Онда жазыўшылар, шайырлар, әдебияттаныўшы илимпазлар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты. Аўқам баслығы Сирожиддин Саййид жыйналғанларды 1-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы нызамы қабыл етилгениниң 35 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлады. Мәмлекетимизде алып барылып атырған реформаларда басқа да тараўлар қатарында ана тилимизди сақлаў ҳәм раўажландырыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Өткен дәўирде қарақалпақ тилин буннан былай да байытыўға мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар қаратылып атырғаны атап өтилди.Атап айтқанда, қарақалпақ тилиндеги жаңа сабақлықлар менен қолланбалардың, көркем-әдебий китаплардың басып шығарылып атырғаны, илимий әнжуманлар ҳәм басқа да илажлардың шөлкемлестирилип атырғаны, Нөкис қаласында Ибрайым Юсупов атындағы қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнин терең үйретиўге қәнигелескен дөретиўшилик мектебиниң ашылғанын атап өтиў мүмкин. Жазыўшылар қыябанында қарақалпақ шайыр ҳәм жазыўшыларының естеликлериниң орнатылыўы кеўиллерге мақтаныш сезимлерин инәм етеди. Илажда шығып сөйлегенлер ана тилимизди буннан былай да раўажландырыў, миллий үрп-әдет ҳәм қәдириятларымыздың абырайын буннан былай да арттырыў ҳәм оларды кеңнен үгит-нәсиятлаў, жас әўладты ўатансүйиўшилик, миллий дәстүрлеримизге садықлық руўхында тәрбиялаўда әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти. Байрам илажында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Жеңисбек Пиязов тәрепинен атқарылған қосықлар жыйналғанларға заўық бағышлады.
Ташкент қаласында Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн кең түрде белгиленди
Усы жылдың 29-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилгениниң 35 жыллығы мүнәсибети менен Ташкент қаласындағы Жазыўшылар қыябанында орнатылған Бердақ естелигине гүл қойыў мәресими ҳәм Жазыўшылар аўқамында руўхый-ағартыўшылық байрам илажы болып өтти.
2030-жылдан медицина ҳәм фармацевтика жумысы менен тек ғана мәмлекетлик дизимнен өткен қәнигелер шуғылланыўы мүмкин
- Өзбекстанда 200 километр автомобиль жолы қурылады ҳәм реконструкцияланады
- Өзбекстан Параазия ойынларында медальлар саны бойынша екинши орынға көтерилди
- Самарқандтағы халықаралық саммит ҳаққында пикирлер
- 21-октябрь күни ушын ҳаўа райы ҳаққында мағлыўмат
- Өзбекстан Президенти БМШ Бас Ассамблеясы 81-сессиясының Баслығын қабыллады
Өзбекстан Президенти "Лукойл" компаниясы жойбарларының орынланыўы менен танысты
- Хорезмде Ляонин педагогикалық университетиниң Өзбекстандағы филиалы шөлкемлестириледи
- Самарқанд ҳәм Ташкент қалалары арасында 500 кВ күшлениўдеги жаңа еки шынжырлы электр узатыў линиясы қурылмақта
- Миллий командамыз ФИФА рейтингинде бир текше жоқарылады
- Мәмлекетимиз басшысы ФИФА Президентин қабыллады
- Египетке баратуғын өзбекстанлылар ушын жаңа талаплар белгиленди