Халықтың жәрдемге мүтәж қатламлары ушын социаллық хызметлер қосымша қоллап-қуўатланады

    Социаллық турмыс 19 желтоқсан 2025 293

    Сенаттың жалпы мәжилисинде "Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызам қызғын додаланды.

    Додалаў даўамында сенаторлар мәмлекетимизде социаллық қорғаў тараўында, әсиресе, майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға қосымша имканиятлар жаратыў мақсетинде кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырғанын атап өтти.

    Атап айтқанда, кейинги ўақытта майыплығы болған балаларға көрсетилип атырған социаллық хызметлердиң көлеми кеңейип, социаллық жәрдемге мүтәж айырым халық категорияларының ҳуқықларының кепилликлери күшейтилмекте.

    Бул нызам менен майыплығы болған балалардың күндизги тәрбиясы хызметлеринен пайдаланыўшы ата-аналар тәрепинен ҳәр бир бала ушын айына 3 миллион сумға шекем төленетуғын төлемлер салық салынбайтуғын дәраматлар категориясына киргизилетуғыны белгиленбекте.

    Сондай-ақ, үш жастан он сегиз жасқа шекемги майыплығы болған балаларға мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында усындай хызметлерди көрсететуғын исбилерменлик субъектлери 2030-жыл 1-январьға шекем социаллық салықтан тысқары барлық түрдеги салықлардан азат етилиўи нәзерде тутылмақта.

    Жәмийетлик транспорттан бийпул пайдаланыў ҳуқықына ийе болған пуқаралар категориясы да кеңеймекте.

    Сенаторлар өзлериниң шығып сөйлеўлеринде қысым ҳәм зорлықтан жәбирленген, тийисли билим ҳәм көнликпеге ийе ҳаял-қызлардың жолламасы тийкарында мәмлекетлик шөлкемлерге жумысқа орналастырыў режелестирилип атырғанлығын атап өтти.

    Додалаў процесинде бул нызам майыплығы болған шахсларға социаллық хызметлер көрсетиў көлемин кеңейтиўге, халықтың социаллық жәрдемге мүтәж айырым категориялары ушын қосымша қолайлықлар жаратыўға, олардың жумысқа орналасыў ҳуқықларын кепиллеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

    Додалаў жуўмағында сенаторлар нызамды мақуллады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates