Сапар етиў тек ғана сиясий ҳәм экономикалық емес, ал мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўдиң де жаңа басқышқа көтерилиўин аңлатады.
Өзбекстан ҳәм Франция арасындағы дослық қатнасықлар 2016-жылдан кейин және де раўажланып, жаңа басқышқа көтерилди. Атап айтқанда, 2018-жылы Президентимиздиң Францияға дәслепки рәсмий сапары нәтийжесинде ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық 10 әҳмийетли ҳүжжетке қол қойылған еди. Сондай-ақ, Франция сыртқы ислер министрлиги менен 2023-2024-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы және улыўма баҳасы 6 миллиард евродан аслам саўда, экономикалық ҳәм инвестициялық жойбарлар бойынша келисимге ерисилген еди.
Мәдений байланыслар Өзбекстан - Франция қатнасықларында әҳмийетли орын ийелейди. 2022-жылы Париждеги Лувр музейинде "Өзбекстан оазислери ғәзийнелери: кәрўан жоллары кесилиспесинде" атамасында көргизбе шөлкемлестирилди. Бул илаж Өзбекстанның бай мәдений мийрасын Франция жәмийетшилиги менен жақыннан таныстырыўға хызмет етти. Жергиликли халық ҳәм қәнигелер көргизбе экспонатларына үлкен қызығыўшылық билдирди. Улыўма, сырт елде өзбек халқының бай мәдений мийрасына, әййемги естеликлерине қызығыўшылық жүдә жоқары.
Буннан тысқары, еки мәмлекет арасындағы билимлендириў байланыслары да жедел раўажланбақта. Ҳәзир Өзбекстанда 200 мыңға шамалас оқыўшы ҳәм студентлер қызығыўшылық пенен француз тилин үйренбекте. Таллаўларға бола, мәмлекетимиздеги 700 ге шамалас мектеп ҳәм 13 университетте француз филологиясы бойынша билим бериледи.
Ташкентте жайласқан Alliance Française орайы өзбек жасларына француз тили ҳәм мәдениятын терең үйрениў имканиятын бермекте. Жоқары билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўдиң және бир әҳмийетли тәрепи Ташкентте Страсбург ҳәм Сорбонна университетлериниң филиалларының ашылыўында болып табылады. Бул филиаллар арқалы Өзбекстан жаслары Францияның жоқары сапалы билимлендириў системасынан тиккелей пайдаланыў имканиятына ийе болмақта.
Енди бул бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, парламентлераралық сөйлесиў ҳәм нызамшылық тараўында тәжирийбе алмасыўды күшейтиў үлкен әҳмийетке ийе. Сондай-ақ, Өзбекстанның мәдений ҳәм илимий мийрасын Францияда үгит-нәсиятлаў, туризм ҳәм билимлендириў байланысларын кеңейтиў арқалы еки мәмлекет халықлары арасындағы дослық ҳәм өз-ара түсинисиўди және де беккемлеўге итибар қаратылады.
Мәмлекетлик сапар даўамында еки мәмлекет жетекшилери қол қойған әҳмийетли ҳүжжетлер арасында Музыка, кино ҳәм театр тараўларында бирге ислесиў ҳаққында декларация және Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры менен Франция Мәденият министрлиги, Мәдений мийрас миллий институты ҳәм Орайлық Азия изертлеўлери институты арасындағы бирге ислесиў келисимлери де бар. Бул барлық бағдарлар қатарында халықларымыз арасында мәденият, көркем өнер тараўындағы бирге ислесиў келешекте және де жоқары басқышқа көтериледи, дегени.
Муножат ЙЎЛЧИЕВА,
Өзбекстан Қаҳарманы,
Өзбекстан халық артисти, сенатор