Өзбекстан 2030-жылға шекем экспорт көлемин 45 миллиард долларға жеткериўди мақсет еткен. Бул көрсеткишке ерисиў ушын дәстүрий базарлар менен шекленбестен, жаңа жоқары маржинал базарларға шығыў зәрүр.
Буның ушын тийкарғы тутыныўшы сегментлери ҳәм сыртқы базарларда талап жоқары болған товарлар терең талланды. Қурылыс материаллары, жеңил санаат, электротехника, азық-аўқат, турмыслық химия, машина қурылысы, металлургия сыяқлы тараўларда экспортты және де арттырыў ушын үлкен резерв ҳәм имканиятлар бар екенлиги анықланды.
Усы мүнәсибет пенен презентацияда перспективалы базарлар болған мәмлекетлер менен жеңиллетилген саўданы жолға қойыў ҳәм саўда-экономикалық байланысларды жеделлестириў, экспорт ҳәм импорт көлеминиң өсиўине пропорционал түрде шегара өткериў пунктлериниң инфраструктурасы ҳәм өткериў қәбилетин кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Жуўапкер басшылар елимиз өнимлериниң сыртқы базарлардағы орны, талап жоқары болған өним түрлери, сырт елли шериклер менен биргеликте әмелге асырылып атырған жойбарлар, экспортты диверсификациялаў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди. Бар потенциалдан толық пайдаланыў, жаңа базарлар ашыў, сыртқы саўда механизмлерин әпиўайыластырыў бойынша тапсырмалар берилди.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде 81 мәмлекетлик уйым тәрепинен исбилерменлерге 739 түрдеги хызметлер көрсетилмекте. Бирақ, 576 түрдеги хызметлер ҳәр жерде көрсетилип атырғаны себепли исбилерменлер ҳүжжетлерди жыйнап, түрли уйымларға барыўға мәжбүр болмақта. Мәселен, гөш өнимлерин ислеп шығарыўды жолға қойыў ушын 17 тәртиптен өтиў ҳәм 10 мәкемеге мүрәжат етиў керек.
Соның менен бирге, бухгалтерия, салық, экспорт ҳәм сертификатлаў бойынша консалтинг хызметлерин көрсететуғын бирден-бир сервис майданшасы жоқ. Бундай хызметлерди банклер, қамсызландырыў компаниялары, биржа, брокерлер ҳәм логистика операторлары, бизнеске оқытыў ҳәм тренинглер бағдарламалары менен интеграциялаў мүмкин.
Презентацияда исбилерменлер ушын барлық мәмлекетлик ҳәм жеке меншик хызметлерди бир жерге жәмлейтуғын "Бизнес ҳамроҳ" орайларын шөлкемлестириў усынысы билдирилди.
Мәлим етилген реже бойынша, Саўда-санаат палатасы жанында шөлкемлестирилетуғын орайларда барлық мәмлекетлик ҳәм жеке меншик хызметлер "бир айна" принципи тийкарында бир орында, бир электрон платформа арқалы көрсетиледи. Сондай-ақ, исбилерменлердиң мүрәжатлары менен ислесиў бойынша күни-түни ислейтуғын "колл-орай" шөлкемлестириледи.
Президентимиз бул усынысты мақуллап, орай исбилерменлик субъектин шөлкемлестириўден баслап, оның жумысын шөлкемлестириў, таяр өнимди сатыў ҳәм экспортқа шығарыўға шекемги комплексти қамтып алыўы зәрүр екенлигин атап өтти. Жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.