Бул байрамда кекселердиң ҳалынан хабар алынып, нәллер егиледи. Жасы үлкен жәмлесип, жаңа күнди жылбасы сыпатында белгилейди. Көшелер сыпырылып, қойымшылықлар тазаланады, өткенлер есленеди. Әлбетте, бул әййям менен ҳәр кимниң өзине жараса еслеўлери бар. Себеби, оның әҳмийети бизге жаслықтан сиңдирилген.
***
Аўылдағы үйимизден онша алыс емес жерде қойымшылық жайласқан. Байрам алдында аўыл адамлары жыйналып оны тазалайды, өткенлерди еслейди. Бул да халқымыздың өзине тән қәдирияты. Қыялымда бәҳәр жер жүзиндеги барлық тири нәрселер ушын сыяқлы көринетуғын еди. Сол қойымшылықтан бираз жүрилсе, төбеден сәл кишкене дөңлик бар. Бул - пүткил аўыл халқы ҳәр жылы байрам ҳәм сейил өткеретуғын майдан. Сол жақтан қосық ҳәм лапарлар еситилгенликтен қандай да бир байрам басланып атырғанын билер едим. Ҳәўлиде еле биресе ана, биресе-бул жумысты ислеп тынбай атырған апама барып жалынар едим: "Апа, сейилге барайынса?" Басына ақ орамал жамылып алған апам қызарып кеткен көзлери менен аўырсынып қарайды: "Уят болады!" "Неге, неге уят болады? Ҳәмме байрамлап атыр ғой?" "Үлкейсең, түсинесең," "Яқ, ҳәзир де түсинемен. Барайын, апажан?" "Яқ дедим-ғо!" Сол ўақытта тосаттан келип қалған кемпир апам: "Болды, шырайлы кийимлериңди кий! Сени өзим апараман", деп байрамға алып кетеди.
Байрам. Тап түнде аспаннан периштелер түсип, түни менен тереклерге қызыл, қызғылт, ақ гүллер қадап шыққанға, олардың аяғы тийген жерден жап-жасыл майсалар өнип шыққанға усайды. Барғанымызда нама-қосық әлле қашан басланып кеткен болады. Кемпир апам өзи қатарлы кемпирлер менен әсте-ақырын жүрип, қырдың үстиндеги төсемшиклердиң бирине барып отырады. Мен сейилге келген балаларға қосылып кетемен. Бир мәҳәл дөгерек басшысы: "Ендиги нәўбет "Бәҳәр вальси"не деп дағазалайды. Қарсы алдында питкериўши класс қызлары көринеди. Сары сынлы, шашы майда өрилген, бир-биринен сулыў қызлар ойнап атыр. Қолында бадам гүли, басында жасыл шеңбер! Бир-биринен нәзик ҳәрекетлер... Ҳәммесине бирдей қызғыш көйлек жүдә жарасқан. Бала кеўлим менен оларға ҳәўес боламан. Кейин бир аға сөзге шығады, мақам айтады, ҳәмме аўыр болып қалады. Ойынға шалығып кетип, еситпей қалдым, қоңсымыздың қызы қасыма келеди. "Кемпир апаң шақырып атыр, дейди. Барсам, апам "Ҳәзир Наўрызай келеди. Усы жерде қыймылдамай отыр, деп буйырады. Азырақ өтпей-ақ, шекесине ерик гүлин қыстырып Малика апам ортаға шығады: "Эҳе-ҳееей! Адамлар-әй адамлар! Бағда питкен бадамлар! Еситпедим демеңлер! Елиңизге Наўрызай келди!"
Ол ўақытта Малика апа мәҳәлледеги ҳаял-қызлар белсендиси болып ислейтуғын еди. Негедур Малика апа Нурулла ағаның ҳаялы екенин, үйинде еки баласы бар екенин жақсы билсе де ҳәмме оны Наўрызай деп көз алдына келтиретуғын, ҳәр бир сөзин жан-тәни менен тыңлайтуғын еди. Малика апа шийрин даўыс пенен қосық айтады. Оның даўысына ашық болып қаламан. Қыялымдағы Наўрызай да тан сондай ҳаўазға ийе болыўы керак еди...
Бир қапталда балалар шуўласып қораз урыстырып атыр. Бир қапталда жас өспирим қызлар шеберлигин көрсетиў ушын қуймақ бүгип атыр. Әсиресе, "Балли, қызлар!" беллесиўи қызғын түс алады. Ең шаққан, ең дана, ең тәртипли қыз кейинги сейилге шекем аўылымыздың мақтанышына айланады. Майданды қоршап алған жас-желеңлер арасында гүзде тойы болған келиншеклер де көринеди.
Бир ўақытлары Ашылды муғаллим жәриялап қалады: "Енди нәўбет миллий ойынларымыздан бири - гүреске!" Биз тәрепте гүрести "алысыў" дейди. Ашылды муғаллим басқа ўақытта "алысыў" десе де ҳәзир сахнадан турып мүрәжат етер екен, әдебий тилде сөйлеўге, зыялы көриниўге тырысады. Ҳәр гәпиниң биринде "Балалар бизден үйренеди-дә!" дейтуғыны соннан. Гүрести биринши болып Эсон баслық пенен Турды ғарры баслап береди. Олардың гүресин тамаша етиў бир тәрептен заўық берсе, екинши тәрептен қалай гүресиўге үйретеди. Майданның күншығар тәрепинде жайма саўдагерлер алмақант, қоразқанд, писте халўа, саққызға усаған майда-шүйде затларды сатып отырады. Олар тәрепке ара-тура қарап қойғанымды көрген кемпир апам тақыясын қолына алып, астарына қыстырып қойған майда пулды алып, қолыма услатады: "Бар, қәлегениңди алып же!" Басым аспанға жеткендей жуўырып кетемен.
Буннан тысқары, биз тәреплерде шүллик, ешек минди, бес тас, арқан тартыў сыяқлы ойынлар да бар. Мәселен, бес тасты тийкарынан қызлар ойнаса, арқан тартыў, ешек минди, шүлликк - ул балалар ойыны. Әдетте бир көшениң балалары команда-команда болып ойнайды. Жеңимпазлардың атына көшесиниң аты ямаса сол көшеде жасайтуғын жасы үлкен адамлардың аты қосылып айтылады. Соның ушын еки тәреп те жеңимпаз болыў ушын шын кеўилден ҳәрекет етеди. Майданның онша көзге түспейтуғын арғы жағында қызлар кишкене бесикти ортаға қойып, бирим-бирим тербетип отыр. Аналары гезлемеден тигип берген қуўыршақты анаўсы, гейде мынаўсы сүйип, еркелетип, нәрестедей бөлеп қойған. Бир қарыс балалар басқалардың алдында өзин үлкенлердей тутыўына қарап күлкиң келеди. Түске жақын қырға ең жақын шаңарақ - Фарҳад ағаның үйинен сүмелек келди, ҳәммеге тарқатылды. Мәлим болыўынша, ол жерде аўылдың барлық ҳаялы азанға шекем сүмелек писирген. Кемпир апам да олар менен таңды атырған, азанда мени алып келиўге үйге барған екен. Байрам тамам болып, қайтып келгенимизде апам сүмелекти көрип жүдә қуўанды. Мен айтып берген байрам тәсирлерин еситип: "Несип етсе, кейинги жылы бирге барайық!" деп пәтия етти.
Ядымда Наўрыз әне усындай бирлик белгиси, уллы байрам болып мөрленген. Ҳәр сапары ол ҳаққында гәп қозғалса, аўылласлардың сол шадлығы, қуўанышын көз алдыма келтиремен! Қулақларым астында болса Малика апаның ширели ҳаўазы менен айтылған "Наўрыз келип пүткил жәҳән назлана, назлана, назланажақдур..." қосығы жаңлай баслайды.
Гүлмира АБДИРАИМОВА,
магистрант