллик жолына қатаң қәдем таслар екенбиз, бул бағдарда мәмлекетлик уйымлар, жергиликли ҳәкимликлер, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм жеке меншик сектордың бирге ислесиўи унамлы нәтийже береди.

    Нарай СОАТОВА,

    Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң бас қәнигеси