Соңғы жыллары дийқанларымызды да суў тамтарыслығы менен байланыслы жағдайлар көп тәшўишке салмақта. Усыларды есапқа алып, елимизде суў ресурсларынан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў, суўғарылатуғын жердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаўға айрықша итибар қаратылған. Суўғарылатуғын дийқаншылық етилетуғын барлық егислик майданларын суўды үнемлейтуғын технологияларға толық өткериў, оларды енгизген фермер ҳәм дийқанлар ушын хошаметлеў механизмлерин және де көбейтиў илажларының көрилиўи реформалардың тийкарғы бағдары болып есапланады.

- Кейинги ўақытлары ықлым өзгерип, музлықлар ерип, дәрьялардың суўы азайып атырғаны себепли көплеген мәмлекетлерде турмыслық суўдың жетиспеўшилиги бақланбақта. Ықлымы қурғақ аймақта жайласқан Орайлық Азияда, әсиресе, Өзбекстанда бул анық сезилмекте. Суўдан ақылға уғрас пайдаланыў регион ушын ең әҳмийетли мәселелерден бири. Президентимиздиң 2024-жыл 5-январьдағы қарарына тийкарланып, Қарақалпақстан суў хожалығы тараўында, атап айтқанда, төменги системада суўды басқарыў ҳәм есабын жүргизиў бағдарында бир қатар реформалар әмелге асырылмақта, - дейди Қарақалпақстан Республикасы суў хожалығы министри Бахтиёр Юсупов. - Қарарда суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, халықтың суўдан пайдаланыў мәдениятын арттырыў мәселесине итибар қаратылған. Сонлықтан, барлық районларда "Суў жеткерип бериў хызмети" мәмлекетлик мәкемелериниң жумысы шөлкемлестирилген. Үйрениўлердиң нәтийжелерине бола, районларда 3771 километр хожалықлараралық ҳәм 14 мың 240 километр ишки суўғарыў тармақлары бар. Бүгинги күнде олардағы қурылмаларды ийелери кесиминде классификациялаў ҳәм идентификациялаў жумыслары әмелге асырылмақта.

Быйылғы мәўсимде 397 мың гектар егислик жер суўғарылыўы режелестирилген болып, оның ушын жәми 4 миллиард 230 миллион куб метр суў алыў лимити ажыратылған.

Бүгинги күнде тийкарғы дәрек болған Түйемойын суў сақлағышының резерви 3 миллиард 166 миллион куб метрди қурайды. Оннан секундына 851 куб метр, соннан Әмиўдәрьяға 620 куб метр суў шығарылмақта. Тақыятас гидроузелине 260 куб метр суў жетип келип атыр.

Алып атырған суў муғдары менен бир күнде орташа 7 259 гектар майдандағы аўыл хожалығы егинлери суўғарылмақта.

- Усы жылы да суў тәмийнаты аўыр 49 аймақ анықланған. Олардағы 118 аўылдың жәми 37 мың 191 гектар, соның ишинде, 31 мың 798 гектар фермер хожалығы жерлери ҳәм 5 мың 393 гектар халықтың қыйтақ жерлерине суў жеткерип берилди. Өткен жылы онлаған объектлер автоматластырылып, министрлик серверине интеграцияланған, - дейди Бахтиёр Юсупов. - Тараўды санластырыў шеңберинде усы жылы Ҳалимбек насос станциясында 3 насос агрегатына онлайн есаплаў қурылмалары орнатылып, жуўмақлаўшы сынақ нәтийжелери бойынша министрликтиң серверине жалғанады.

Бүгинги күнде Өзбекстан суў хожалығы системасындағы ири насос станцияларында электр энергиясын үнемлеў, оны нәтийжели пайдаланыў ҳәм "жасыл" энергия дәреклерин енгизиўге айрықша итибар қаратылған. Суў шығарыўда үлкен көлемдеги электр энергиясының жумсалыўы тармақтағы қәрежетлерди арттырады ҳәм экологиялық жүкти күшейтеди. Сол себепли, бар насос станцияларын модернизациялаў ҳәм оларды қуяш және басқа да альтернатив энергия дәреклерине өткериў арқалы энергияны үнемлеўди арттырыў ҳәм турақлы раўажланыўға ерисиў мақсет етилген.

Президентимиздиң басшылығында 2024-жыл 7-ноябрь күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде 2025-жылдан жаңа система - суў ҳәм электр энергиясын үнемлеў бойынша айрықша жумыс тәртибин енгизиў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп, 2025-жыл суў хожалығында "Насослар нәтийжелилигин арттырыў жылы" деп белгилеп берилген еди. Усы ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда Суў хожалығы министрлиги системасындағы, кластер, фермер хожалықлары есабындағы насос агрегатларын энергия үнемлейтуғынларына алмастырыў ҳәм насос агрегатларына қуяш панеллерин орнатыў бойынша бир қатар жумыслар исленбекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2025-жыл 7-февральдағы арнаўлы қарарына тийкар ажыратылған 1,5 миллиард сум есабынан тозыўы жеткен 5 насос агрегаты орнына Елликқала, Кегейли, Қараөзек, Қанлыкөл ҳәм Нөкис районларының ҳәр биринде 2 еўден жаңасын қурыў ҳәм оларды қуяш панели арқалы электр менен тәмийинлеў белгиленген еди. Бүгинги күнге келип бул тозыўы жеткен насослар жаңаланып, жәми қуўатлылығы 200 кВт болған қуяш панеллери орнатылған. Сондай-ақ, кластер, фермер ҳәм дийқан хожалықлары тәрепинен 975 тозыўы жеткен насостың 958 и энергия үнемлейтуғынларына алмастырылды. Пахта ҳәм ғәлле жетистириўши 713 кластер ҳәм фермер хожалығының 886 насосының мүтәжликлери ушын қуяш панеллерин орнатыў бойынша "Агробанк" АКБ менен биргеликте жеңиллетилген кредитлер ажыратыў даўам еттирилмекте.

Президентимиздиң 2024-жыл 24-декабрьдеги қарарына тийкарланып, Қарақалпақстанда 68 миллиард 230 миллион сум жумсалып, 39,8 километр хожалықлараралық каналды бетонлаў ҳәм реконструкциялаў режелестирилген.

Усы жылдың 6 айында хожалықлараралық каналлардың 15,56 километри, "Суў жеткерип бериў" мәмлекетлик мәкемеси есабындағы каналлардың 59,48 километри бетонланды.

Сондай-ақ, 2025-жылдың 6 айы даўамында эксплуатация қаржылары есабынан 315,3 километр хожалықлараралық каналларды тазалаў, 193 гидротехникалық объектти, 103 гидропостты оңлаў жумыслары орынланған. Кластер ҳәм фермер хожалықларының 2264 километр ишки суўғарыў тармағы, соның ишинде, 1151,6 километр бөлеги механизм жәрдеминде, 1113,1 километри қол күши жәрдеминде тазаланған. 801 гидротехникалық қурылма, 621 суў өлшеў посты оңланып, 890 фермер хожалығының суў алыў қулағы үскенеленген.

Кейинги ўақытлары суў көлеми жылдан-жылға азайып баратырғаны бар ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде суўды үнемлейтуғын технологияларды кеңнен қолланыўды талап етпекте. Усы жылы жәми 74 мың 890 гектар майданда суўды үнемлейтуғын технологиялар, соның ишинде, 3900 гектарда тамшылатып, 1900 гектарда жаўынлатып, 600 гектарда дискрет суўғарыў технологияларын енгизиў, 6090 гектарда ийилиўшең қубыр ҳәм 400 гектарда салмаға плёнка төсеп суўғарыў және 62 мың гектар майданды лазер үскенеси жәрдеминде тегислеў бойынша мәнзилли бағдарламалар ислеп шығылған. Бул илажлар нәтийжесинде усы жылы 356 миллион куб метр суўдың үнемлениўи күтилмекте.

- Халықтың қыйтақ жерлерине суў жеткериў мәселеси бәрқулла тийкарғы ўазыйпаларымыздан бири болып келген. Мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 23-сентябрьдеги тийисли қарары менен "Кәмбағаллықтан абаданлыққа" бағдарламасы қабыл етилди ҳәм бул бағдардағы жумыслар бойынша анық илажлар белгиленди. Бағдарлама шеңберинде пуқаралар жыйынларында халықтың қыйтақ жерлерин кепилликли суў менен тәмийинлеўге қаратылған 89 жойбар тийкарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Нөкис қаласы ҳәм районларда бир неше объектте қурылыс жумыслары жуўмақланып, халықтың қыйтақ жерлериниң суў тәмийнатының жақсыланыўына ерисилди ҳәм бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте, - дейди Бахтиёр Юсупов.

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы