Ирригация-мелиорация жумыслары нәтийжесинде кейинги бес жылда 826,5 мың гектар жер аўыл хожалығы айланысына киргизилди. Соннан 409 мың гектары суўғарылатуғын жерлер болып, және 418 мың гектары суўғарылмайтуғын ҳәм жайлаў жерлерде жер асты суўларынан пайдаланыў, суўды аз талап ететуғын егинлер жетистириў есабынан өзлестирилген.
Презентацияда 2030-жылға шекем және 938 мың гектар жайлаўларды өзлестириў ҳәм жағдайын жақсылаў режелери таныстырылды.
Мәселен, 2026-2027-жылларда 620 мың гектар жайлаўларды қайта тиклеў режелестирилген. Атап айтқанда, 300 мың гектар жерге жайлаў егинлери егиледи, 130 мың гектар жерге суў қудықлары орнатылады. Нәтийжеде 960 мың бас қарамал бағыў, гөш ҳәм жүн ислеп шығарыўды көбейтиў имканияты жаратылады.
Аўыл хожалығы илиминиң ҳәзирги институтционаллық инфраструктурасын өзгертип, жаңа басқышқа алып шығыў ўақты келгени атап өтилди. Усы мақсетте 22 илимий орай, 260 лаборатория ҳәм 2,5 мыңнан аслам илимпаз ҳәм илимий хызметкерлерди бирден-бир структура - Аўыл хожалығы илимлери академиясына бирлестириў нәзерде тутылған.
Презентацияда биотехнология ҳәм молекуляр биология, ген инженериясы ҳәм гибрид туқымгершилик, "ақыллы" аўыл хожалығы, космослық ҳәм дрон технологиялары, жер деградациясы ҳәм топырақ саламатлығы, органикалық аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат сыяқлы бағдарларды академияның тийкарғы бағдарлары сыпатында белгилеў усыныс етилди.
Академияның жумысын нәтийжели шөлкемлестириў илажлары белгиленди.
Аўыл хожалығы ушын кадрлар таярлаў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Ташкент мәмлекетлик аграр университетинде бүгинги күнде 13,6 мың студент билим алып атырғаны, бирақ оқыў процесиниң әмелият пенен байланысы төменлиги себепли питкериўшилердиң тек ғана 55 проценти қәнигелиги бойынша жумыс ислеп атырғаны атап өтилди.
Бул бағдарда билимлендириў, илимий-изертлеў ҳәм өндиристи өз-ара байланыстыратуғын система жаратыў, мийнет базары талапларына сәйкес маман қәнигелер таярлаў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Атап айтқанда, келешекте университеттиң 6,8 мың студенти өндирис шөлкемлери, кәрханалар ҳәм агрокластерлерде, 2,6 мыңнан асламы Аўыл хожалығы министрлиги системасындағы 22 илимий-изертлеў институтында әмелият өтейди.
Буннан тысқары, кириў тест сынақларында жетерли балл топлай алмаған фермерлер ҳәм олардың жумысшы-хызметкерлериниң перзентлерин университетке төменлетилген шәртнама тийкарында оқыўға қабыл етиў, 7 тәлим бағдары бойынша оқыў мүддетин 4 жылдан 3 жылға қысқартыў усыныс етилди. Сондай-ақ, студентлер тракторшы-машинист ҳуқықы ҳәм агродронлардан пайдаланыў бойынша оқытылады.
Агросанаатты раўажландырыў агентлигиниң жумысы көрип шығылды.
Өткен жылы нәтийжесиз жерлерде 44 мың гектарда интенсив ҳәм санаатластырылған бағ ҳәм жүзим атызлары шөлкемлестирилип, 37 мың жумыс орны жаратылған.
Бул жерлерде жаратылған бағ ҳәм жүзим атызлары 2027-жылдан өним бере баслайды, жылына 660 миллион долларлық мийўе-овош экспорт етиў имканияты жаратылады. Мәселен, Сўхта 500 гектарға алма, малина ҳәм ерик, Термиз районында 164 гектарға ерик ҳәм шабдал, "Аватар" жүзими Оҳангарон районында 309, Булунғурда 550 ҳәм Қувада 60 гектарға егилген. Поп районында 504 гектарда шабдал ҳәм қәрели плантациялары шөлкемлестирилген.
Бул жумысларды даўам еттирип, 2026-жылы 25,5 мың гектар мийўе ҳәм 5 мың гектар жүзим бағларын шөлкемлестириў, 48 мың турақлы ҳәм мәўсимлик жумыс орнын жаратыў зәрүрлиги атап өтилди.
Ҳәр жылы елимизге 60 миллион долларлық нәллер импорт етиледи. Оларды Европа стандартлары тийкарында жергиликли ислеп шығарыў ушын барлық шараят бар екенлиги атап өтилди.
Оның ушын агентлик тәрепинен 200 ден аслам вируслардан жырақ, зүрәәтли ана мийўе сортларынан ибарат коллекция жаратылды. Бул сортлы нәллерди көбейтиў ҳәм барлық аймақларға жеткерип бериў мақсетинде Бектемир районында 50 гектар, Жоқары Шыршық районында 75 гектар майданда in vitro лабораториясы ҳәм аналық нәлханадан ибарат комплекслер шөлкемлестирилмекте. Жылдың ақырына шекем бул комплекслерди пайдаланыўға тапсырып, жылына 27 миллион түп нәл жетистириў бойынша тапсырма берилди.
Додалаў жуўмағында Президентимиз жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.