Бүгин базар айланып, кийим-кеншеклердиң көпшилиги елимизде ислеп шығарылғанын көрип қуўанасыз, қәлбиңизде мақтаныш сезимин сезесиз. Ақыры, узақ жыллар пахта тәрбиялап, пахта жетистириў менен шуғылланған халық ушын бул үлкен ўақыя. Өзимиздиң пахтамыздан өзимиз базарда өтимли, қарыйдарға қолайлы, ең әҳмийетлиси, бәсекиге шыдамлы таяр өнимлер ислеп шығарып атырмыз.
Ҳәзирги ўақытта биз арзан баҳада сатып алып, кийип атырған кийим-кеншеклердиң көпшилиги танысларымыз, туўысқанларымыз, қоңсымыз мийнет етип атырған әтирапымыздағы фабрикаларда тигилип атырғаны ҳақыйқат. Ҳәзирги тоқымашылық тек ғана гезлеме ямаса кийим ислеп шығарыў емес. Бул - раўажланыў, бул - исеним, бул - миллий бренд жаратыў бағдарында биз таңлаған жол. Ең тийкарғысы, бул - ҳәр биримиздиң күнделикли турмысымыз бенен тығыз байланыслы тараў.
Менталитетдан базарға дейин
Тоқымашылық санааты бүгин дүнья экономикасында ең ири ҳәм стратегиялық тармақлардан бири болып есапланады. Оның әҳмийети тек ғана өндирис көлеми менен шекленип қалмайды. Бул тараў социаллық турақлылық, жумыс орынларын ашыў ҳәм экспорт арқалы экономикалық өсиўди тәмийинлеўде шешиўши орын ийелейди.
Бүгин дүнья көлеминде миллионлаған адамлар тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж тараўында мийнет етпекте. Көплеген мәмлекетлер, әсиресе, раўажланып атырған мәмлекетлер экспорт түсиминиң үлкен бөлеги мине усы тармақ арқалы қәлиплеспекте. Тараўдың және бир әҳмийетли тәрепи оның кең көлемлилиги, қайта ислеў имканияты ҳәм жоқары қосымша қунлы өнимлер жаратыў потенциалында көринеди.
Тараў биз ушын жаңалық емес. Елимизде оның өзине тән раўажланыў басқышлары бар. Бирақ белгили бир дәўирде базар инфраструктурасының жоқлығы, заманагөй технологиялардың азлығы ҳәм қайта ислеў имканиятының шекленгени себепли Өзбекстан тийкарынан шийки зат жетистириўге қәнигелесип қалған еди. Жыллар даўамында пүткил инфраструктура, аўыл хожалығы ҳәм ҳәттеки жәмәәтлик ой-пикир де әйне пахта әтирапында қәлиплескен. Пахтаға тек шийки зат емес, ал сиясат, уйымлық қадағалаў ҳәм ҳәтте идеологиялық символ сыпатында қаралды. Адамлардың бул ҳаққында сын пикир билдириўи мисли мәмлекетке қарсы шығыў сыпатында қабыл етилген.
Пүткил халық ҳәр жылы гүзде пахтаға атланар, мектеп жасынан баслап студент, оқытыўшы, шыпакер, ҳәтте инженер ҳәм артистлер де атызда мийнет етиўге мәжбүр еди. Бул мийнетте инсан ҳуқықлары, бахытлы балалық ҳәм еркинлик әрман сыпатында қалатуғын еди. Пахта атызларындағы аўыр мийнет кимлер ушын өмир мектеби болған болса, кимлер ушын ашынарлы естелик болып қалған.
Әне усындай аўыр сиясий ҳәм экономикалық шараятта Президентимиз қатаң сиясий ерк-ықрар көрсетти. Түпкиликли реформалар басланды. Мәмлекеттиң араласыўы басқышпа-басқыш азайтылып, тараўға базар экономикасы принциплери енгизилди. Енди ким исбилермен болса, ким өндирис пенен шуғылланбақшы болса, керекли шийки зат - пахтаны базар талаплары тийкарында әдил ҳәм еркин шараятта сатып алмақта.
Пахта енди мәжбүрий мийнет өними емес, миллий мақтаныш ҳәм экономикалық имканият дәрегине айланбақта. Халықаралық майданда бизди тек ғана шийки зат жеткерип бериўши мәмлекет сыпатында таныйтуғынлар енди тоқымашылық өнимлериниң ири ислеп шығарыўшысы, деп тән алмақта. Ҳәр бир өнимниң артында онлаған кәсип ийелери - дизайнерлер, технологлар, инженерлер, тигиўшилер ҳәм исбилерменлердиң үзликсиз мийнети жәмленген.
Бул процесс тек ғана экономикалық системада емес, ал мәдениятымызда да үлкен бурылыс жасады. Жаңа қәдириятлар - интакерлик, еркин пикирлеў, жеке жуўапкершилик мәденияты қәлиплести. Бүгин бул тек қуры гәплер емес, реформалардың нәтийжесин тараўда жумыс алып барып атырған исбилерменлер де турмыслық тәжирийбеси мысалында сезинбекте.
Тоқымашылық тараўында үлкен нәтийжеге ерискен исбилермен - “Global Textile” тоқымашылық кәрханасының басшысы, қол астында мыңлаған адамлар ислейтуғын Музаффар Раззоқов интервьюлериниң биринде былай деген еди: "Жумыс баслағанымызда көплеген шериклеримиз бизди тоқтатпақшы болды. "Сизлердиң қолыңыздан бул ис келмейди, өзбеклер өз үстинде ислемейди", деди. Бирақ биз исенимимизди жоғалтпадық. Жасларды жәмлеп, ҳәрекетке түстик. Бүгин болса сол сырт еллилер бизиң жумысымызға ҳәўес пенен қарап, тийкарғы шеригимизге айланған.
Және бир мысал. Бир неше жыл алдын Уллы Британиядан елимизге келген сырт елли исбилермен - ири халықаралық брендлер ушын өним жеткерип бериўшилерди излейтуғын “Sourcing” компаниясының басшысы менен танысып қалдым. Компанияның тийкарғы жумысы дүнья бойлап исенимли тәмийнатшыларды табыў ҳәм олардың потенциалын баҳалаўдан ибарат.
Ферғанаға барғанын еслеп, таң қалғанын ҳәм қайыл қалғанын жасырмай, "Мен әдетте жақсы тәмийнатшы табыў ушын бир мәмлекеттен пахта жетистириўшини, басқасынан жүн жеткерип бериўшини, және басқа аймақтан гезлеме ислеп шығарыўшы ҳәм тигиўшилерди излеўиме туўра келетуғын еди. Сизлерде болса ҳәммеси 100 километр радиуста жайласқан! Бул - мисли көрилмеген имканият!", деп тәсирлери менен бөлискен еди".
Экспорт ҳәм модернизация жолында
Қәнигелер тараўдың экономикалық, социаллық тәреплерин бийкарға тән алмайды. Себеби, ол миллионлаған адамларды жумыслы етеди. Экономиканы аяққа турғызады. Усы мәнисте, елимизде де 1 миллион гектардан аслам аймақта жетистирилетуғын пахтаны егиўден таяр өним дәрежесине алып шықсақ, қаншадан-қанша инсанның руўзыгершилигине қут-берекет киреди. Буны дүнья тәжирийбеси де, елимиздеги реформалар да айқын көрсетпекте. Өзбекстан сиясатында экспортты көбейтиў, жумыс орынларын ашыў ҳәм санаатты модернизациялаў тийкарғы ўазыйпалардан бирине айланды. Ҳуқықый тийкарлар тоқымашылық санаатын тек ғана тиклеп қоймастан, ал мәмлекет экономикасының жетекши тармақларынан бирине айландырды. Өндирис шынжыры толық қайта көрип шығылды. Шийки заттан таяр өнимге шекемги басқышлар локализацияланған. Индустриал зоналар, субсидиялар, жеңиллетилген кредитлер, факторинг хызметлери сыяқлы қолайлы финанслық механизмлер енгизилди.
