Соңғы бир жылда электр ҳәм газ тутыныўы ушын енгизилген социаллық норма мәселеси халқымыз арасында тийкарғы сәўбет темасына айланды. 200 киловаттлық социаллық норма оғада аз екени бойынша наразылықлар көп ўақытқа шекем күн тәртибинен түспеди. Бул мәселе ҳәзир де актуал, бирақ көпшилик социаллық норманың мәнисин әдеўир түсинип алды. Ҳәттеки электр энергиясы ушын бурынғыдай барлық тутыныўшы бирдей тарифте емес, ал ҳәмме пайдаланғанына жараса пул төлеп атырғаны социаллық әдилликтиң бир көриниси екенин де аңлап атырмыз. Бир қатар мәмлекетлерде усындай норма әмел ететуғынын көпшилик жақсы биледи. Қалаберди, қәнигелер бул норма қатаң белгиленгени, енди хызмет ҳақы тек усы тәртипте төленетуғынын айтқаннан соң, өзимиз де соған бейимлесип қалдық.
Социаллық норма бийкар етилмесе де, төлем суммасы өзгерип туратуғыны рас. Яғный, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ баҳасы басқа тутыныў өнимлериниң баҳасы сыяқлы артып барыў қәсийетине ийе. Өткен жылы майда биринши мәрте электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ ушын енгизилген социаллық норма менен бирге, баҳасы да арттырылған еди. 2019-жылдан берли көтерилмеген электр энергиясының баҳасы бирден еки есеге көтерилген. Сол ўақытта электр энергиясының баҳасы бир айға 200 киловаттқа шекем - 450 сум, 1000 киловаттқа шекем - 900 сум етип белгиленген. Усы норма артыўы менен баҳа да артып барады. Өткен бир жылда әне усы баҳа тийкарында пул төлеп киятырған едик.
Бирақ усы жылы 1-майдан баслап елимизде электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ ушын жаңа тарифлер белгиленген еди. Соның менен бирге, тутыныўшылар ушын "Аймақлық электр тармақлары" АЖ тәрепинен жаңа тарифлерди есаплаў ушын "Электр энергиясының тутыныў калькуляторы" да жаңаланды.
Енди электр энергиясы ушын базалық норма бойынша 200 киловатт-саатқа шекем 600 сум (бурын 450 сум еди), 201 киловатттан 500 киловатт-саатқа шекем 800 сум, 501-1000 киловатт-саат ушын 1000 сум; тәбийғый газ ушын болса айына 500 куб метрге шекем 1000 сум (бурын 650 сум еди), 501-2500 куб метрге шекем 1800 сум пул төленеди. Энергетика министрлигиниң мағлыўматына бола, графиктеги өзгерислер халық ушын жеңиллик жаратыўға қаратылған. Буны жуўапкердиң өзи түсиндирип, тарифлердеги айырмашылықларды түсиндирип бергени мақсетке муўапық болады.
- Ҳүкиметтиң өткен жылғы тийисли қарарында 2025-жыл 1-апрельден электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ баҳасы арттырылатуғыны көрсетилген еди, -дейди энергетика министриниң мәлимлеме сиясаты мәселелери бойынша кеңесгөйи Ҳасан Тошхўжаев. - Бирақ мәмлекетимиз басшысының тапсырмасына тийкарланып баҳаны арттырыў мүддети бир айға - 1-майға шекем кешиктирилди. Қалаберди, бир жыл даўамындағы үйрениўлер, халықтың пикир-усыныслары, наразылықлары есапқа алынып, тийисли шөлкемлер менен келисилген ҳалда тарифлерге өзгерис киргизилди. Атап айтқанда, 201 киловатт-сааттан 1000 киловатт-саатқа шекемги дифференциалластырылған тариф бойынша тутыныў муғдары арасына жаңа көрсеткиш киргизилмекте. 2025-жыл 1-майдан баслап тутыныўшылар 201 киловатт-сааттан 500 киловатт-саатқа шекемги электр энергиясы ушын 900 сум емес, ал 800 сумнан төлейди. Алдынғы тәртипке бола, пайдаланылған электр энергиясының 201 киловатт-сааттан 1000 киловатт-саатқа шекемги бөлеги ушын 900 сумнан ҳақы төленген.
Әпиўайыластырып түсиндиретуғын болсақ: мысалы, бир айда орташа 500 киловатт-саат электр энергиясын пайдаланатуғын шаңарақ алдын 360 мың сум төлер еди, енди де төлем муғдары өзгермейди, бирақ тарифлер басқаша бөлистириледи: 200 киловатт ушын 120 мың сум, 300 киловатт ушын болса 240 мың сум. Яғный олар ушын баҳа көтерилип атырған жоқ. Есап-санақларға бола, халықтың 88 проценти айына 500 киловаттқа шекем электр энергиясын жумсайтуғынын есапқа алсақ, көпшилик ушын баҳа өзгериссиз қалып атырғанын көремиз. Баҳалардың артыўы тийкарынан айына 501 киловатттан көп электр энергиясынан пайдаланатуғын шаңарақлар ушын сезиледи. Сонда да бул муғдар ушын ҳәзирге шекем 810 мың төленген болса, енди бул сумма 860 мың сумға айланады. Яғный 50 мың сум артып атыр. Бул күнине шама менен 1600 сумнан қосылып атыр, дегени. Қалыс айтатуғын болсақ, сонша муғдардағы электр энергиясын жумсайтуғын шаңарақ соған жараса төлеў имканиятына ийе. Себеби, 1000 киловатт-саат электр токин ислетиў ушын инсанның үйинде жүдә көп техника болыўы керек. Буны әпиўайы адамлар да жақсы шамалай алады.
Шеклеў ме ямаса социаллық әдиллик пе?
Жақында қызықшы жәмәәтлерден бириниң соңғы концерт бағдарламасын тамашаладым. Темалар арасында электр энергиясы ушын белгиленген 200 киловаттлық социаллық норма мәселеси де сатираланған. Сахналастырылған тамашада бир шаңарақ энергия тутыныўын 200 киловаттлық нормадан асырып жибермеў ушын светсиз отырғаны, электр токынан пайдаланбай атырғаны көрсетиледи. Қызығы, қоңсылардың үйинде де жағдай сол. Электр тогин үнемлеў ушын еки қоңсы футбол ойынын бир таймнан бир-бириниң үйинде көриўге келеди.
Тамашагөй сыпатында мени бир нәрсе ойландырды: биз бир ўақытлары усы "тежеўге" жетип келиўимиз керек еди! Бул үнемлеў қоңсымыздың ямаса бөтенниң емес, өзимиздиң қалтамызға пайда екенин де жақсы билемиз. Қалаберди, биз үнемлеп ислеп атырған тәбийғый ресурслар ертеңги әўладлар ушын да хызмет етиўи керек.
Күн даўамында жумсап атырған суў - "суў арзан" деп ағызып қойылатуғын тиришилик суўына қарағанда ысырапгершиликти ҳәдден асырып жибергенимиз айқын көринеди. Тән алайық: электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ бенен де сондай жағдай еди. Керек-керек емес қурылманы жағып қойып, ҳеш ким жоқ бөлмеде телевизор, ҳаўа суўытқыш ислеп туратуғын, күни менен микротолқынлы печь, музлатқыш, шай қайнатқыш сыяқлы қурылмалар электр дерегинен үзилмейтуғын шаңарақлар ҳәзир де бар. Бул да ҳәр кимниң ықтыяры, тек ғана тутыныўға сәйкес пул төлениўи керек.
Өзимше талқылайман: бир шаңарақ электр энергиясынан үнемлеп пайдаланса, екиншиси қәлегенинше қурылмадан пайдаланса, бирақ екеўи де бирдей баҳада пул төлесе, әдиллик бола ма?! Бул базар экономикасына да, социаллық әдилликке де туўра келмейди. Баҳалардың көтерилиўи тәрепдары емеспен, бирақ "тутыныўға жараса - төлем" системасын қәлиплестириў дурыс шешим, деп ойлайман. Киши мысал: бир айда 1000 киловатт электр энергиясын жумсайтуғын шаңарақ 200 киловаттқа шекем ислететуғын 5 шаңарақтың тутыныўына тең.
Ҳәзир дүнья көлеминде энергетика резервлери барған сайын азайып бармақта. Соның ушын да оннан нәтийжесиз, ысырапгершилик пенен пайдаланыўға болмайды. Адамлардың электр энергиясынан пайдаланыўға болған талабын буннан 10 жыл алдынғы жағдай менен салыстырып болмайды. Кейинги жыллары бул талап кеминде 35 процентке артқан ҳәм артыўда даўам етпекте. 2030-жылға барып мәмлекетимиз тутыныўшыларының электр энергиясына жыллық талабы 74 миллиард киловатт-сааттан 110 миллиард киловатт-саатқа шекем артыўы есап-санақ етилген. Сонлықтан, бул ресурстың альтернатив дәреклерин табыў ҳәм енгизиў менен бирге, үнемлеўге үлкен итибар қаратылмақта.
"Жасыл" энергетикаға өтиў ҳәрекетлери де бираз жедел бармақта. Мағлыўматларға бола, ҳәзирги ўақытта елимизде "жасыл" энергетика бойынша 4067 мегаваттлық қуўатлылық ислеп тур. Быйылғы жылғы мәмлекетлик бағдарламада және қосымша қуўатлықларды иске қосыў белгиленген. Қалаберди, халықтың үйлерине қуяш панеллерин орнатыў бойынша берилип атырған жеңилликлерден де көпшилик хабардар. Ўатанласларымыз бул жеңилликлерден пайдаланыў менен бирге, тутыныўынан артқан "жасыл" энергияны мәмлекетке сатып атыр. Мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм кәрханалар басқышпа-басқыш әне усы системаға өтпекте. Улыўма, Өзбекстан өз алдына 2030-жылға барып "жасыл" энергия көлемин 54 процентке жеткериўди мақсет еткен.
Ҳәзирги баҳа да қәрежетти қапламайды
Энергетика министрлигиниң мағлыўматына бола, бүгин Өзбекстан халықтың электр энергиясына болған талабын толық тәмийинлей алады. Ҳәттеки артқанын экспорт етиў дәрежесине жеткен. Ал, онда аймақларда электр энергиясының үзилиўи менен байланыслы машқалалардың себеби неде деген сораў пайда болады. Оған жуўап ретинде жуўапкерлер жеткерип бериў, инфраструктура менен байланыслы мәселелерди себеп етип келтиреди. Буларды тәртипке салыў, системаны турақлы реформалаў ушын да электр энергиясы төлеми өндирис қәрежетине сәйкес болыўы керек.
Қәнигелердиң айтыўынша, Өзбекстан электр энергиясының баҳасы арзанлығы бойынша дүньяда 7-орында турады. Усы ўақытқа шекем өндирис қәрежетлериниң тийкарғы бөлеги мәмлекетлик субсидия тийкарында қапланған. Ҳәзир 1 киловатт электр энергиясының өзине түсер баҳасы, яғный өндирис қәрежети қосымша қун салығы менен 1002 сум. Норматив бойынша белгиленген төлем суммасы да электр энергиясын ислеп шығарыў, жеткерип бериў, бөлистириў қәрежетин толық қапламайды. Соған қарамастан, халықтың бирлемши талабы ҳәм зәрүр муғдарын есапқа алған ҳалда 200 киловаттқа шекем электр энергиясы ушын жеңиллетилген, субсидияланған баҳалар усыныс етилген.
- Келиң, буны айына 500 киловатт-саатқа шекем электр энергиясынан пайдаланатуғын халықтың қатламы мысалында таллап көрейик, - дейди Ҳасан Тошхўжаев. - Сонша муғдардағы норма ушын айына 360 мың сум төленеди, бирақ өндирис қәрежети 500 мың сумнан артады. Демек, мәмлекет елеге шекем халыққа 140 мың сум субсидия берип атыр. Жыллар даўамында елимизде электр энергиясының баҳасы арзан болғаны ҳаққында айтамыз, бирақ соған жараса системада да реформалар болмаған. 2023-жылға шекем дерлик үлкен жумыслар исленбеген, қаржы жетиспеген. Әйне 2023-жылдағы суўық қыс энергетика тараўындағы ҳақыйқый жағдайды көрсетип берди. Буннан кейин мәмлекетимиз басшысының тапсырмасы менен тараўға 2 мәрте 1,5 миллиард сумнан қаржы ажыратылды. Буның нәтийжесин адамлар қысқа мүддетте көре баслады. Айтайық, еки жыл алдын электр энергиясындағы үзилис жағдайы 3-3,5 саатта сапластырылған болса, ҳәзир 1 саатқа шекем қысқарды. Авариялар саны азайды, тармақлар турақлы жаңаланбақта. Ташкент қаласының өзинде өткен еки жылда 20 мыңға шамалас трансформатор алмастырылды, 50 мың километрге шамалас ҳаўа жеткерип бериў тармағы жаңаланды. Бундай жумыслар барлық аймақта исленбекте. Бир ғана мысал: Әндижан ўәлаятының шегара аймағындағы Марҳамат районында 2016-жылдағы ҳәм бүгинги жағдайды салыстырсаңыз, халықтың өзи үлкен парық бар екенлигин айтады. Алдынлары аймақта күнлеп электр тынышлығы өшетуғын еди. Ҳәзир 2 саат өшсе, халық дәрриў наразылық билдиреди. Бул дурыс жол, адамлар машқалаларды айтыўы керек. Биз болса оларды сапластырамыз. Себеби тийкарғы мақсетимиз халыққа турақлы, исенимли ҳәм үзликсиз электр энергиясын жеткерип бериўден ибарат. Жаңа тариф себепли алынған қаржы усы мақсетке бағдарланады. Өнимниң баҳасы оны жеткерип бериў ҳәм көрсетилетуғын хызмет қәрежетин қаплаўы керек, базар талабы сондай.
Компенсация кимлерге бериледи?
Бәринен бурын социаллық норма халық тәрепинен сатып алыўда қолланылатуғын жеңиллетилген тариф екени айтылған еди. Яғный энергия белгили нормаға шекем салыстырмалы төмен (жеңиллетилген) баҳада сатылады ҳәм бул нормадан жоқары тутыныў ушын базар баҳасында сатылады. Ҳәзирги тарифлер бойынша 200 киловаттлық норма жеңиллетилген ҳәм бул халықтың барлық қатламына қолланылады.
Енди буған қосымша басқа жеңиллик ҳаққында да тоқтап өтсек. Күни кеше мәмлекетимиз басшысының тийисли қарары менен жәрдемге мүтәж халыққа мәмлекет тәрепинен газ ҳәм электр энергиясы төлемлеринде айрықша жәрдем - жыл даўамында компенсация берилетуғын болды. Алдын бундай жәрдем тек қыс мәўсиминде берилетуғын еди.
Солай етип, 2025-жыл 1-майдан 2027-жыл 1-апрельге шекем мүтәж шаңарақларға электр ушын айына базалық норма (200 киловатт) дан артық пайдаланылған 150 киловаттқа шекем, газ ушын ноябрь - февраль айларында базалық норма (500 куб метр) дан артық пайдаланылған 250 куб метрге шекем, басқа дәўирлерде болса 150 куб метрге шекем артық пайдаланылған бөлеги ушын тийисли сумма мәмлекет тәрепинен төлеп бериледи.
Усы жылдың март айы жағдайына бола, Өзбекстандағы кем тәмийинленген шаңарақлардың саны 746 мың 149 ды қурайды. Жәрдемге мүтәж шаңарақлар қатарына болса, бәринен бурын, социаллық қорғаўдың бирден-бир реестрине киргизилгенлер киреди. Яғный биргеликтеги айлық дәраматы тең бөлистирилгенде 669 мың сумнан аз болған шаңарақлар усы системаға киргизилген. Компенсация төлеп берилетуғын кейинги талапкерлер болса кәмбағал шаңарақлар реестриниң дизиминдегилер болып есапланады. Бул системаға шаңарақтың бир айлық дәраматы бөлистирилгенде, 1 миллион 155 мың сумнан аз болған шаңарақлар киргизиледи. Сондай-ақ, еки реестрге де кирмеген, бирақ мүлки аз ҳәм айлық дәраматы ҳәр бир шаңарақ ағзасына бөлистиргенде 1 миллион сумнан аз болған шаңарақларға газ ҳәм электр төлеми ушын компенсация төленеди.
Ирода ТОШМАТОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы




