Тек ғана бир ай ишинде IT Parkке 70 жаңа сырт ел компаниясы қосылды, олардан 55 и ҳәзирги ўақытта дүнья жүзи бойлап санлы хызметлерди экспорт етпекте. Солай етип, халықаралық резидентлердиң улыўма саны 900 ден асты.
Бул - IT Park шөлкемлестирилгенинен берли ең жоқары бир айлық нәтийже ҳәм Өзбекстан регионда IТ -аутсорсинг ушын ең перспективалы бағдарлардан бирине айланып атырғанының айқын тастыйығы.
Өткен жылы сырт елли қатнасыўшылардың саны 2 еседен аслам, экспортёрлардың саны болса 2,04 есеге көбейгени дүнья IТ-компанияларының Өзбекстанға стратегиялық технологиялық орай сыпатында қызығыўшылығы жедел артып атырғанын көрсетпекте.
Жаңа резидентлер 26 мәмлекет, соның ишинде, АҚШ, Канада, Уллы Британия, Германия, Франция, Саудия Арабстаны, БАӘ, Ҳиндстан, Қытай ҳәм Қубла Корея ўәкиллеринен ибарат.
Бул компаниялар 2026-жылдың ақырына шекем 1000 нан аслам жоқары маманлықтағы IТ жумыс орынларын жаратып, мәмлекеттиң санлы экономикасын раўажландырыўға салмақлы үлес қосыўды режелестирген.
Өзбекстанның IТ тараўында жетекши шериги болып қалып атырған Қурама Штатлардың роли айрықша итибарға ылайық. Октябрь айында мәмлекетте АҚШтың бир қатар технологиялық компаниялары өз филиалларын ашқаны санлы экономика тараўындағы еки тәреплеме бирге ислесиўди және де беккемледи.
Бүгинги күнде АҚШ Өзбекстаннан IТ-хызметлер экспортының ең ири бағдары болып есапланады: 800 жедел экспортёрлардан 448 компания АҚШқа санлы хызметлерди жеткерип бермекте. IТ-экспорттың улыўма көлеминиң 45 проценти усы мәмлекетке туўра келеди, бул оның Өзбекстанның технология ҳәм инновациялар тараўындағы тийкарғы стратегиялық шериги статусын тастыйықлайды.
Өзбекстан глобал IТ-компаниялар исеним менен раўажланыўы, жергиликли IТ-қәнигелер болса глобал дәрежеге шығыўы мүмкин болған келешекти қурыўда даўам етпекте.


