Социаллық тармақларға көп кирмеўге қанша ҳәрекет етсем де, телеграмдағы "Туўысқанлар", "Классласлар", "Курсласлар", "Ески жумыс орны" ҳәм усы сыяқлы топарлардан келген ҳәр қыйлы хабарларға қызығып, гейде ылағып кеткенимди билмей қаламан. Түрли дәреклерден алынған сүўретли көринислер, постлар, цитаталар, "Фейсбук" ҳәм "Инстаграм"дағы шығып сөйлеўлерге берилген силтемелер өзине тартады. Олардың арасында болса "мазалы"сынан биймазасы көп.

Жақында усындай "сапар" даўамында қандай да бир модалар көргизбесинен кесип алынған бир көриниске көзим түсти. Төбе шашымды тикке турғызған бул көринисти мақулы көрмегеним жақсы еди. Егер ишки мәдениятым тосқынлық етпегенде, егер қағаз көтергенде "тәсирлеримди" балаларша етип көрсеткен болар ма едим? Тилекке қарсы олай емес...

Қулласы, қайсыдур сырт мәмлекеттеги (жоқары итимал менен Европадағы) мода бизнеси менен шуғылланыўшы бир компания усы жылдың бәҳәр-жаз айларында мода болыўы күтилип атырған либасларды көрсетти. Жас жигит-қызлар тийкарынан ашық усылда тигилген "заманагөй" дизайндағы түрли кийимлерди көз-көреки етип, арман-берман жүрип атыр. Енди бетим қызарып, көриўди тоқтатпақшы едим, бир ўақытлары еки қарыс атлас бөлегин денесиниң ана жер, мына жерине жабыстырып алған бир қыз шығып келди. Изинше тағы бир нешшеси атлас ҳәм адрасларымыздан тигилген оннан да бетер "кийимлерде" көринди.

Интернет тармағында "алгоритм" деген түсиник бар. Бир көринис, текст, рекламаны көбирек көрип қалсаңыз, бираз ўақыттан соң, сиз қәлемесеңиз де сол бағдардағы басқа силтемелер усыныла береди, лентадан шыға береди. Бундай мазмундағы, яғный атлас, адрас, шайы, созана, тақыя сыяқлы миллий либасларымыз "қатнасқан" биймаза көргизбелер көп екен ҳәм интернет алгоритми енди оларды биринен соң бирин маған усына баслады.

Ең қорқынышлысы, бир ўақытлары өзимиздиң елимизде, қара көз жигит-қызларымыз қатнасыўында болып өткен (өтип атырған) усындай модалар көргизбеси ҳаққында да көринис айланып кетти. Бир нәзер таслаўға адам уялатуғын, миллий гезлемелеримизден тигилген либасларды кийим десек, көзимиз де, тилимиз де өкпелейди. Және биреўлери басына өзбек тақыяларын илдирип алған. Бул не енди? Қашаннан берли миллий кийимлеримиз мода дүньясы исбилерменлери ушын арсызлықты үгит-нәсиятлаўшы қуралға айланды? Бул кийимлер миллетимиздиң ар-намысы, ийбе ҳәм уятының тымсалы емес пе еди?

Басламалар умытылмады ма?

Бир қанша ўақыт алдын Ташкент қаласы ҳәкимлиги, Мәденият министрлиги, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы сыяқлы шөлкемлер ийгиликли бағдарда бир қатар басламаларды алға қойған еди. Миллийликти үгит-нәсиятлаў, мәмлекетлик уйымларда миллий кийимде жүриў, миллий липаслар челленжин өткериў нәзерде тутылған, қәдириятларды сақлаў, оларды кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм де әўладлар арасындағы байланысты беккемлеўге қаратылған ҳәрекетлер белгили бир мүддет гүркиреди. Жүдә көплеген ўатанласларымыз миллий либасларда қатнасып, миллийликке ҳүрметин билдирди. Онысыз да гөззал өзбек ҳаял-қызлары миллий либасларға бөленип, тақыяларын кийип, және де тартымлы екенин көрсетти.

Бул жумысларда еркеклер де қатарынан қалмады. Тийкарында еркеклер кийимлериниң тийкарын кишкене орамал менен байлап қоятуғын тон шапан қурайды. Дәстүрий бас кийим сыпатында тақыя кийилсе, денеге тийкарынан пахталы гезлемеден көйлек-шалбарлар таңланады. Аяқ кийим ушын мәси ҳәм териден тигилген етиклерден пайдаланылады. Бирақ жоқарыдағы челленжде жигитлеримиз тек ғана тақыя кийиў менен шекленди. Соған да қуўандық.

Әсиресе, пайтахт ҳәкиминиң қарары менен Ташкент қаласында миллийликти кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша жумысшы топар дүзилгени, усы мақсетке қаратылған "Миллий Ташкент" жойбары тийкарында әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша илажлар режесиниң тастыйықланғаны көпшиликтиң алғысына себеп болды.

"Миллий либаслар ҳәм миллийликти ғалаба ен жайдырыўға байланыслы үгит-нәсиятлаў материалларын ислеп шығыў; кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлер және мәҳәлле пуқаралар жыйынлары менен бирге ислесиўди шөлкемлестириў; ғалабалық илажлар дәўиринде миллий либаслар ҳәм миллийликтиң абырайын беккемлеўди тәмийинлеў; миллий либаслар ислеп шығарыўшы исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў" сыяқлы бағдарлар жумысшы топардың тийкарғы ўазыйпалары сыпатында атап өтилди. Бул бойынша Ташкент қаласы ҳәкиминиң орынбасарлары, басқарма ҳәм шөлкемлер, район ҳәкимликлерине тийисли ўазыйпалар жүкленди.

Нәтийжеде қала көлеминде өткерилетуғын барлық ғалабалық илажлар (байрамлар, фестиваллар, көргизбелер, спорт жарыслары, концертлер ҳәм басқалар) миллий усылда безетилиўин және қатнасыўшылардың миллий либасларда болыўын тәмийинлеў ҳәм басқа да көплеген ўазыйпалар белгиленди.

Сондай-ақ, ғалабалық илажларда ең жақсы миллий либаслар көргизбеси, миллий ойынлар, миллий аяқ ойынлар ҳәм қосықлар таңлаўлары өткерилип, жеңимпазларға саўғалар ҳәм дипломлар берилип барылыўы нәзерде тутылды.

Жоқарыдағы баслама жеделлик пенен басланған еди. Нәзеримизде, арадан 5-6 ай ўақыт өтип, бүгин оның пәти бираз пәсейгендей... "Қай жерге бармайын басымда тақыям, ғаз жүрермен гәрдийип", деп мақтанған Еркин Ваҳидов, миллий кийимдеги қызларымыз алдында аспандағы ай да уят екенин дәлиллеп берген Муҳаммед Юсуфтиң отлы қатарлары, халқымыздың сүйикли көркем өнер ғайраткери Неъматжан Қулабдуллаев "көзи жайнап" Муҳайё, Сурайё, Рано, Муқаддеслер кийген атлас ҳүрметине айтқан дилўар қосықлар темасына бүгин және мүрәжат етпей атырғандаймыз...

Темаға қайтып...

“Янги Ўзбекистон” газетасында (быйыл 30-март, 65-сан) қәбилетли жас кәсиплесимиз Азизбек Юсуповтың "Тақыя кийсем... ямаса миллийлигимиз үлгиси бүгин масқаралаў объектине айланып қалып атырма?" мақаласы жәрияланған еди. Онда автор күйиниш пенен миллий бас кийим - тақыяның бүгинги күнге келип адамлар санасында уқсас емес буйымға айланып қалғаны, оны кийген адам талғамсызлықта айыпланып, тақыялы адам керегинен артық турпайы адам, деген түсиниктиң қәлиплесип қалғаны ҳәм усы сыяқлы аўыр мәселелердиң себеплерин таллап өтти.

Сол мақаладан кейин өзим де бул мәселеге басқаша көзқарас пенен қарай басладым. Ҳақыйқатында да, мәмлекетлик ҳәм жеке меншик телеканалларда тынымсыз эфирге берилип атырған заманагөй қосықшылардың атқарыўындағы қосықларға исленген клиплер, социаллық тармақларда тарқатылып атырған турақсыз ҳәм тасбаспа мем, вайн, видеокөринислердеги мәңгүрлеў, албыраклаў, әллеқандай гәплери менен балалық етип атырған қаҳарманлардың көпшилиги тақыясында ямаса шапан кийип берилмекте. Басқа "ақыллы, бай, исбилермен" персонажлар болса әпиўайы, заманагөй кийимде. Мақсет не? Гезлеме тоқыўшы өнерментлер, тақыяшылар, тон тигиўшилер көркем өнери әзелден жоқары қәдирленген, ҳүрметленген, олар жәмийетте белгили орынға ийе болған. Не ушын олардың мийнет өниминен "санаатшылар" кери мақсетлерде пайдаланбақта? Не ушын тек тамашагөйлердиң күлкиси, анығырағы, масқаралаўы ушын киргизилген образларға миллий липаслар кийгизиў дәстүрге айланып кетти?

Президентимиздиң усы жыл 14-февраль күни жаслар менен сөйлесиўинде олар ушын имканиятларды буннан былай да кеңейтиў илажлары додаланды. Сөйлесиўде тамашагөй ушын пайдалы, тарийхымыз ҳәм келешегимиз, қәдириятларымыз ҳаққында жаңа әўлад ушын пайдалы болатуғын медиа өнимлер таярлаўда жанкүйерлик көрсететуғын жасларға имканиятлар бериў керек екенлиги атап өтилди. Мейли, жаслар жаслық етип атырған шығар, биз үлкенлер-ше, бул жағдайға қашанға шекем үнсиз қарап турыўымыз мүмкин?

Айыпкер ким?

Усы жерде ойланып қалдым: бәлким миллий гезлемелеримиз ҳәм либасларымызға сырт ел подиумларында бизлердиң ашыўымызға тийип атырған мүнәсибетке өзимиз себепши шығармыз. Дәслеп өз журтымызда, өз миллетлеслеримиз арасында мийрас болып киятырған мәңги қәдириятларды мүнәсип қорғай алсақ, сонда шет еллерде де оның абырайы артады. Қашан миллий кийимлер ҳәр бир халықтың мәдений келбети, миллий өзлигиниң көриниси екенин, даңқлы тарийхы оның гезлемелеринде, рең ҳәм нағысларында көринетуғынын аңласақ, кейин басқаларға да түсиндирип қойыўымыз аңсат болады.

- Атлас ҳәм адрас сыяқлы гезлемеден тигилген миллий либасларды масқаралаў, оларды заманагөй кийимлерден төмен көриў миллий қәдириятларға ҳүрметсизлик, - дейди Европада ўақтынша жумыс алып барып атырған дизайнер Шаҳзода Қобилжонова. - Социаллық тармақларда бундай мүнәсибетлердиң тарқалыўы, ҳәттеки жаслар арасында уялып, миллий либаслардан ўаз кешиў жағдайларының көбейиўи қәўетерли жағдай. Бес жасар қызым өзимиз жасайтуғын қаладағы бақшаға барады. Топарда тийкарынан басқа мәмлекетлерден келген ҳәр қыйлы миллет ўәкиллериниң кишкене перзентлери жыйналған. Қызым ҳәр күни бақшаға миллий кийимде бараман, дейди. Себеби, тәрбияшылар миллий либастағы балаларды басқаларға ҳәр күни өрнек етип көрсетеди екен.

Аўа, миллий кийим арқалы кимниң қайсы халыққа, қайсы миллетке тийисли екенин анықлаў мүмкин. Егер биз бүгин миллий кийимлерди қәдирлемесек, ертеңги әўлад оларды улыўма танымай қалыўы мүмкин. Атлас ҳәм адрас болса тек ғана жипек гезлеме емес, олар арқалы халқымыз әсирлер даўамында өзиниң мәдениятын, үрп-әдетин көрсетип келген. Ҳәзир миллий гезлемелерди кийиўден уялыў жағдайлары, тилекке қарсы, жоқ емес. Дизайнерлеримиз миллий гезлемелерден жүдә шырайлы, заманагөй фасонға ийе көйлек, костюм ҳәм аксессуарлар тигип атыр. Тек оларды кийип бере алсақ болды.

- Миллий кийимлерди кийиў жаслардың санасында миллий мақтаныш, ўатанға муҳаббат ҳәм тарийхқа ҳүрмет сезимлерин қәлиплестиреди, - дейди педагог Қудратилла Каримов. - Миллий либаслар арқалы жаслар өз тамырларына, ата-бабаларының турмыс тәризине ҳәм қәдириятларына және де жақынласады. Бул болса олардың өзин таныўы, мәдений өзлигин аңлаўы ҳәм руўхый жетик шахс сыпатында қәлиплесиўине хызмет етеди.

Сондай-ақ, миллий кийимлер әдеп-икрамлылықты, әпиўайылықты, ар-намысты қәдирлеўге шақырады. Қызлар арасында адрас, атлас сыяқлы гезлемелерден тигилген кийимлер кийиў оларды әлпайым, әдепли ҳәм эстетикалық талғам, нәзиклик пенен тәрбиялаўға унамлы тәсир көрсетеди. Ер балалар болса миллий кийимлер арқалы мәртлик, ерлик, түркий халықларға тән мақтаныш ҳәм бир сөзлилик сыяқлы пазыйлетлерди өзинде жәмлей алады.

Жуўмақлап айтқанда, өзбек миллий кийимлери әпиўайы гезлемелерден тигилген, таярланған кийим ҳәм буйымлар емес, ал тарийх, көркем өнер, мәденият ҳәм өзликтиң тымсалы болып есапланады. Олар тек ғана той, мереке, мәресимлерде емес, ал күнделикли турмыста да орнын таўып барыўы керек. Оларды қәстерлеп сақлаў, жаңа әўладқа жеткериў ҳәр биримиздиң ўатан ҳәм миллетимиз алдындағы перзентлик парызымыз болып есапланады.

Итибар берген болсаңыз, соңғы ўақытлары халықаралық ареналарда спортшыларымыз, әсиресе, футболшыларымыз ҳәр сапары жеңиске ерисип, жеңис ямаса нәтийжени қолда Ўатан байрағы, баста тақыясы менен белгилемекте. Ықласбентлер де кийип алған тақыясы арқалы кимди ямаса қайсы команданы қоллап-қуўатлап атырғанын билдирип атыр. Бул жақсы тенденция, әлбетте.

Жоқарыда келтирип өткенимиз миллий гезлемелеримиз ҳәм либасларымызға менсинбей қатнаста болып атырған, болғанда да уялмай усынып атырғанларға болса былай деймиз: миллетимиз ўәкиллериниң ишинде қағаз көтере алмайтуғын гәплерди қозғамаң. Болмаса өзимизге жуўап бере алмай қаламыз.

Нодир МАҲМУДОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы