Президентимиздиң басшылығында өткен жылы 13-декабрь күни социаллық қорғаў тараўындағы жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм 2025-жыл ушын тийкарғы ўазыйпаларды додалаўға бағышлап өткерилген видеоселектор мәжилисинде бул бағдардағы жумыслар талланып, әмелге асырылатуғын тийкарғы ўазыйпалар белгилеп берилген еди. Соған муўапық, жәҳән тәжирийбеси ҳәм турмыс талабын есапқа алған ҳалда бир қатар усыныслар ислеп шығылды. Усы жыл 28-январьда мәмлекетимиз басшысы социаллық жәрдемниң мәнзиллигин арттырыў, майыплығы болғанларды тәрбиялаўдың жаңа системасына байланыслы презентация менен танысты.
Халықты социаллық қорғаў, майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады. Кейинги жылларда бул бағдарда исленген жумыслардың нәтийжесинде социаллық қорғаў системасы жаңа басқышқа алып шығылып, бирден-бир орайласқан система сыпатында қәлиплестирилди. Район ҳәм қалаларда "Инсан" социаллық хызметлер орайлары, ҳәр бир мәҳәлледе социаллық хызметкерлердиң жумысы жолға қойылды.
Мәҳәлле дәрежесинде социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларға 100 ден аслам социаллық хызмет ҳәм жәрдемлер көрсетиў системасы жаратылды. Майыплығы болған шахсларға жәрдемлесиў, жәмийетке интеграциялаў, сапалы протез-ортопедия ҳәм реабилитация қураллары менен тәмийинлеў системасы жетилистирилди. Протез-ортопедия үскенелери ҳәм реабилитациялаўдың техникалық қуралларының түрлери 18 ден 30 ға шекем, қаплап берилетуғын қаржылардың муғдары орташа 10 есеге шекем арттырылды.
Ең әҳмийетлиси, мүтәжлерге зәрүр қуралларды электрон тәризде таңлап алыў имканияты жаратылды. Онда мүтәж шахслар ваучерден (мәмлекет тәрепинен қаплап берилетуғын қаржы) пайдаланған ҳалда электрон коммерция арқалы тийисли протез үскенеси ямаса реабилитация қуралын өз таңлаўына бола тиккелей өзи, нызамлы ўәкили ямаса социаллық хызметкерлердиң жәрдеминде сатып алыўы мүмкин.
Майыплығы болған балаларға айрықша меҳир-итибар көрсетиў ийгиликли ис. Усы мақсетте қәнигелескен 66 мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў шөлкемлеринде майыплықтың аўыр түрлери менен аўырған балалар ушын "ғамхорлық" топарлары шөлкемлестирилди. Бул топарларға 500 ден аслам бала бағдарланған. Бул ҳәрекетлердиң нәтийжесинде олардың ата-аналары ямаса орнын басатуғын шахсларға социаллық дем алыў ҳәм қандай да бир мийнет жумысы менен шуғылланыў имканияты жаратылды. "Ғамхорлық" топарлары ҳәр бир баланың дөретиўшилик қәбилетин раўажландырыў, тәрбиялаў ҳәм жәмийетке бейимлесиўинде шаңараққа жәрдем бермекте.
Енди бул бағдардағы жумыслар раўажландырылып, майыплығы болған 3-18 жастағылар ушын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында күндизги тәрбия хызметин жолға қойыў усыныс етилмекте. Оған балалар ата-аналар менен дүзилген социаллық шәртнама ҳәм Психологиялық, медициналық-педагогикалық комиссияның жуўмағы тийкарында қабыл етиледи. Усы жылдың ақырына шекем бул хызметлер менен аўыр майыплығы болған 2 мыңға шамалас баланы қамтып алыў режелестирилмекте. Бул олардың аналары ушын жумыс ислеў ҳәм билим алыў сыяқлы имканиятлар жаратып, шаңарақ абаданлығына хызмет етеди.
Сондай-ақ, "Балалар саламатлығы" мәлимлеме системасы иске қосылып, ҳәр бир балаға қойылған диагноз талқылап барылады. Оларға медициналық, реабилитация, билимлендириў, социаллық хызметлер комплексли көрсетиледи. Бундай мәкемелерге ҳәр бир бала ушын субсидия ҳәм сатып алыўлар ушын жеңиллетилген кредитлер ажыратылады. Ата-аналардың күндизги күтиў хызметинен пайдаланғаны ушын айына 3 миллион сумға шекемги төлеминен салық алынбайды.
Бурын басқалардың күтимине мүтәж шахсларды анықлаў, тән алыў ҳәм оларға хызметлерди белгилеў ушын 50 күнге шекем ўақыт, оннан аслам ҳүжжет жыйнаў, жергиликли ҳәкимлердиң қарары шығыўын күтиў талап етилетуғын еди. Ҳәзир бул система толық санластырылып, "Инсан" социаллық хызметлер орайы директорының қарары менен 5 жумыс күнинде басқалардың күтимине мүтәж шахс сыпатында тән алыў ҳәм индивидуал хызметлер режесин автоматикалық қәлиплестириў тәртиби енгизилди.
- Бул бағдарда районда усы жылы өткерилген хатлаўлар даўамында 71 шахс анықланып, реестрге киргизилди, - дейди Алмазар районы "Инсан" социаллық хызметлер орайының хызметкери Қобил Собиржанов. - Олардың арасында басқалардың күтимине мүтәж болғанларға социаллық ассистентлер бириктирилди. Бул категориядағы шахслардың жасаў шараятын жақсылаў, денсаўлығын қорғаў, физикалық ҳәм руўхый жәрдем бериў бағдарында жақыннан жәрдем берип келинбекте. Соның ишинде, 600 ден аслам шахсқа протез-ортопедия үскенелери ҳәм реабилитациялаўдың техникалық қураллары жеткерип берилди. Отыздан аслам бала "ғамхорлық" топарларына жайластырылды.
Ҳәзирги ўақытта бул бағдардағы жумысларды избе-из даўам еттириў, халықтың социаллық қорғалыўын және де күшейтиў нәзерде тутылған. 2025-жылға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарламада да бул бағдарда бир қатар ўазыйпалар өз көринисин тапқан.
Соның ишинде, майыплығы болғанларды қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў, олар ушын қолайлы орталық жаратыў нәзерде тутылған. Сондай-ақ, профессионал социаллық хызметлер көрсетиў системасы және де жетилистириледи. Бул бағдарда басқалардың ғамхорлығына мүтәж шахсларға медициналық-социаллық реабилитация жәрдемин кеңейтиў, институционаллық мәкемелер хызметлериниң альтернатив түрлерин мәҳәлле дәрежесинде шөлкемлестириў, мәмлекет тәрепинен кепилленген социаллық хызметлерди көрсетиўде исбилерменлик субъектлериниң қатнасыў имканиятларын кеңейтиў мәселелери нәзерде тутылған.
Баҳор ХИДИРОВА,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы