Жаңа редакциядағы Конституциямыздың 28-статьясында жынаят суд ислерин жүргизиў тараўында шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўдың кепилликлерин буннан былай да күшейтиўге қаратылған жаңа конституциялық тийкарлар белгиленди, - деди депутат Даврон Арипов. - Бул болса, өз гезегинде, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, сондай-ақ, нызамлы мәплерин сәўлелендиретуғын нормаларды басқа нызам ҳүжжетлеринде де сәўлелендириўди талап етпекте. Усы мақсетте нызам жойбары менен Жынаят-процессуал кодекс және "Судлар ҳаққында"ғы нызамға бир қатар өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Атап айтқанда, жынаят ислеўде айыпланып атырған шахс оның айыбы нызамда нәзерде тутылған тәртипте ашық-айдын суд додалаўы жолы менен дәлилленген ҳәм судтың нызамлы күшке кирген ҳүкими менен анықланбағанша айыпсыз деп есапланатуғыны белгиленбекте. Гүман етилиўге, айыпланыўшыға ҳәм судланыўшыға өзин қорғаў ушын барлық имканиятлар тәмийинленеди. Айыпқа байланыслы барлық гүманлар, егер оларды сапластырыў имканиятлары тамам болған болса, гүманланыўшының, айыпланыўшының, судланыўшының яки судланыўшының пайдасына шешилиўи керек, гүманланыўшы, айыпланыўшы яки судланыўшы өзиниң айыпсызлығын дәлиллеў шәрт емес ҳәм қәлеген ўақытта үндемеў ҳуқықынан пайдаланыўы мүмкин екенлиги өз көринисин таппақта.

Буннан тысқары, ҳеш ким өзине ҳәм жақын туўысқанларына қарсы гүўалық бериўге мәжбүр болмаўы, егер шахстың өз айыбын тән алғанлығы оған қарсы бирден-бир дәлил болса, ол айыплы деп табылыўы ямаса жазаға тартылыўы мүмкин емеслиги нәзерде тутылмақта. Шахстың судланғанлығы ҳәм буннан келип шығатуғын ҳуқықый ақыбетлер оның туўысқанларының ҳуқықларын шеклеў ушын тийкар бола алмайтуғынын нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Додалаўлар даўамында депутатлар айырым нормалар бойынша анықластырыўшы сораўларды ортаға қойды ҳәм жуўапкерлерден тийисли жуўаплар алды. Бул нызам жойбарының қабыл етилиўи жаңа редакциядағы Конституциямыздың сөзсиз ҳәм толық әмелге асырылыўына, пуқаралардың суд арқалы қорғалыў ҳуқықының кепилликлерин тәмийинлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди. Нызам жойбары екинши оқыўда қабыл етилди.