Аймақларда жайласқан студиялар арқалы илажда нураныйлар ҳәм кең жәмийетшилик қатнасты. Сондай-ақ, ҳәр қыйлы миллет ҳәм диний конфессиялар, дипломатиялық корпус, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында пүткил халқымызды мүбәрек Рамазан айы менен және бир мәрте қызғын қутлықлады. Бул қутлы күнлерди елимиз тынышлық-парахатшылық орталығында күтип алып атырғаны ушын Алла таалаға шүкирлик билдирилди.

Рамазан айы - ғамхорлық ҳәм итибар, жақсылық ҳәм саўаплы әмеллер тымсалы. Мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер, Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Мәҳәллелер бирлеспеси, Мусылманлар басқармасының "Вақф" қоры, "Инсан" орайлары, исбилерменлер тәрепинен кекселер ҳәм жәрдемге мүтәж инсанлар, майыплығы болған шахслар, кем тәмийинленген шаңарақларға руўхый ҳәм материаллық жәрдем көрсетилмекте. Медицина бригадалары алыс ҳәм шетки аймақларға барып, ҳаял-қызлар, балалар, ветеранларды тексерип, аўыр наўқасларды операция етпекте.

Бул ийгиликли ислер инсан қәдирин улығлаў, жәмийетте тынышлық ҳәм улыўмахалықлық аўызбиршиликти беккемлеўге хызмет етип атырғаны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы ҳәзирги оғада қәўетерли заманда тынышлықтың қандай уллы, шын мәнисинде бийбаҳа байлық екенин, ең үлкен байлық - 38 миллионнан аслам халық татыў, татыў шаңарақ сыпатында жасап атырғанын және де терең аңлаў зәрүр екенлигин атап өтти.

Илажда Өзбекстандағы дипломатиялық корпус ўәкиллериниң де қатнасқаны динимиздиң инсаныйлық ҳәм кеңпейиллик қәдириятларына ҳәм мәмлекетимиздиң ашық-айдынлық сиясатына болған ҳүрметтиң көриниси сыпатында қабыл етилди.

Бул күн халқымыз ушын және бир тарийхый ўақыя - Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының рәсмий ашылыўы екени айрықша атап өтилди.

- Бәринен бурын, ата-бабаларымыздың көп әўладларының арзыў-нийетлери әмелге асқан, илим, мәнаўият ҳәм ағартыўшылықтың ҳақыйқый байрамы болған бул тарийхый ўақыя менен бәршеңизди шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.

Үш мың жыллық даңқлы тарийхымыз ҳәм бай мәдениятымыз, Жаңа Өзбекстанның үлкен имканиятларының айқын көриниси болған мине усындай бийтәкирар, саўлатлы комплекстиң қурылғаны менен бәршеңизди, пүткил халқымызды қутлықлайман! - деди Президент.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде раўажланған мәмлекет ҳәм еркин жәмийет тийкарын жаратыў ушын "Илим ҳәм билимлендириў - бәринен бурын" деген уллы мақсет турмысқа енгизилмекте. Себеби, муқаддес динимиз мине усыған шақырады. Соның ушын Ислам цивилизациясы орайындағы Улығбек порталына Қураны кәримниң "Иқра!" - "Үйрен!" деген сөздиң рәмзий ҳәм терең мәниси бар.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 72-сессиясында жәрияланған орайды қурыў бойынша ийгиликли баслама дүнья жәмийетшилиги, әсиресе, ислам дүньясы тәрепинен қоллап-қуўатланды. Жойбар асықпастан, терең ойланған ҳалда, илимий-изертлеў жумысларына сәйкес түрде әмелге асырылды.

Нәтийжеде Ҳәзирети Имам комплекси жанында миллий руўх пенен суўғарылған, тәкирарланбас архитектуралық көриниске ийе пүткил Шығыс қалашасы бой тикледи.

Орайдағы бирден-бир ағартыўшылық мәканда бир ўақыттың өзинде Өзбекстанның әййемги тарийхы ҳәм цивилизациясының дүрданаларын көриў, өзбек халқының интеллектуаллық ҳәм мәдений потенциалына анық исеним пайда етиў мүмкин.

- Бул жерде ҳәр бир инсан, әсиресе, жасларымыз ислам дининиң ҳақыйқый қәдириятларын, қандай уллы мийрастың мийрасхорлары екенимизди терең түсинип жетеди, - деди Президент.

Тек ғана елимиз емес, ал пүткил регионымыздың руўхый байлығын және де терең үйрениў ҳәм пүткил дүньяға үгит-нәсиятлаў мақсетинде оны "Ислам цивилизациясы" деген улыўма атама менен көрсетиўге қарар етилгенин атап өтти. Халықаралық экспертлердиң тән алыўынша, Өзбекстан ислам цивилизациясы мийрасын үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў бойынша өзине тән илимий мектеп қәлиплесип атырғаны, үлкен интеллектуаллық потенциалға ийе екенин дүньяға көрсете алғаны атап өтилди.

Президентимиз орайдың көлеми ҳәм имканиятлары ҳаққында сөз етип, бул сийрек ушырасатуғын комплекс дерлик 10 гектар майданда жайласқанын, имараттың улыўма пайдаланыў майданы 50 мың квадрат метр екенин атап өтти. Бул жерде "Өзбекстан жеринде исламға шекемги дәўир", "Биринши ҳәм Екинши Ренессанс", "Жаңа Өзбекстан - үшинши Ренессанс тийкары" сыяқлы экспозиция заллары шөлкемлестирилген.

Музей экспозицияларын қәлиплестириў ҳәм байытыў бойынша салмақлы жумыслар әмелге асырылды. Тек ғана өткен жылдың өзинде оларды 1,5 мыңнан аслам экспонат, атап айтқанда, 800 ге шамалас әййемги қолжазбалар, археологиялық табылмалар ҳәм тарийхый карталар байытты. Сырт елдеги аукцион үйлери, ири коллекционерлер ҳәм арт-дилерлер менен бирге ислесиў жолға қойылып, 743 экспонат түп нусқасы елимизге алып келингени атап өтилди.

Орайдың тийкарғы ханасы - Қураны кәрим залында дүньядағы ең әййемги 6 Қураннан бири - Усман Мушафи өзиниң мүнәсип ҳүрметли орнын ийеледи. Бул жерде Қуранның ҳәр қыйлы дәўирлерге тийисли сийрек ушырасатуғын қолжазбалары да жәмленген.

Атап өтилгениндей, Ислам цивилизациясы орайы 2025-жылдың өзинде мыңлаған сырт елли мийманларда үлкен қызығыўшылық оятты. Олардың арасында мәмлекет, парламент ҳәм ҳүкимет басшылары, депутатлар, сенаторлар, министрлер, елшилер, илимпазлар ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, диний шөлкемлердиң басшылары бар еди. Орайды жойбарластырыў, қурыў ҳәм заманагөй мәлимлеме технологиялары менен үскенелеў жумысларында Франция, Қытай, Уллы Британия, АҚШ, Бирлескен Араб Әмирликлери, Россия, Түркия, Германия, Испания, Италия, Малайзия, Әзербайжан, Саудия Арабстаны, Ҳиндстан, Орайлық Азия ҳәм басқа да бир қатар мәмлекетлерден жоқары маманлықтағы қәнигелер де белсене қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы шебер жойбарлаўшыларға, қурылысшы ҳәм инженерлерге, илимпаз ҳәм уламаларға, сырт елли бирге ислесиўшилер ҳәм экспертлерге, атап айтқанда, Өзбекстан мәдений мийрасын үйрениў, сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша пүткил жер жүзилик жәмийет ағзаларына, комплексти қурыўға мүнәсип үлес қосқан барлық пидайы инсанларға, сондай-ақ, бундай үлкен имараттың қурылысына қәўендерлик көрсеткен жергиликли ҳәм сырт елли исбилерменлерге, мәденият ҳәм спорт ғайраткерлерине шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

- Ислам цивилизациясы орайын қурыўға кирискенде, дүньяның қай жеринде болмасын, тарийхымызға байланыслы ҳәр қандай қолжазба ямаса экспонатларды таўып, елимизге алып келиўди өз алдыма мақсет етип қойған едим. Бүгин, Жаратқанға шүкир, оны әмелге асырыўға еристик. Биз бул жумысларды әлбетте даўам еттиремиз, - деди мәмлекетимиз басшысы.

Дүньяның ҳәр қыйлы мәмлекетлеринде сақланып атырған сийрек ушырасатуғын қолжазбаларды анықлаў ҳәм үйрениў бойынша жаңа халықаралық илимий экспедициялар шөлкемлестирилетуғыны атап өтилди. Бул бағдардағы жумысларға жергиликли ҳәм сырт ел илимпазлары, дүньяның жетекши илимий орайлары тартылады.

Орайдың жумыс көлемин кеңейтиў мақсетинде халықаралық бирге ислесиў тийкарында АЙСЕСКО, ИРСИКА, Оксфорд исламды үйрениў орайы, Франциядағы Темурийлер дәўири тарийхы ҳәм көркем өнерин үйрениў ассоциациясы, ТҮРКСАЙ сыяқлы шөлкемлердиң офислери шөлкемлестирилгени атап өтилди. Олар менен бирге ислесиўди күшейтиў ушын барлық зәрүр шараятларды жаратыў нәзерде тутылған.

Орайда Өзбекстан мусылманлары мәкемеси де жаңа резиденцияға ийе болғаны атап өтилди. Бул жерде ислам мийрасын терең үйрениў, диний уламалар, имам-хатиблердиң маманлығын арттырыў, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў мақсетке муўапық екени атап өтилди.

Жақын келешекте БМШ бас резиденциясында Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Мотуридий халықаралық илимий-изертлеў орайларының презентациясын өткериў режелестирилген.

Президентимиз бул орай руўхый-ағартыўшылық жумыслар ушын фундаменталь база болатуғынын айрықша атап өтти. Бул жерде Өзбекстан халықаралық ислам академиясының жоқары курс студентлери билим алады, оқытыўшылар билим ҳәм маманлығын арттырады. Ең әҳмийетлиси, бул орай жасларымыз ушын беккем руўхый таяныш болыўы, жаңа Хорезмийлер, Беруний ҳәм Улығбеклер, Ферғаний ҳәм Ибн Сина, Бухарий ҳәм Термизийлердиң жетисип шығыўына хызмет етиўи керек.

Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимиз басшысы илимпаз ҳәм изертлеўшилер, шайыр ҳәм жазыўшылар, уламалар, режиссёр ҳәм художниклер, журналистлер, дөретиўши жасларға мүрәжат етти.

- Мине, усы бийбаҳа мийрастан илҳамланған илимий изертлеўлериңиз, көркем әдебият, кино ҳәм театр көркем өнери дөретпелериңиз, сүўрет ҳәм көрсетиўлериңиз халқымыздың үш мың жыллық тарийхы ҳәм мәдениятының ҳаўазы сыпатында дүнья жүзинде жаңласын. Олар Жаңа Өзбекстанды тынышлық ҳәм жақсылық, илим ҳәм ағартыўшылық ели сыпатында улығлап, жасларымыздың тәрбиясына хызмет етсин! - деди Президент.

Сөзиниң жуўмағында Президентимиз Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы халқымыз ҳәм пүткил дүнья жәмийетшилиги ушын тынышлық, жақсылық, илим ҳәм ағартыўшылық платформасы болып қалатуғынына исеним билдирди.

Аўыз ашыў мәресиминде муқаддес Қураны кәрим аятлары оқылып, мүбәрек Рамазан айында тутылған ораза ҳәм пәтиялардың қабыл етилиўин, Ўатанымыз ҳәм халқымыздың аманлығын Алла тааладан сорап пәтия етилди.