Базар таба алмай, жергиликли телеканалда реклама бере баслады. Сол ўақытлары көплеген исбилерменлер оны бул жолдан қайтармақшы да болды. Себеби, ол ўақытлары қурылыс жумыслары ҳәзиргидей кең көлемде емес, аз еди. Қурылыс шөлкемлери объектлерди қурыў ҳәм оңлаў ушын буйыртпаларды ашық-айдын емес ҳәрекетлер менен ийелеп алатуғын, енди ашылған "Сурхон Сандвич" сыяқлы кәрханаларға "сан" тиймейтуғын еди. Бирақ исбилермен жумысын даўам ете берди.
Соңгы жылларда мәмлекет шын мәнисинде үлкен қурылыс майданына айланды. Қурылыста ашық система қәлиплестирилди. Нәтийжеде Баҳрам Раупов сыяқлы ҳадал исбилерменлер көбейди, жумысы кеңейди, мийнети тән алынатуғын болды.
Жақында Президентимиздиң басшылығында хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша 2024-жылы әмелге асырылған жумыслар ҳәм 2025-жыл ушын тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти. Онда үш жыл алдын қабыл етилген хызметлер секторын раўажландырыў бойынша үлкен бағдарлама бүгин нәтийжесин берип атырғаны, қосымша 1,5 миллион халық сервис тараўында турақлы дәраматқа ийе болғаны, хызметлер 2018-жылдағы 19 миллиардтан 65 миллиард долларға артқаны атап өтилди.
Кейинги жети жылда дәраматы ҳәм төлеў қәбилети 2 есеге өскени нәтийжесинде халықта жаңаша хызмет ҳәм сервис түрлерине талап артқаны атап өтилди. Мәселен, тек ғана Сурхандәрья ўәлаятындағы "Айритом" халықаралық саўда зонасында ашылған жеке меншик клиника өткен жылдың өзинде 15 мың сырт ел пуқарасына медициналық хызмет көрсеткен.
Ўәлаят ҳәкимлерине қоңсы мәмлекетлер менен шегара алды аймақларда 21 көп тармақлы клиника шөлкемлестириў ўазыйпасы тапсырылды. Мәжилисте аймақ басшылары ҳәм министрлердиң есабаты да тыңланды, исбилерменлердиң үлгили тәжирийбеси көрип шығылды. Соның ишинде, мәмлекетимиз басшысы сурхандәрьялы исбилермен Баҳрам Раупов пенен сөйлесип, оның жумысын тән алды. "Дўстлик" ордени менен сыйлықлады. Бул болса исбилерменге және де күш-ғайрат бағышлады.
"Мәмлекетимизде исбилерменлерге жаратылып атырған кең имканиятлардан үнемли пайдаланып, өзиниң излениўшеңлиги ҳәм исбилерменлиги менен тараўға алдынғы баслама ҳәм инновациялық идеяларды нәтийжели енгизип киятырғаны, импорттың орнын басатуғын өнимлер ислеп шығарыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў бағдарында көпшиликке үлги болып атырғаны, аймақта экономикалық реформаларды табыслы әмелге асырыў, халықтың абаданлығын арттырыўға қосып атырған мүнәсип үлеси ҳәм жәмийетлик турмыста белсене қатнасып атырғаны ушын Сурхандәрья ўәлаяты Термиз қаласындағы "Сурхон сандвич" жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң шөлкемлестириўшиси Раупов Бахрам Қаюмович "Дўстлик" ордени менен сыйлықлансын", делинеди Президентимиз пәрманында.
- Мәжилисте сөз берилгенде, жумысым ҳәм жаңа қурып атырған жойбарларым, неше жумыс орнын жаратып атырғанымыз ҳаққында сөз еттим. Усы кишигирим хызметлеримиз тән алынып, "Дўстлик" орденине мүнәсип деп табылды. Бундай болатуғынын ойламаған едим. Бул сыйлық тек ғана мениң емес, ал үлкемиз халқының табысы ҳәм мийнетиниң жемиси, - дейди исбилермен.
Исбилерменге емин-еркин ислеўи ушын шараят жаратып берилсе, жумысы кеңейип бара беретуғынын усы исбилерменниң мысалында көриў мүмкин.
- Бүгин елимизде бизнес ийелерине кең имканият пенен бирге тараўдың раўажланыўы ушын зәрүр шараят жаратылмақта. Олардан нәтийжели пайдаланған исбилерменлер хызмет көрсетиў, өндирис бағдарларында үлкен жойбарларды әмелге асырмақта. Денов районы Қызылсуў дәрьясы бойында қурылып атырған жаслар сейил етиў орны да солардың қатарына киреди, - дейди Баҳрамжон Раупов. - Бул жер 20 жыллар даўамында шығындыхана болып жатты. Көп санлы халық жасайтуғын жерде бул аўыр мәселе еди. Себеби әсирлер даўамында дәрья жағасы жемирилип кеңейип кеткен еди. Биз дәслеп жағаны толтырдық. Нәтийжеде 14 гектар бос ҳәм жақсы майдан жүзеге келди. Усы жылдың 1-март күни сейил етиў орнын пайдаланыўға тапсырамыз. Аймақта 200 дүкан, 2 ресторан, заманагөй сейил етиў орны жайласқан. Қулласы, ҳәмме жумысты еплеўге болады. Буның ушын қәлеў, ықлас, ҳәрекет болса болды.
Денов районында қурылған сейил етиў орнында тек ғана кеўилашар орынлар емес, ал айтылғанындай, 200 ге шамалас дүкан да жайласқан. Оның қала орайында, үлкен жолдың жанында жайласқанын есапқа алсақ, бәрқулла адам көп болады. Саўда орайы имаратларын қурыўда жеңил конструкциялы сендвич панеллерден пайдаланылған. Әҳмийетлиси, бул қурылыс материалы да Баҳрам Раупов шөлкемлестирген "Сурхон сандвич" кәрханасында ислеп шығарылған. Тек ғана қурылыс материалларын ислеп шығаратуғын исбилермен бүгин заманагөй үлгилер тийкарында имаратлар қурыўшыға да айланды. Бүгин ол басшылық етип атырған "Сурхон сандвич" кәрханасы бир күнде 1500 квадрат метр сендвич панел ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Бул жерде ҳәзир 60 қа шамалас жумыс орны ашылған.
Кәрханада 6 жылдан берли мийнет етип атырған Норбек Аҳмедов та узақ жыллар сырт елде мийнет еткен, бирақ жақсы дәрамат таба алмай аўылға қайтқан еди.
- Бүгин ҳадал мийнетим менен шаңарағымыздың абаданлығына үлес қосып атырман. Әҳмийетлиси, шаңарағым - перзентлерим жанындаман. Айлық өз ўақтында берилмекте. Сырт елде қыйналып ислегеннен көре, ўатанымызда ислеп, оның раўажланыўына үлес қосып атырғанымнан қуўанышлыман, - дейди Норбек Аҳмедов.
Исбилермен Термиз районында базальт плиталар ислеп шығарыў жойбарын әмелге асырмақта. Ойпатлықтың Алтынсай районындағы базальт қорынан пайдаланып, импорттың орнын басатуғын, экспортқа жарамлы өним ислеп шығарыў нәзерде тутылған. Улыўма баҳасы 26 миллион долларлық бул жойбардың иске қосылыўы нәтийжесинде 350 жаңа жумыс орны ашылады. Завод иске қосылса, бир жылда 30 мың тонна өним ислеп шығарылады. Технологиялар алып келинген. Усы жылы Ғәрезсизлик байрамы алдынан пайдаланыўға тапсырылыўы нәзерде тутылған.
- Бүгинги заманагөй, ўатансүйгиш исбилерменлер тек ғана пайда алыўды гөзлемей атырғаны қуўанышлы. Олар мәмлекет басшысының тапсырмаларын терең аңлаған ҳалда жәмийет мәпин гөзлеп түрли жойбарларда да белсендилик көрсетпекте. Кәмбағаллықты қысқартыў, "Жасыл мәкан" сыяқлы бағдарламалар шеңбериндеги жумысларда басқаларға өрнек ҳәм үлги болмақта. Узақ жыллар шығындыхана болған бир орында үлкен сейил етиў орнын қурған, аймақларды жасыллыққа бөлеўге урынып атырған исбилермен пикиримиздиң дәлили. Бундай исбилерменлердиң қатары кеңейген сайын елимиз раўажлана береди, - дейди Өзбекстан экологиялық партиясы Сурхандәрья ўәлаяты кеңесиниң баслығы Иброҳим Ёқубов.
Исбилерменлердиң усыныс ҳәм басламалары турмысқа толық енгизилип атырғаны себепли де Баҳрам Раупов сыяқлы исбилерменлердиң қатары күннен-күнге кеңейип, ерисип атырған жетискенликлери менен жаңа Өзбекстанда басланған реформалардың даўамшысына айланбақта. Бундай исбилерменлер қанша көп болса, олар қанша көп дәрамат көрсе, мәмлекетимиз де сонша бай бола береди.
Сарвар ТЎРАЕВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы