Ҳақыйқатында да бүгин айырым жаслар тынышсыз. Олардың кеўлине тынышлық бағышлаў жүдә әҳмийетли. Усы мәниде жақында мектеп билимлендириўи системасындағы реформалардың нәтийжелилигин және де арттырыў ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпалар бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў бағдарындағы тапсырмалар оғада орынлы. Әсиресе, балаларды музейлерге, экскурсияларға алып барыў мақсетке муўапық. Себеби музейлер бизди даңқлы өтмишке жақынластырады.

Соңғы мәрте музейге қашан бардыңыз, деген сораўға биз, үлкенлер де тез жуўап бере алмаймыз. Көпшилик оқыўшы, студентлик дәўиринде музейге барғанын айтады. Өмиринде бир мәрте де музейге бармағанлар да, барыўды жобаластырмайтуғынлар да бар. Олар буны оншама әҳмийетли деп санамайды. Бирақ бул - надурыс көзқарас. "Пәлен музейге бир мәрте барғанман, нелер бар екенин жақсы билемен", деў де дурыс емес. Себеби музей экспозициялары байытылып, ўақты-ўақты менен алмастырылып турылады. Соның ушын музейлерге ең болмаса балалар бәнесинде барып турыў керек. Олар кеше менен бүгинди байланыстыратуғын көпир, тири тарийх, халықтың ғәзийнеси. Өтмишке саяхат етиў, тарийх пенен пикирлесиў де өзине тән руўхый азық береди, руўхыятын көтереди.

Мәмлекетимизде 18 жасқа шекем болғанлар ҳәм оларға жолдаслық етиўшилер ушын сийшемби, жума күнлери музейге кириў бийпул. Ҳәр айдың биринши екшембисинде Өзбекстанның барлық пуқарасы музейлерде бийпул айланыўы мүмкин. Сондай-ақ, ҳәр жылы Ғәрезсизлик байрамы мүнәсибети менен 2-8-сентябрь күнлери музейлер халыққа бийпул хызмет көрсетеди. Жеңиллик болса, соншама болар-дә!

Бас музейимиздиң жаңаланған имаратын көриң

Кейинги бир жылда имараты ҳәм экспозициясы бойынша үлкен жумыслар исленип атырған Өзбекстан тарийхы мәмлекетлик музейи узағы менен еки айда келиўшилерге өз есигин ашады. Әсиресе, усы күнлерде музей хызметкерлериниң қолы қолына тиймей атыр.

- Бир жыл даўамында барлық хызметкерлеримиз шын кеўилден иследи. Биринши гезекте заманагөй экспозиция жаратылды. Тарийхымыздың әййемги дәўиринен ҳәзирги күнге шекемги дәўири жаңа мағлыўматлар, жаңа технологиялар тийкарында қәлиплеспекте. Келиӯшилерге жоқары дәрежеде хызмет көрсетиў, бай тарийхымызды көбирек көрсетиў бағдарында көплеген жаңа усылларды қолланбақтамыз. Электрон дәреклер, миниатюраларды жанландырыў, инновациялық идеяларды сиңдириўге ҳәрекет еттик. Бирақ дәстүрий усылларды да сақлап қалып атырмыз. Негизинде, 100 процент инновацияға ерисиў қыйын емес. Бирақ биз, музейтаныўшылар буған қарсымыз. Қалайда дәстүрий музейлердиң өзине тән өзгешеликлери сақланып қалыўы керек. Себеби, соның менен ғана адамларды тарийхый орталыққа алып кириў, оларға мүнәсип шараят жаратыў мүмкин, - дейди музей басшысы Жаннат Исмоилова.

Итибарға ылайық және бир тәрепи: музей балаларды да итибардан шетте қалдырып атырған жоқ. Олар ушын өз алдына инновациялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Балаларын жетеклеп келетуғын ата-аналар жаңалықларға өз мүнәсибетин билдиреди, әлбетте. Хабарыңыз бар, Өзбекстан тарийхы мәмлекетлик музейи 2011-жылы биринши мәрте балалар музейине тийкар салған еди. Бул дәстүрди даўам еттириў ушын музейдиң басламасы менен Ислам цивилизациясы орайында балалар ушын арнаўлы музей, Самарқандтағы Имам Бухарий комплексинде өз алдына бөлим шөлкемлестирилмекте.

Өткен жыл даўамында музейде халықаралық байланыслар да тоқтап қалған жоқ. Жергиликли ҳәм сырт ел көргизбелеринде белсене қатнаспақта. Қытайда болып өткен абырайлы конференциядағы қатнасыўы да музей жәмәәтиниң халықаралық илажларға бәрқулла тилеклес екенинен дәрек береди. Илимий хызметкерлердиң баянатлары жүдә көп шет мәмлекетлердиң музейлеринде қатнасыўшылар тәрепинен тән алынады. 2024-жылы Өзбекстан тарийхы мәмлекетлик музейи ТҮРКСАЙ халықаралық шөлкемине ағза болды. Жақында болса музей Алтай университети менен меморандумға қол қойды. Себеби, университет жанындағы арнаўлы орай түркий тиллес халықлардың тарийхы, мәдениятын сәўлелендириў бойынша үлкен жойбарды алған. Бас музейимиз әйне жойбарды әмелге асырыўда қатнасыўшы сыпатында қосылды. Булардың барлығы жаңаланып атырған музейдиң халықаралық көлемдеги абырайын және де арттырыўға хызмет етсе, әжеп емес.

Жасалма интеллект музейлерде

Бүгин жасалма интеллект имканиятларынан кеңнен пайдаланыў дәўир талабына айланар екен, музейлер де буннан шетте қалмайды. Көплеген музейлер аудиогидлер, "Назар" қосымшасы, QR кодларды қолланыўды әллеқашан жолға қойып алды. Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы Өзбекстан мәмлекетлик тәбият музейине барғанымызда да буның гүўасы болдық.

Экологиялық мәдениятты раўажландырыўда әҳмийетли орын ийелейтуғын бул музей директорының илимий ислер бойынша орынбасары Жаҳонгир Худойбердиев бизлерди жаңа экспозициялар менен таныстырды. Өткен жылы экспозициялар жаңаланғаны анық сезилип тур. "Суў ҳәм батпақ қуслары" атамасындағы экспозиция залында елимиздиң суў ҳәм батпақ аймағында ушырасатуғын қуслардың тулымы жайластырылған. Экспозиция залларының арқа фонына шебер художниклер қуслардың жасаў орталығына сай сүўретлер салған. Музейдиң тийкарғы фондында сақланып атырған 12 түрдеги қустың тулымлары көргизбеге қойылған.

Музей экспозициясының орайлық бөлимине "Өзбекстанда ушырасатуғын қуслар" атамасындағы 9 микродиорама (көргизбели макет) жаратылған. Оларға қуслардың қырғаўыллар, балықшылар, ғарғалар, тырналар, үйреклер, жапалақлар семействосы, суңқар тәризлилер отряды бөлек-бөлек жайластырылған. Микродиорамалар артқы фонында да қуслардың турмыс тәризине байланыслы сүўретлер сәўлеленген. Музейдиң тийкарғы фондында сақланып атырған 100 ге шамалас қус тулымын көриўиңиз мүмкин.

"Антарктида ҳайўанлары" атлы экспозиция залы болса өз аты менен Антарктидадағы ҳайўанлар менен таныстырады. Бул жерде пингвинлер турмысын сәўлелендириўши сүўретлер менен бирге муз жартасларының формасы жайластырылған. Жоғалып кетиў қәўпи астында деп есапланған пингвинлер тулумын усы экспозиция залында ушыратасыз.

