Сатыўшылар товарды жеткерип бериў мүддетинен кешигип кеткени ушын пеня төлеўи мүмкин

    22 қаңтар 2025 1070

    Нызам жойбары менен сатыўшы тутыныўшыға шәртнамада көрсетилген мүддетлерде товарды тапсырмаған жағдайда, миннетлемениң орынланбаған бөлегине пеня төлеўи нәзерде тутылмақта.

    Нызамшылық палатасының депутатлары тәрепинен "Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына қосымша киргизиў ҳаққында"ғы нызам жойбары биринши оқыўда қабыл етилди.

    Бул нызам жойбары менен сатыўшы тутыныўшыға шәртнамада көрсетилген мүддетлерде товарды тапсырмаған жағдайда, миннетлемениң орынланбаған бөлегине пеня төлеўи нәзерде тутылмақта.

    Онда пеняның улыўма суммасы жеткерип берилмеген товар баҳасының 100 процентинен артып кетпеўи, пеняны төлеў шәртнама миннетлемелерин бузған тәрепти товарларды жеткерип бериў мүддетлерин кешиктириў, толық жеткерип бермеў ақыбетинде жеткерилген зыянды қаплаўдан азат етпеўи белгиленбекте.

    Соның менен бирге, сатыўшы товарларды тутыныўшыға тапсырыўдың кешигиўи тутыныўшының айыбы менен жүз бергенин дәлиллесе, пеня төлеўден азат етилиўи нәзерде тутылмақта.

    Нызам жойбарының қабыл етилиўи халықтың нызамлы мәплерин тутыныўшы сыпатындағы ҳуқықларын қорғаў ҳәм алды-сатты шәртнамасына муўапық сатыўшы келисилген мүддетте ямаса мүддетлерде товарларды тутыныўшыға тапсырмаў сыяқлы жағдайлардың алдын алыўға хызмет етеди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates