Себеби, олар жәмийеттиң раўажланыўын ҳәрекетлендириўши тийкарғы күш болып есапланады. Келешегимиз ийелериниң арзыў-нийетлери, қәбилети ҳәм потенциалын жүзеге шығарыў мәмлекетимиз сиясатының ең әҳмийетли ҳәм тийкарғы бағдары болып, бул жолда үлкен жумыслар исленип атырғанына гүўамыз. Атап айтқанда, оларды илимий-изертлеў ҳәм инновациялық жумысқа кеңнен тартыў, қәбилетли, инталы жаслардың өзиниң интеллектуаллық потенциалын көрсетиўи ушын шараятлар жаратыўға, стартап жойбарларды раўажландырыў ҳәм әмелге асырыўға үлкен итибар қаратылмақта. Қәбилетли жасларды жетилистирип шығарыўда аймақлардағы Жаслар технопарклери үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Нөкис жаслар технопарки 2022-жылы шөлкемлестирилген. Арадан қысқа ўақыт өткенине қарамастан, 3,5 мыңнан аслам жасты қамтып алған. Лабораторияда илимий излениўлер алып барылып, жаңа зат жаратылады ямаса қандай да бир өним тексериўлерден өткериледи, қурамы үйрениледи. Мақалада биз сизге таныстырмақшы болған бул технопаркти стартаплар лабораториясы, деп атаў мүмкин. Себеби, 2023-жылдың өзинде технопарк ағзалары тәрепинен қәлиплестирилген 18 жойбар мәмлекетлик грантларды жеңип алып, әмелиятқа енгизилген, 13 жойбардың прототипи жаратылған. Хош, бул табыслардың сыры неде?

Технопаркте жәми 13 хызметкер жумыс алып барады. Заманагөй компьютер топламлары, бийпул интернет, 3D принтер, ардуино ҳәм лего қурылмалары, сондай-ақ, өз жойбарлары үстинде ислеў ушын коворкин аймағы бар. Қәбилетли, инновация тараўына қызығыўшылар халықаралық ҳәм ишки грантларға бағдарлап барылады, жойбарлардың прототиплерин ислеп шығыўда әмелий жәрдем көрсетиледи.

Соның менен бирге, мәлимлеме технологиялары ҳәм басқа да тараўларда билим бериў ушын бир қатар курслар да шөлкемлестирилген. Бул курсларда усы күнге шекем жәми 734 оқыўшы ҳәр қыйлы бағдарларда билим алған болса, соннан 67 си технопарк гранты тийкарында оқытылған.

"ИnnoХ" бизнес инкубаторы деген не?

- 2022-жылы Жаслар технопаркинде "ИnnoХ" бизнес инкубаторы бағдарламасы шөлкемлестирилген еди, - дейди технопарк директоры, инноватор Рустамжон Мадраимов. - Бул оқыў курсларында улыўма 43 жигит-қыз қатнасты ҳәм бағдарлама даўамында жойбарларын қәлиплестириўде әмелий жәрдем алды. “Start4region”, "Мирзо Улуғбек ворислари" ҳәм басқа да бир қатар халықаралық ҳәм ишки грантларға бағдарланды. 2024-жылы бизнес инкубатор бағдарламасын перспективалы жойбарға ийе жәми 80 ге шамалас жас табыслы тамамлады. Оған бола, медицина бағдарында исбилерменлик пенен шуғылланып киятырған 3 жас исбилермен жойбарларын нәтийжели даўам еттириў мақсетинде улыўма баҳасы 150 мың АҚШ доллары муғдарында халықаралық грантларды қолға киргизди. Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген "Болажақ илимпаз" таңлаўында 10 қәбилетли жас өз илимий ҳәм инновациялық жойбарларының үлги нусқаларын ислеп шығарыў мақсетинде грантларға ийе болды.

Технопаркте қандай жойбарлар ислеп шығылып атырғанын билиў мақсетинде инноваторларды сәўбетке тарттық.

"Президентимизге жойбарымды таныстырдым"

- Негизги кәсибим эколог, - деп сөз баслады технопарк ағзасы, Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими ҳайўанатлар экологиясы лабораториясының 2-басқыш докторанты Севара Рустамова. - Бирақ жети жыл даўамында газ қурамы ҳәм сапасын үйрениўши қәниге сыпатында иследим. Дем алыс күнлери тәбият қойнына шығып, өсимликлерди үйрениўден ҳеш жалықпайтуғын едим. Районымыздағы суў сақлағышқа жумыс пенен барғанымда суў бойындағы жасыллық итибарымды тартқан. Университеттеги сабақларда фильтрлер ҳаққындағы темалар көбирек қызықтырған. Ботаника бағына экскурсия шөлкемлестирилгенде нилуфар гүлге уқсас гүл итибарымды тартқан...

Қулласы, эколог болғаным ушын жасыл гөззаллықтан да бир бөлегин өзим менен алып кеттим. Ол үйимде соншелли көбейип, жайнап кетти, өзим де ҳайран қалып, оның қандай өсимлик екени менен қызыға басладым. Тәжирийбели, тараўда узақ жыллар даўамында жумыс ислеген қәниге ҳаялға алып бардым. Ол болса қуўанышынан көзлери жайнап, "Қарақалпақстанда көп жыллардан берли буны излеймиз, таба алмаймыз. Балық ҳәм қусларға төгин, пайдалы азық бул", деп жуўап берди.

Мени докторантураға оқыўға шақырды. Усы тәризде "Қарақалпақстан Республикасы шараятында жоқары ҳәм төменги суў өсимликлерин көбейтиў ҳәм оларды аўыл хожалығында қолланыў" жойбары дүньяға келди.

2023-жыл 30-март күни Қарақалпақстанға сапары даўамында Президентимизге өз жумысымды таныстырдым. Нәтийжеде бул жойбарды әмелге асырыў ушын 1 миллиард 719 миллион сум ажыратылды. Жойбар шеңберинде 4 турақлы, 8 мәўсимлик жумыс орны жаратылды. Оның тийкарғы ўазыйпасы патасланған ақаба суўды, аўыл хожалығында шорланған жерди тазалаўда ҳәм дийқаншылықта органикалық төгин сыпатында пайдаланыў болып есапланады.

Суўды фильтрлеўши өсимлик

Бүгин суў бассейнлеринде турақлы турмысты тәмийинлеў, суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, суў сақлағышлардың экологиялық жағдайын жақсылаў, ҳәр түрлилигин сақлаў ҳәм көбейтиў дүнья көлеминде үлкен әҳмийетке ийе. Суў өсимликлерин ҳәр тәреплеме үйрениў олардан халық хожалығының ҳәр қыйлы тараўларында пайдаланыў ушын кең имканиятларды ашты. Олардың тийисли субстратларда раўажланыў дәрежесин билиў, түрли экологиялық шараятларда метаболизмниң өзине тән өзгешеликлерин анықлаў ҳәм жетистириўде экологиялық машқалаларды шешиў әҳмийетли. Хлорелла (Chlorella vulgaris), пистия (Pistia stratiotes L), бақатон (ряска, Lemna minor L) сыяқлы суў отлары ҳәм олардың биофильтр сыпатындағы нәтийжелилиги биологиялық ақаба суўды тазалаў технологиясын жетилистириў ушын тийкар болып хызмет етеди. Усы жойбар шеңберинде аўыл хожалығы кәрханалары ҳәм қала коммуналлық объектлеринен ақаба суўлардың химиялық ҳәм бактериологиялық қурамын анықлаў, ақаба суўды тазалаў бойынша биологиялық усыныслар ислеп шығылмақта.

Әпиўайы тил менен айтқанда, суўды фильтрлейтуғын суў отлары көбейтилип, сатыўға шығарылады. Оны балықшылық пенен шуғылланыўшылар балық жетистирилетуғын суў бассейнлерине таслайды. Тазалған суў бассейнлеринде жетистирилген балықлар пайдаланыўға жарамлы, деп табылғаны үлкен жетискенлик болып есапланады. Қалаберди, суў оты тазалап берген суўды аўыл хожалығында да нәтийжели қолланыў мүмкин.

“FabLab”, қылышпазлық ушын арнаўлы бағдарлама ҳәм "Экокассета"

Технопарк стартаплары ишинде және үш жойбар итибарымызды тартты. Атап айтқанда, 2024-жылы технопарк ағзасы Индира Жумабаева "Интерактив көриў айнасын ислеп шығыў" жойбары менен "Болажақ илимпаз" таңлаўында жеңимпазлықты қолға киргизип, “FabLab” өндирис майданында жойбардың үлги нусқасын ислеп шығыўға ерискен. Бул жойбар кийим сатыўға мөлшерленген дүканларға орнатылып, қарыйдарларға кийимди виртуал реаллық тийкарында кийип көрсетиў арқалы кийим қарыйдарда қалай турыўы ҳәм таңлаған кийими менен басқа қосымша түсиўи мүмкин болған кийимлерди де усыныс етиўге жәрдем береди. Буннан тысқары, саўда көлемин арттырыўда қолайлы болады.

Нафиса Оразбаева тәрепинен физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахслар ушын мөлшерленген спорт түрлери бойынша кадрлар потенциалын және де арттырыў, жоқары маманлықтағы, терең кәсиплик билимлерге ҳәм әдеп-икрамлылық пазыйлетлерге ийе маман тренерлерди таярлаў, қайта таярлаў мақсетинде VR көзәйнеклер арқалы қылышласыў спорт түрин үйрететуғын арнаўлы бағдарлама ислеп шығылып, ҳәзирги күнде сынақ түринде пайдаланылмақта.

Технопарктиң және бир белсенди ағзаларынан бири Айгул Мыңбаева болса өсимликлердиң раўажланыўы ушын қолайлы шараят жаратыў ҳәм олардың тамыр системасына зыян жеткермей жерге көширип өткериў имканиятын беретуғын "Экокассета" инновациялық жойбары менен "Болажақ илимпаз" таңлаўында жеңимпазлықты қолға киргизген. Жойбардың дәслепки үлгиси Нөкис жаслар технопарки “FabLab” өндирис зонасында ислеп шығарылып, сынақтан өткерилди. Экокассеталар арқалы нәллердиң набыт болыўы дерлик жоқ етиледи, өсимликлердиң жақсы өсиўи тәмийинленеди ҳәм ерте ҳәм жоқары өним алынады.

Қуяш энергиясы менен байланыслы инновациялар раўажландырылады

Технопарк жумысы даўамында бир қанша жасларға жәрдем көрсетип киятырғанын табыслы жойбарлар мысалында көрдик. Келеси жылларда да имканиятларын және де кеңейтип, билимге қуштар, қәбилетли жаслардың раўажланыўы ҳәм өз үстинде ислеўинде әмелий жәрдем берип баратуғыны сөзсиз. Жуўапкерлердиң айтыўынша, 2025-жылдың ақырына шекем технопарк ағзалары тәрепинен 100 инновациялық жойбарды қәлиплестириў ҳәм өндирис зонасында қәлиплестирилген жойбарлар прототиплерин ислеп шығыўда әмелий жәрдем бериў режелестирилген.

Ҳәзирги күнде қайта тиклениўши энергияға талап жоқарылығын есапқа алған ҳалда, қуяш энергиясы жәрдеминде ҳәрекетленетуғын аўыл хожалығы техника қуралларын ислеп шығыўды жолға қойыў режелестирилген. Яғный қуяш энергиясы менен байланыслы инновацияларға итибар күшейтиледи.

Соҳиба МУЛЛАЕВА,

журналист