- Музейимизге тийкарынан мектеп оқыўшылары, студентлер келеди. Бүгинги жаслар музейге байланыслы мағлыўматларды сөзсиз интернеттен излейди. Соның ушын оларды не қызықтырып атырғаны ҳаққында көп изленемиз. Музейге байланыслы контентлерди қунт пенен үйренип шығып, өзимиз де рәңбәрең контентлерди көбейтиўимиз керек екенлигин түсинип атырмыз. Себеби бүгин барлық музейде виртуал саяхат, үш өлшемли голограмма, QR код жәрдеминде керекли мағлыўматларды алыў жолға қойылған. Келетуғынлар ҳәр қыйлы характерге ийе болады, әлбетте. Кимдур индивидуал түрде узақ ўақыт мағлыўмат алыўды қәлейди. Бул бағдарда оған жаңа технологиялар, атап айтқанда, QR кодлар жәрдем береди. Солай екен, ҳайўанды көргизбеге қойып қоймастан, оның қайсы ҳайўанлар менен қандай жағдайда жасайтуғынын, азық шынжыры менен биргеликте көрсетип атырмыз. Айырым ҳайўанлар голограмма жәрдеминде жанландырып көрсетиледи. Бүгинги экологиялық жағдайдан келип шыққан ҳалда ҳайўанлардың мутацияға ушыраўы, қырылып кетиўи қандай ақыбетлерге алып келиўи ҳаққында да мағлыўматлар берип барылады, - дейди музейдиң илимий хызметкери Шаҳзод Исмаилов.

Тәбият музейи фондында 400 мыңға шамалас экспонат ҳәм музей предметлери бар. Бирақ орын жетиспеўшилиги себепли тек ғана 1 проценти, яғный 4 мыңы көрсетиледи. Музей ҒМДАда бирден-бир болғаны ушын оған қызығыўшылық үлкен. Сондай-ақ, музей - илимий жумыс ислеў ушын да ең жақсы дәреклер мәканы. Миллий музей фондының мәмлекетлик каталогы электрон формасына (www.goskatalog.uz) усы күнге шекем музейдиң 365 мыңға шамалас буйымлары ҳәм коллекциялары киргизилген. Ҳәзир бул процесс өзбек тилинде даўам еттирилмекте. 105 мыңға шамалас экспонат ҳәм коллекциялар каталогқа киргизилип болды.

Темурий шаҳзадалар жанланып атыр

Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейине усы жылдың ҳәзирги ўақытына шекем 20 мыңнан аслам сырт елли, 40 мыңға шамалас жергиликли турист келген. Келиўшилерге 4-5 тилде мағлыўмат бериледи. Енди бул жерде де гидлерге үлкен мүтәжлик жоқ. "Назар" қосымшасын жүклеп алып, телефонда қәлегенинше виртуал саяхат етиў мүмкин. Өзбек, рус, инглис, француз тиллеринде хызмет көрсететуғын бул қосымшадан пайдаланыў және де аңсатластырылмақта. Енди оны жүклеў де шәрт емес. Тиккелей сканерлеў арқалы експонатлардың 3D вариантын көриў мүмкин. Қосымша жәрдеминде айырым макетлерге орнатылған QR код виртуал саяхатқа жетеклейди. Бул арқалы Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейинде турып Шаҳрисабздағы Ақсарай имараты, Улығбек обсерваториясы, Әмир Темур мақбарасы, Регистан майданы сыяқлы тарийхый орынларды көриўиңиз мүмкин.

Фондтағы 7 мыңнан аслам экспонатлардың ҳәммеси де темурийлер дәўирине тийисли емес. Себеби халық тәрепинен де темурийлерге шекемги ҳәм кейинги дәўирге тийисли экспонатлар көп тапсырылады. Олардың арасында әййемги дәўирден ғәрезсизликке шекемги дәўирде шығарылған теңгелер бар. Илимий изертлеў сыпатында соғд дәўиринен ханлықларға шекемги болған мыс, гүмис, алтын теңгелер музейдиң нумизматика коллекциясы каталогының шөлкемлестирилиўине түртки болды.

Қызығы сонда, алдын тек ғана 3 темурий шаҳзада жанландырылған еди. Ҳәзир 12 си тиккелей сканерлеў арқалы тилге кирип, өзи ҳаққында айтып береди. Қысқасы, жасалма интеллект тәмийинлеўи мүмкин болған қолайлықлар бул музейде де кеңнен енгизилмекте.

Үй музейлери де заманға сай

Әмелий көркем өнер музейи өзбек халқы қалай жасағаны, нелерден пайдаланғаны, кийимлери ҳаққында гүрриң етеди. Себеби халық әмелий көркем өнери, өнерментшилигиниң ең бийбаҳа үлгилери менен усы жерде танысасыз. Рең-бәреңлик көзди қамастырады. Аналарымыз, апаларымыз тиккен оғада әжайып кестелер ҳәм сүзаналар ҳайран қалдырады. Қысқасы, музейде дәўирлердиң өзине тән өзгешеликлери сәўлеленеди. 10 мыңнан аслам экспонатлардың мыңға шамаласы көрсетилмекте. Саяхатшылар, әсиресе, имараттың мийманхана залынан әжайып тәсир алғанын айтады. Батыс ҳәм Шығыс архитектурасының үнлеслиги, ганч оймакерлиги, ағаш оймакерлиги, бағаналар, есиклердеги нағыслар машақатлы мийнеттен дәрек береди. Смарт технологиялар әйне музейге де кирип келген. Музыкалық әсбапларға орнатылған QR кодлар менен әсбаплар қандай нама шертетуғынын билип алыў мүмкин. Ең әҳмийетлиси, жас өнерментлер бул жерде жумыс үйренбекте, студентлер әмелият өтеп атыр. Бул имканият оларға миллийлигимиз, үрп-әдетлеримиз, әмелий көркем өнеримизди кеңнен үгит-нәсиятлаўда жәрдем береди.

Абдулла Қаҳҳар үй музейиниң басшысы Санобар Матлубованың айтыўынша, ҳәзир үй музейлеринде де жаңа технологиялар менен исленбекте. Олар арқалы музей ҳаққындағы мағлыўмат бес тилде берилип барылады. Социаллық тармақларда үй музейлериниң жумысы кеңнен үгит-нәсиятланбақта. Бул болса келиўшилер санының артыўына, әсиресе, сыртқы желлерди де тартыўға хызмет етпекте. Илажларды бир ҳәпте алдын үгит-нәсиятлаў жолға қойылғаннан соң, олардағы қатнасы да кеңейди. Мәдений мийрас агентлиги тәрепинен аудиогидлер, планшетлер усынылып атырғаны өз-өзинен жаңаша ислеўге ийтермелемекте.

Ўәлаятлардағы музейлер де бурынғыдай итибардан шетте қалып атырған жоқ. Атап айтқанда, Шыршық қаласы тарийхы музейи ўәлаятта бирден-бир болған планетарий залы менен дыққатқа ылайық. Келиўшилерди көбейтиў мақсетинде ҳәр бир бөлимде видеороликлер көрсетилмекте. Музей хызметкерлери, жоқары оқыў орынлары, мәҳәллелер, мектеплерге барып, үгит-нәсият илажлары өткерилмекте. 200 ден аслам экспонатқа QR код орнатылған. Экскурсия процеси болса ҳәр бир келиўшиниң тилегинен келип шығып әмелге асырылмақта. Балалар ушын бала тилинде, мектеп оқыўшылары ушын өз алдына, туристлер ушын да өзине тән таныстырыўлар жолға қойылған.

Музейлеримиздиң ҳәр бири ҳаққында айтыўға имканият жоқ. Қалайда, тараўда жаңа басқышқа қәдем қойылмақта. Еле ашық аспан астындағы музейлер ҳаққында сөз етпедик. Олардың өзи бөлек тема. Бай мәдений мийрасымызды дүньяға көрсетип туратуғын, жыллар даўамында сақлап киятырған музейлеримиз ҳаққында жүдә көп айтыў мүмкин. Машқалалар да әсте-ақырын шешиледи.


Муножат МУМИНОВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы