Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң АҚШқа бул ретки сапары да әҳмийетли ушырасыўлар, ҳәр тәреплеме пайдалы келисимлер ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе басламаларға бай болды.
Әлбетте, көпшилик ўатанласларымыз мәмлекет жетекшисиниң тығыз күн тәртибине қарамастан күшли күш-ғайратын, бәрқулла алға умтылыўын өзгеше толқынланыў, қуўаныш ҳәм мақтаныш пенен атап өтти. "Әжайып, буншелли қуўат, күш-ғайраттың, халық ҳәм ўатан жумысларынан шаршамаўдың сыры неде?", деген сораўлар социаллық тармақларда көп айланды.
Бул сораўларға жуўап табыў ҳаққындағы ойлар мәмлекеттиң раўажланыўы жолындағы реформалар, атап айтқанда АҚШ сапарын бирме-бир талқылаўға ийтермелейди.
Сапардың улыўма тәсиринен АҚШ рәсмийлери, исбилермен топар ўәкиллериниң мәмлекетимиз басшысы менен тығыз қатнасық орнатыўға умтылысы сезилип турды. Пикиримизди қол қойылған келисим ҳүжжетлери, болып өткен ушырасыўлардың көлеми де дәлиллейди. Мәселен, мәмлекетимиз басшысы бир күнниң өзинде АҚШтың 20 дан аслам ири компания ҳәм банклериниң басшылары менен ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер өткерди.
Әҳмийетлиси, еки мәмлекет жетекшилериниң ушырасыўы АҚШ тәрепиниң басламасы менен өткерилди. Мәмлекетимиз басшысы бул ушырасыў ҳаққында сөз етип: "Өзбек халқы айтады ҳәм ислейди. Соған биз исендирдик", деди. Бул сөзлерди еситкеннен кейин, Өзбекстан қаҳарманы, халқымыздың сүйикли шайыры Абдулла Ариповтың төмендеги қатарларын еследим:
"Америка - сыйқырлы дияр,
Уйықлар еди Колумб та еле,
Теңиз артын жарытты бирден
Берунийдиң ақыл шырағы..."
Аўа, елимиздеги Ояныў дәўириниң данышпанларынан бири болған Беруний бабамыз жердиң арғы тәрепинде қурғақлық бар екенлигин биринши болып айтқан еди. Сол арқалы илимде үлкен өзгерис жасап еди.
Бүгин Үшинши Ояныў дәўирине тийкар салып атырған Өзбекстан жетекшиси өзиниң сиясий ерк-ықрары, сөз ҳәм әмел бирлиги менен дүнья халқының итибарын мәмлекетимизге қарата алды. Орайлық Азияда үлкен күш пайда болғаны, және бир Ояныў дәўири басланып атырғанына исендирди.
Тән алыў керек, ҳәзирги геосиясий процесс оғада қыйын түс алды. Ертеңги күнди болжаў дерлик имкансыз. Мине, усындай қыйын жағдайда АҚШ сыяқлы ири мәмлекет жетекшилери, исбилермен топар ўәкиллериниң елимизге қызығыўшылық билдириўи, келешегин биз бенен үнлес көриўи оғада үлкен ўақыя.
Усы жерде америкалылардың Президентимиз бенен ушырасыўға болған умтылысы ҳаққындағы бир ўақыяны еске алсак. Ири компаниялардың жетекшилери менен ушырасыў болып атырған ўақытта сөйлесиўлер столынан және бир адам ушын орын таярлаў ҳәрекети басланды. Мәлим болыўынша, АҚШ мәмлекетлик хаткери Марко Рубионың зайыбы Жанет Рубио қыстаўлы түрде Президент Шавкат Мирзиёев пенен ушырасыў ушын арнаўлы түрде жетип келген.
АҚШ Президентиниң Қубла ҳәм Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили Сержио Гор мийманды былай таныстырды: "Рухсат берсеңиз, ҳәзир ғана келген оғада әзиз ҳәм арнаўлы мийманымызды таныстыраман. Ол шын мәнисинде бизиң ҳәкимшилигимиз ушын мисли "жасырын қурал". Себеби оның мәмлекет ислерине тәсир күши үлкен. Мен оған ҳәзир қай жерде екенимди айтқанымда, ол мен де Өзбекстан басшысы менен сөйлесиўде қатнасыўым шәрт, деп дәрҳал жетип келди. Соның ушын Жанет Рубиони шын жүректен алғыслар менен күтип алайық".
Ҳақыйқатында да, бундай жағдайлар халықаралық дипломатияда тәреплердиң өз-ара қызғынлығы, бирге ислесиўди беккемлеўге болған күшли умтылысты аңлатады. Бүгин халықаралық бирге ислесиўшилер, америкалықлардан баслап европалыларға шекем, Араб кеңликлеринен баслап Орайлық азиялыларға шекем жаңа Өзбекстанға умтылмақта. Буған қайсы тәреплер себепли еристик? Сиясий магнит майданы қалай пайда етилди?
Буның себеби жүдә әпиўайы. Өткен сегиз жыллық реформалар себепли жаңа Өзбекстан дүньяға ашылды. Мәселен, Орайлық Азия мәмлекетлери арасында шегара машқаласы, өз-ара барыс-келистиң жабықлығы сыяқлы көплеген машқалалар себепли исенимсизлик орталығы ҳүким сүрди. Бүгин болса мәмлекетимиз басшысы БМШ Бас Ассамблеясында атап өткениндей, жабық шегаралар, шешилмеген бәсеки ҳәм тартыслар дәўири тарийхта қалды.
Президентимиз адамлардың дәртин тыңлаў ушын халық пенен пикирлесиўди жолға қойды. Сол арқалы оларды қыйнап атырған мәселелерге жедел шешим бериле басланды. Бул тәбийий, инсан қәдирин улығлаў сиясаты тек ғана сүрен емес, әмелий ўазыйпа екенин дәлилледи.
Сондай-ақ, халықаралық сиясатта бирге ислесиўшилерди тыңлаў, оларға қулақ түриў арқалы ўатаны ҳәм халқының мәплерин алға қойыўдай күшли сиясий ерк-ықрар көрсетти. Және де әпиўайыластырып түсиндиретуғын болсақ, теңдей дипломатиялық байланыслар, дослық қатнасықлар орнатыўда басқаларға үлги мектеби болды. Мине, усы процесстеги қызғынлық, тең имканиятларға ҳәм дипломатиялық дослыққа умтылыў жаңа Өзбекстанның мирәт қағазына, басқаша етип айтқанда, сиясий магнит майданына айланды.
Аўа, өткен қысқа ўақыт ишинде мәмлекетимиздиң ишинен басланған өзгерислер нәпеси пүткил регионға таралып, Орайлық Азия руўхын жаратты.
Усы жерде және бир фактке итибарыңызды қаратпақшыман. Президентимиздиң БМШ Бас Ассамблеясы 80-сессиясындағы шығып сөйлеген сөзи лингвистикалық талқыланды. Оған бола, ең көп "мақсет" сөзи (11 мәрте) қолланылған. "Глобал" сөзи 8 орында келеди. Соған үнлес ҳалда, Орайлық Азияның заманагөй процесслердеги роли айрықша атап өтилген. "Азия" сөзи 7 мәрте, "Орайлық" болса 6 мәрте қолланылған.
Енди буны жеке пикирлеримиз бенен әпиўайырақ түрде талқылайық. Бүгин жаңа Өзбекстан өз алдына оғада үлкен мақсетлер қойған. Олардан ең тийкарғысы дүньяда дипломатиялық байланыслар арқалы тынышлыққа ерисиў. Тынышлық ҳүким сүрген елде экономикалық өсиў бақланады. Бул халықтың абаданлығы, жаслардың жетерли билим алыў имканияты дегени. Сонлықтан, үлкен минберлерде Президентимиз бәрқулла дүньядағы тартыслы жағдайларға тоқтап, дипломатиялық байланысларды беккемлеўге шақырады. Бул алдымызда турған глобал мәселелерден бири.
Мине, усындай және бир глобал мәселе экологиялық машқалалар болып табылады. Президентимиздиң басламасы менен "Жасыл мәкан" бағдарламасының халықаралық дәрежеге шыққаны бийкарға емес. Усындай факторлар себепли мәмлекетимиз басшысы "мақсет" ҳәм "глобал" сөзлерин көп қолланды. Бундай мәселелердиң ҳеш бирин Өзбекстан жетекшиси Орайлық Азия еллерисиз көз алдына келтире алмайды. Мениңше, буны артықша түсиндириўдиң кереги жоқ. Себеби бүгин жаңа Өзбекстан сыртқы сиясатындағы үлкен нәтийжелерге Орайлық Азияда баслаған өзгерислери себепли ериспекте, деп ойлаймыз.
Жоқарыда өзбектиң айтыўы ҳәм оны орынлаўы ҳаққындағы пикирди бийкарға келтирмегенбиз. Мәмлекетимиз басшысы реформаларды баслаған дәслепки күнлерден-ақ халықты разы етиў өзиниң миннети, мақсети екенин айтқан еди. Усы мақсет себепли басланған өзгерислер бүгин теңиз артында да бой көрсетти. Сол себепли, АҚШ аспанында “Welcome to USA, Prezident Shavkat Mirziyoyev”, деген қутлықлаў желбирейди. Бул Өзбекстан Лидериниң тынышлық сүйиўши, халықшыл сиясатын алғыслап, пүткил дүньяға жырлап атырғандай көринис пайда етти.
Аўа, бүгин жаңа Өзбекстан тынышлық, дослық дипломатиясын алға қойып атырған, үлкен экономикалық имканиятларға ийе мәмлекет сыпатында көрилмекте. Мәмлекетимиздиң және бир мирәт қағазы бул оның билимли, ертеңги күн жуўапкершилигин толық сезинип алға умтылып атырған жаслары болып есапланады. Мәмлекетимиз басшысы АҚШта билим алып атырған әне усындай бир топар жаслар, ўатанласлар менен ушырасыўға да ўақыт ажыратты. Жоқарыда айтқанымыз - тығыз күн тәртибине қарамастан олар менен кеңпейил, шын кеўилден сөйлести. Сол ушырасыўдағы еки әҳмийетли пикирге тоқтап өтпекшимиз.
Бириншиси, мәмлекет жетекшиси тәрепинен биз теңизден узақ екенимиз, бирақ жаслар билими менен әне усы аралықты қысқартыра алатуғыны атап өтилди. Билимли, ўатанды сүйиўши жаслар барлық жәмийетлердиң таяныш ноқаты болған. Мәмлекетимизде тәлим-тәрбия, илимге үлкен итибар берилип атырғанының себеби де әне усы турмыслық ҳақыйқатты терең аңлайтуғынымызды билдиреди. Кейинги жылларда жасларымыз оғада үлкен нәтийжелерге ерискенин тән алайық. Мәмлекетимиздеги жоқары оқыў орынлары ТОП-1000 лықтан орын алды. Муғаллимлердиң абырайы менен бирге қәнигелиги ҳәм жумысқа қызығыўшылығы да күшейип бармақта. Бундай өзгерис ҳәм нәтийжелерди санап шығыў қыйын.
Екинши әҳмийетли пикир болса, инсан мийнети арқалы қәдир табыўы ҳаққында еди. Яғный Президентимиз: "Мийнетимиз бенен ҳүрмет етиўге мәжбүрлеўимиз керек", деди.
АҚШ сапары ўақтында мине усы турмыслық даналық өз тастыйығын тапты. Яғный Өзбекстан жетекшисиниң қысқа мүддеттеги үлкен мийнети себепли биз бенен дипломатиялық байланысларды күшейтиўге болған қызығыўшылық, ҳүрмет сезилип турды. Нәзеримизде, мәмлекетимиз басшысының тығыз күн тәртибинде күш-ғайрат пенен ислей алыўының сыры да әне сонда. Яғный халық, ўатан ушын шын кеўилден хызмет етиў, сол арқалы ҳүрметке ерисиў инсанға таўсылмас күш береди. Және бир тәрепи болса, мәмлекетимиз басшысының өзи халқымыз бенен ушырасыўларда қайта-қайта тәкирарлайды: әпиўайы адамлар менен ушырасыў, олардың жүзиндеги қанаатланыўшылық мәмлекет жетекшисине күш береди.
Салим ДОНИЁРОВ,
Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен журналист