Елимизде қоршаған орталықты қорғаўға байланыслы анық ҳәм исенимли басламалар алға қойылған. Атап айтқанда, ири санаат кәрханаларында ҳаўаға шығарылатуғын зыянлы элементлерди азайтыў ушын фильтр ҳәм заманагөй тазалаў қурылмалары және мониторинг станцияларын орнатыў мақсетинде 100 миллион долларлық кредит линиясының ашылатуғыны жәрияланды. Бул баслама, әлбетте, экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў жолындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады.
Мүрәжатта Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятындағы ыссыхана хожалықларының жумысына айрықша итибар қаратылды. Бул аймақларда көмир ҳәм газде ислейтуғын дерлик 2 мың ыссыхана бар екенлиги атап өтилди. Фильтрсиз, көмир жағылатуғын қазанханалардан басқышпа-басқыш ўаз кешиў режелестирилген. Бундай объектлер пайтахт сыртына көшириледи, ыссылық тәмийнаты болса орайласқан қазанханалар арқалы шөлкемлестириледи. Усы мақсетте кеминде 200 гектар майданға ийе агрокластерлер дүзиледи. Олардың қурамына өтпекши болған ыссыханаларға өз алдына субсидия ажыратылады.
Ҳүжжетте, сондай-ақ, экологиялық таза транспорт жумысын раўажландырыў мәселесине де айрықша итибар қаратылған. Соның ишинде, автотранспорт қураллары ушын экологиялық стикерлер бериў системасының енгизилетуғыны мәлим етилди. Бул бийкарға емес, әлбетте. Себеби, ири қалалар, атап айтқанда, Ташкенттеги тығылыслар ўатанласларымыздың жол-транспорт пенен байланыслы күнделикли турмысын қыйынластырыў менен бирге экологияға да үлкен зыян жеткермекте. Енди халықаралық тәжирийбеден келип шығып, автомобиллер зыянлы шығындылар дәрежеси бойынша классификацияланады ҳәм соған сәйкес экологиялық стикерлер бериледи. Қоршаған орталыққа жоқары зыян келтиретуғын транспорт қуралларының пайтахт, ўәлаят орайлары ҳәм қалаларға кириўи шекленеди.
Бул процессте автомобиллердиң ийелерине аўырлық түспейди, яғный оларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажлары нәзерде тутылған. Мәселен, ески транспорт қуралын жаңасына алмастырыўда автокредит процент ставкасының бир бөлеги компенсацияланады. Соның менен бирге, шығындылар көлемин азайтыў ушын фильтр орнатыўға таяр болған айдаўшыларға қәрежеттиң бир бөлегин қаплаў ушын субсидия ажыратылыўы нәзерде тутылмақта.
Мүрәжатта Ташкент ҳәм ири қалаларда жәмийетлик транспортты раўажландырыў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленди. Автобус ҳәм таксилер ушын ажыратылған арнаўлы жоллар тармағы кеңейтиледи. Ташкент, Самарқанд ҳәм Наманган қалаларында болса интеллектуал светофорлар тийкарындағы ҳәрекетти басқарыў системасы енгизиледи.
Электромобиллерден пайдаланыўды хошаметлеўге де айрықша итибар қаратылады. Жақын жылларда экологиялық таза транспорт қуралларының санын арттырыўға қаратылған бес жыллық бағдарлама әмелге асырылады. Оның шеңберинде жергиликли электромобиллер ушын автокредит 12 процент, импорт электромобиллер ушын болса 16 процент ставкада бериледи. Қуўатлаў станцияларын орнатып атырған исбилерменлерге 10 процентлик жеңиллетилген кредитлер бериледи. Сондай-ақ, жер участкаларын аукционларда базар баҳасынан еки есе арзан сатып алыў имканияты жаратылады. Электромобиллерди қуўатлаўда 1 киловатт саат ушын 300 сумнан асқан электр энергиясы қәрежетиниң бир бөлеги мәмлекетлик бюджет есабынан қапланады. Электромобиллерде такси хызметин көрсетип атырған пуқаралар ушын да қосымша жеңилликлер белгиленген.
Кейинги жыллары мәмлекетимизде жасыл аймақларды кеңейтиў бойынша системалы илажлар көрилмекте. Бул бағдардағы жумыслардың даўамы сыпатында Мүрәжатта анық ўазыйпалар белгилеп берилди. Атап айтқанда, шаң-тозаңлардың алдын алыў мақсетинде Сурхандәрья ўәлаятындағы 10 мың гектар майданда "жасыл мәкан" аймағы жаратылады. Сырдәрья ўәлаятында болса 84 километр узынлықтағы "жасыл" дийўал тикленеди. Қарақалпақстан, Хорезм, Бухара ҳәм Наўайыдағы жәми 250 мың гектар майданда, соның ишинде, Аралдың қурыған ултанындағы 115 мың гектарда терек ҳәм путалар егиледи. Ҳәр бир аймақта ботаника ҳәм дендрология бағлары, сондай-ақ, сая-салқын кеминде 20 сейил етиў жоллары жатқарылыўы режелестирилген.
Мүрәжатта экология тараўы бойынша кадрлар таярлаў ҳәм экологиялық билимлендириўди раўажландырыў мәселесине де тийкарғы бағдар сыпатында итибар қаратылды. Президентимиз жақын бес жылда кәрханаларда экостандартларды енгизиў кеминде 30 мың экологиялық менеджер таярлаўды талап ететуғынын атап өтти. Усы мүнәсибет пенен 2026-жылы ҳәр бир аймақта "жасыл" техникумлар шөлкемлестирилип, дуал билимлендириў тийкарында жылына 10 мыңға шекем қәниге таярлаў жолға қойылады.
Сондай-ақ, Орайлық Азия Жасыл университетиниң (Green University) жумысы кеңейтиледи. Ҳаўа, суў ҳәм топырақ сапасын баҳалаўға мөлшерленген комплексли лабораториялар ашылады. Қалаларда тәбийий самаллатыўды күшейтиў бойынша илимий изертлеўлер өткериледи.
Улыўма, 2026-жылы экология тараўын раўажландырыў ушын 1 триллион 900 миллиард сум қаратылыўы режелестирилген. Мәмлекетимиз басшысы суў ресурсларын басқарыўға байланыслы комплексли илажлар бойынша да анық ўазыйпаларды белгилеп берди. Атап айтқанда, 2026-жылы суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ушын 3 триллион 300 миллиард сум ажыратылады. 1300 километр магистраль каналлар бетонластырылады. Бул болса ҳәр жылы 500 миллион куб метр суўды үнемлеў имканиятын береди. Сондай-ақ, ашық дренаж ҳәм коллектор системаларын жабық системаға өткериў бойынша өз алдына бағдарлама қабыл етиледи.
Пайтахтымыз, ўәлаят орайлары ҳәм қалаларда "жасыл" аймақларды кеңейтиў ушын суўғарыў ҳәм дренаж системаларын қайта тиклеў зәрүр екенлиги атап өтилди. Оның ушын 160 миллион долларлық үлкен бағдарлама шеңберинде Ташкент қаласында 150 километр жабық дренаж системасы қурылады, 197 километр канал ҳәм коллекторлар оңланады және 63 километр жаңа каналлар қурылады. Бул илажлар қалада және де салқын ҳәм қолайлы микроклимат қәлиплесиўине хызмет етеди.
Мүрәжатта мәҳәлле институты жәмийеттиң ең әҳмийетли буўыны сыпатында қайта баҳаланды. Ол дәстүрий социаллық институт емес, ал халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, социаллық машқалаларды орнында шешиў ҳәм пуқаралардың мәмлекетлик басқарыўдағы қатнасын күшейтиўши механизм сыпатында талқыланды. Мәҳәлле арқалы мәмлекетлик хызметлерди халықтың мәплерине бейимлестириў, социаллық қорғаў системасын жетилистириў идеялары алға қойылды.
Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы ҳәм аймақлық бөлимлери менен тығыз бирге ислесиў себепли бүгин елимиздиң барлық аймақларында абаданластырыў, көклемзарластырыў ҳәм пуқаралардың турмыс сапасын арттырыўға қаратылған әҳмийетли басламалар алға қойылмақта.
Тәжирийбели ақсақаллар, белсенди жаслар нәл егиў ҳәм тәрбиялаўда қатнасып, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбарының раўажланыўына үлес қоспақта. "Мениң бағым", "Абат мәҳәлле" жойбары шеңбериндеги жумыслар себепли ҳәўли ҳәм көшелерди абаданластырыў, аймақларды тазалаў, қоршаған орталықты жақсылаў, халық ушын қолайлы шараят жаратыў бағдарындағы ҳәрекетлер жаңа басқышқа көтерилди.
Қысқасы, Мүрәжатта алға қойылған басламалар Өзбекстанның экологиялық қәўипсиз, саламат ҳәм "жасыл" келешегин қурыўға мүнәсип хызмет етеди.
Хамза АМИНОВ,
Қоршаған орталық ҳәм тәбиятты қорғаў
технологиялары илимий-изертлеў институты
директор орынбасары