Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарарына муўапық, төмендеги имканиятларға ийе "Исбилермен ҳаял-қызлар" платформасы 2025-жыл 1-июльға шекем иске түсириледи:

  • ҳаял-қыз исбилерменлерге шийки зат сатып алыўда жәрдемлесиў;
  • өз-ара кооперацияны кеңейтиў ҳәм өнимлерди сатыў ушын базар табыў;
  • зәрүр қәнигелерди излеў ҳәм жумысқа қабыл етиў;
  • жойбарлар шеңберинде жүзеге келип атырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларға шешим табыў.

2025-жыл 1-майдан төмендегилерди нәзерде тутатуғын "Ҳамкор тадбиркор" бағдарламасы жолға қойылады:

  • өз бизнесин шөлкемлестирмекши болған ҳаял-қызларда исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў;
  • кооперация тийкарында ҳаял-қызлардың исбилерменлик жумысын жолға қойыўға жәрдемлесиў;
  • жергиликли ҳәм халықаралық электрон платформаларда ҳаял-қызларға өз өнимлерин жайластырыў ҳәм сатыўға жәрдемлесиў.

2025-жыл 1-августқа шекем Ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў бағдарында финанслық хызметлер көрсетиў стратегиясы тастыйықланады.

Жетекши исбилермен ҳаял-қызлардан ибарат Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестириледи.