- Қуўаныш жарма каналы бойынша тендер ҳүжжетлери таярланған, - дейди Суў хожалығында сырт ел инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў орайының жойбарлаўшы инженери Эргаш Собиров. - Бул ҳүжжетлер Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги және Жәҳән банки тәрепинен келисиў процесинде. Келисим әмелге асқаннан соң, қурылыс шөлкемлерин анықлаў ушын дағаза бериледи. Ҳәзир консалтинг компанияларын тартыў ушын тендерлер жәрияланған.

Жойбар шеңберинде Қуўаныш жарма каналының 34,2 километри бетонланады. Сондай-ақ, каналдағы 23 гидрообъект оңланады. Бул жумыслар орынланғаннан соң, каналдың суў өткериў қуўатлылығы 20-30 процентке артады. Нәтийжеде суў аймақларға турақлы жетип баратуғын болады. Ҳәттеки пайдаланыўдан шығып кеткен жерлерди қайта тиклеў имканияты туўылады.

- Қарақалпақстандағы каналлардың 95 проценти топырақтан ибарат. Оларды бетонлап, суў жоғалтыўын азайтыў әҳмийетли мәселе, - дейди Қарақалпақстан суў хожалығы министриниң орынбасары Тажиддин Мадиреймов. - Каналларды бетонлаўды жеделлестириў мақсетинде усы жылы "Суў жеткерип бериў хызмети" мәмлекетлик мәкемелерине 16 бетон араластырыўшы ҳәм бетон жатқаратуғын 2 техника алып келинди. Сондай-ақ, коллектор ҳәм каналларды қамыслардан тазалайтуғын техника да иске қосылған.

Президентимиздиң 2024-жыл 5-январьдағы тийисли қарарына тийкарланып, усы жылы районлардағы "Суў жеткерип бериў хызмети" мәмлекетлик мәкемелерине 9 экскаватор, жумысшылар ушын скутерлер алып берилген. Бул канал бойлап көп жүретуғын суўшыларға әдеўир қолайлы болды. Улыўма, тараў жумыс нәтийжелилигин арттырыўға хызмет ететуғын барлық техникалық қураллар менен тәмийинленбекте.

- Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай, Қанлыкөл ҳәм Шоманай районларындағы "Суў жеткерип бериў хызмети" мәмлекетлик мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын буннан былай да жақсылаў ушын оларға қосымша 5 экскаватор берилди. Әлбетте, жаңа техника ҳәм қаратылып атырған итибар бизге және де жуўапкершилик жүклейди. Каналларды өз ўақтында тазалап, алыс аймақларға суў жеткериў бағдарындағы жумысларымызды жаңа басқышқа көтериўимизге тийкар жаратады, - дейди Тажиддин Мадиреймов. - Соның менен бирге, Елликқала районындағы Әмирабад, Беруний районындағы Еримбеткеткен каналын механизм жәрдеминде тазалаў режелестирилген. Ҳәзир оларда суў түбинен ылай алатуғын 2 техника ислеп атыр. 2025-2026-жыллар гүз-қыс мәўсиминде Беруний районы Суў жеткерип бериў хызмети есабындағы Еримбеткеткен каналының 5,4 километр бөлегин тазалаў режелестирилген еди. Ҳәзирги ўақытқа шекем оның 3,7 километри тазаланған. Қалған 1,7 километри октябрь айының ақырына шекем тазаланады.

Қарақалпақстанда канал ҳәм салмаларды бетонлаў, тараўға үнемли технологияларды енгизиў, суўды жеткерип бериў қәрежетин қысқартыўға қаратылған реформалар үлкен нәтийже бермекте.

- Усы күнлерде Нөкисте Қарақалпақстан суў хожалығы системасында бурын қолланылмаған 3 инновациялық технология таныстырылды. Олардан бири - каналға бетон жатқаратуғын арнаўлы машина. Қол күши жәрдеминде онлаған жумысшылар күнине каналдың 40-50 метр жерин бетонлайды. Бул техника болса саатына 60 метрди бетонлай алады. Буннан тысқары, аймақларда жаңа инновациялық технология тийкарында салмаларға қурғақ бетон төселмеси де жатқарылмақта. Бул усыл қәрежетлерди азайтып, дәраматты арттырыўға, суў шығынларының алдын алыўға хызмет етеди, - дейди Қарақалпақстан суў хожалығы министри Бахтияр Юсупов. - Жасырып не қыламыз, жақын-жақынға шекем арқа аймағымызда ултаны толық бетонланған каналлар жоқ еди. Биринши мәрте Хожели районындағы Ташлыжап, Шырынжап каналлары қысқа мүддетте бетонланды. Бул нәтийжесин берди. Бүгин буннан халқымыз миннетдар.

Қарақалпақстанда насос станцияларына энергия үнемлеўши қурылмалар орнатыў ҳәм насос агрегатларын сапалы оңлаў жумыслары да жеделлескен.

- Электр энергиясынан нәтийжели пайдаланыў илажлары шеңберинде бир ғана Қанлыкөл районында 5 насос жаңасына алмастырылды, - дейди Қарақалпақстан Насос станциялары ҳәм энергетика басқармасының энергетика бөлими баслығы Қуўат Алиев. - Сондай-ақ, 14 электр двигатель, 22 дана конденсатор орнатылды. Нәтийжеде жылына орташа 369,2 мың кВт электр энергиясын үнемлеўге ерисилди. Усындай жумыслар Беруний Насос станциялары ҳәм энергетика басқармасында да орынланбақта.

Аралбойы халықаралық инновация орайы суўды үнемлеўде үлгили жумысларды қолға алған. Оның Нөкис районындағы ғәлле ҳәм мийўе-овош жетистирилетуғын атызында суўды үнемлейтуғын технологиялардан нәтийжели пайдаланылмақта.

- 2021-2025-жылларда райондағы 6 фермер хожалығы 110 гектар егислик майданына тамшылатып, 12 фермер хожалығы 362 гектар егислик майданына жаўынлатып суўғарыў технологияларын енгизди, - дейди Аралбойы халықаралық инновация орайының директоры Бахытжан Ҳабибуллаев.

Тараўдағы реформалар жедел даўам етпекте. Сол арқалы гөзленген жоқары шеклерге ерисиўге исенимли тийкар жаратылмақта.

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы