Усы жойбар шеңберинде Қоңырат районындағы 47-санлы улыўма билим бериў мектебинде спорттың стол тенниси түри бойынша жарыс өткерилди.
Жарыс тәжирийбели тренер Ислам Абдуллаевтың басшылығында шөлкемлестирилип, онда 2012-2013-жыллар аралығында туўылған мектеп оқыўшылары белсене қатнасты.
Жарыстың тийкарғы мақсети оқыўшылардың физикалық таярлығын арттырыў, олардың спортқа болған қызығыўшылығын күшейтиў ҳәм қәбилетли жасларды анықлап, кейин ала оларды профессионал спорт жарысларына таярлаўдан ибарат.
Жарыс даўамында оқыўшылар өзлериниң қәбилетлерин көрсетиўге ҳәрекет етти.
Жеңимпазлар жарыстың келеси басқышына жоллама алды.
Адхам Азатбаев,
ҚМУ Журналистика тәлим бағдары 2-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.