Әсиресе, Европа базарына кирип барыўда халықаралық стандартларға муўапық исленгени үлкен әҳмийетке ийе болды. Бурын балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнетке байланыслы наразылық себепли Европа мәмлекетлери өзбек пахтасын сатып алыўдан бас тартқан болса, соңғы реформалар нәтийжесинде бул шеклеў бийкар етилди ҳәм экспорт көлеми кескин артты. 2017-жылы Европаға экспорттың баҳасы 45 миллион евроны қураған болса, 2022-жылы бул көрсеткиш 161 миллион евродан артқаны буны айқын тастыйықлайды.
Тоқымашылық санаатының раўажланыўы тек ғана экономикалық көрсеткишлери емес, ал социаллық тәсири менен де әҳмийетли. Мыңлаған жумыс орны ашылып атырғаны, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар ушын әҳмийетли имканият болмақта. Аўыллық жерлерде санаат кәрханаларының ашылыўы нәтийжесинде халықтың турмыс дәрежеси жақсыланбақта. Соның менен бирге, жоқары қунлы өним ислеп шығарыў арқалы жалпы ишки өнимде санааттың үлеси артпақта.
Тоқымашылық санаатының келешектеги перспективаларына итибар қаратсақ, мәмлекет тәрепинен белгиленген стратегиялық мақсетлер жүдә анық: 2027-жылға шекем болса 7 миллиард долларға жеткериў мақсети алынған. Бул жолда дизайнерлик потенциалды раўажландырыў, қәнигелерди қайта таярлаў, мәлимлеме технологиялары ҳәм электрон саўда бағдарларын тоқымашылық санаатына интеграциялаў әҳмийетли ўазыйпалардан болып есапланады.
Әлбетте, бул мақсетлерге ерисиў аңсат емес. Сырт ел брендлери менен бәсекилесиў ушын тек ғана сапа ҳәм дизайн емес, ал маркетинг ҳәм логистикада да жетик көзқарас талап етиледи. Сонлықтан, бүгин электрон саўда майданлары - Amazon, Alibaba, Wildberries сыяқлы платформалар арқалы миллий өнимлерди сатыў, онлайн маркетинг бойынша қәнигелер таярлаў ҳәм кәрханаларды санластырыў тийкарғы ўазыйпалардан бирине айланбақта.
Суў - байлық, оннан ақылға уғрас пайдаланыў болса парыз
Бул жерде және бир әҳмийетли тәрепке итибар қаратпаўымыз керек. Ҳәзир тоқымашылық санаатындағы революциялық өзгерислер тек ғана өндирис процесинде емес, ал оның тийкарғы дәреги болған аўыл хожалығында да үлкен бурылыс жасамақта.
Ең әҳмийетлиси, суўғарыў системасында түпкиликли өзгерислер жүз берди. Заманагөй тамшылатып суўғарыў технологиялары енгизилди. Бул болса инсаният ушын ең баҳалы ресурслардан бирин үнемлеп-тежеп ислеў имканиятын бермекте.
Әлбетте, өтмишти артқа қайтарып болмайды. Бирақ өз ўақтында итибар қаратылмаған тараўлар ақыбетинде Арал теңизи қурып кеткенин умытып болмайды. Бул тек ғана өтмиш қәтеси емес, ал бүгин суў менен байланыслы сиясаттың қалай қәлиплесиўи керек екенлигин белгилеп беретуғын тарийхый сабақ болып есапланады.
Ҳәзир тоқымашылық санаатының раўажланыўы тек ғана экономикалық көрсеткишлер менен емес, ал экологиялық турақлылық, суў ресурсларын ақылға уғрас басқарыў, келешек әўлад ушын саламат орталық жаратыў көзқарасынан да айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Тоқымашылық өнимлериниң халықаралық саўдасында әйне усы тәреплерге де итибар қаратылады. Реформалар тек ғана өндирис нәтийжелилигинде емес, ал тәбиятқа мүнәсибетте де өз көринисин табыўы керек.
Миллий мақтаныш
Тоқымашылық қайсыдур мәнисте келешектеги экономикалық моделимиздиң прототипи болып есапланады. Себеби бүгин көпшилик жеке меншик бизнес ўәкиллери тараўда жумыс алып бармақта. Бул жерде мәмлекет басқарыўшы емес, ал қоллап-қуўатлаўшы ҳәм шараят жаратыўшы сыпатында қатнасып атырғаны және де итибарға ылайық.
Тоқымашылық санаатында жеке меншик сектордың үстинлиги тек ғана статистика емес, ал жуўапкершилик ҳәм имканияттың жеке меншик баслама қолына тапсырылғанының әмелий көриниси болып есапланады. Ҳәр бир жетискенлик болса дурыс басқарыў, сапалы өним, мақсетли базар таңлаў ҳәм бәсекиге шыдамлылық нәтийжеси болып табылады. Бул тараўда тек ғана өним емес, ал экономикалық ҳәм мәдений философия да қәлиплеспекте. “Made in Uzbekistan” брендин дүнья базарында табыслы алға қойып атырмыз. Бурынғы ийек артыўшылық кейпияты орнын "өз күшим менен ислей аламан" деген исеним ийелемекте. Енди жаслар пахта атызында емес, заманагөй фабрикаларда дизайнер, технолог ҳәм инженер сыпатында мийнет етпекте.
Ҳәр бир инсан өз мийнети ушын мүнәсип тән алыныўы ҳәм ҳақыйқый баҳа алыўды қәлейди. Бул болса оның қанша ислегенине емес, ал жәмийет оның мийнетине қандай мүнәсибетте болыўы менен белгиленеди. Егер ол ислеп шығарған өнимине ийелик етип, оннан пайда көрсе, мийнет қәдири тикленеди.
Усы тәризде тоқымашылық биз ушын тек ғана санаат емес, ал экономикалық ғәрезсизлик сынағы, базар экономикасының прототипи ҳәм миллий потенциалымыз белгиси болып есапланады. Бүгинги жетискенликлерди қәдирлеп, ҳәр бир қәдемде ашық-айдынлық, сапа ҳәм профессионаллық қатнасты тийкар етип алыўымыз керек. Сонда ғана қурмақшы болған заманагөй, табыслы ҳәм миллий мақтанышқа тийкарланған тоқымашылық санааты ҳақыйқый әҳмийетке ийе болады.
Кейинги жылларда санаат ҳәм аўыл хожалығындағы түпкиликли өзгерислер себепли экспорт қурамы сезилерли дәрежеде өзгерди. Атап айтқанда, экспорттағы пахта талшығының үлеси кескин азайды. 2010-жылы үлес 12,1 процентти қураған болса, 2023-жылдың ақырында бул көрсеткиш 0,2 проценттен ибарат болды. Өткен жылы болса тоқымашылық өнимлериниң экспорты улыўма экспорттың 10,6 процентин қурады. Бул алдынғы жылдағыға салыстырғанда 6,7 процент көп. Бул тоқымашылық санаатында қосымша қунға бағдарланған жумыслар нәтийже берип атырғанын аңлатады.
Дәслепки табыслар әллеқашан нәтийжесин көрсетпекте. Енди болса усы нәтийжелерди беккемлеў, сапа ҳәм инновацияны тийкарғы нормаға айландырыў, ҳәр бир өнимниң артында мийнет, билим ҳәм миллий мақтаныш жәмленген санаатты қурыў тийкарғы ўазыйпа болып есапланады.
Сардор ТОЛЛИБОЕВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы