Бул ҳаққында 29-январь, пийшемби күни Reuters хабар берди.
Дания сыртқы ислер министрлигиниң атап өтиўинше, сөйлесиўден мақсет "Королликтиң қызыл сызықларын ҳүрмет еткен ҳалда Арктиканың қәўипсизлиги бойынша Америка тәшўишлерин қалай шешиўимиз мүмкинлигин додалаўға" урыныў болып есапланады.
Сөйлесиўлер НАТО тийкарын салыўшылары болған Дания ҳәм АҚШ арасындағы бир неше айлық кескинликтен кейин болып өтпекте.
Бир күн алдын АҚШ мәмлекетлик хаткери Марко Рубио АҚШ Гренландия бойынша мәсләҳәтлесиўлер өткерип атырғаны, бул мәселе бойынша Гренландия ҳәм Дания рәсмийлери менен техникалық дәрежеде ушырасыўлар өткерилетуғынын айтқан еди.
Еслетип өтемиз, 21-январь күни Америка жетекшиси Дональд Трамп Давоста болып өткен Жәҳән экономикалық форумында шығып сөйлеген сөзинде АҚШтың Гренландия үстинен қадағалаўға ерисиў нийети ҳаққында және бир мәрте айтқан еди.
Кейин ала Трамп Гренландия бойынша "рамкалы келисим" дүзилгенин мәлим етти. ҒХҚ мағлыўматларына бола, ҳүжжет аралда НАТО ҳәм АҚШ әскерлериниң болыўын күшейтиўди нәзерде тутады. Сондай-ақ, Вашингтонға пайдалы қазылмаларды қазып алыў ҳуқықлары да өткерилиўи мүмкин, деп жазбақта korrespondent.net.