Ташкент-Хорезм: 10 заманагөй жолаўшы тасыў вагоны пайдаланыўға тапсырылды

    Сырт елли туристлерден ямаса Өзбекстанды саяхат етиў тилегиндеги жақынларымнан бири елимиздиң дыққатқа ылайық мәнзиллерин сораса, биринши болып (жер жүзиниң сайқалы) Самарқанд, қуббатул ислам (ислам дининиң орайы) Бухара ҳәм "ашық аспан астындағы музей" Хийўа қалаларын айтаман.

    Мениңше, ҳәр бир ўатанласымыздың қыялына ең дәслеп усы үш тарийхый қалаларымыз келеди. Себеби бул жерлерге бир мәрте барған адам қайтқысы келмейди. Тап басқа бир заманға, планетаға түсип қалғандай сезеди өзин.

    Бирақ Хийўаға барыўды усыныс еткенимде, көпшилик пайтахттан қанша узақ екенин сорайды. Шама менен 1 мың 100 километр екенин айтсам, "эҳ-ҳе" деп ойланып қалады ямаса дәрҳал самолёттың кейинги рейси қашан екенлиги менен қызығады. Мен болса "Шынында саяхат етпекши болсаң, поезд ямаса автожол арқалы бар. Жолдың өзинен де әлем-әлем тәсирлер аласаң", деп мәсләҳәт беремен. Ол болса:

    — Қой, поездда сонша жерге барып болама, — дейди.

    — Қызылқумның шексиз шөллерин кесип өтпестен, Әмиўдәрья ҳаўасынан тойып дем алмастан, Хийўаға бардым деп бола ма, - деп көндириўге ҳәрекет етемен.

    Бирақ көпшилик жол узақлығы, транспорт қолайсызлығын айтып, Хийўаға барыўды кейинге қалдырады.

    Жоқарыдағы турмыслық мысалдан да көринип турғанындай, аймақлардың туризм потенциалын арттырыўда жол инфраструктурасының раўажланғаны, жолаўшы транспортларының заманагөй ҳәм қолайлылығы әҳмийетли орын ийелейди. Сонлықтан, мәмлекетимиз басшысы аймақлардың туризм потенциалын арттырыў, сырт ел инвестициялық жойбарларын жеделлестириў мәселелерин додалаў бойынша усы жыл 9-апрель күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде елимиздиң әййемги тарийхы, өзине тән мәденияты ҳәм сулыў тәбиятын көрсететуғын мәнзиллердиң жол инфраструктурасын раўажландырыў бойынша айрықша тапсырма берди. Бул бағдарда халықаралық финанс институтлары менен жаңаша системада ислесиў үлкен нәтийже берип атырғанын атап өтти.

    Кейинги жылларда қалалараралық самолёт, поезд ҳәм автобуслардың қатнаўы көбейип, және де қолайласты. Жыл сайын жаңа заманагөй поезд, вагонлар сатып алынып, жергиликли халық, сырт елли туристлердиң аўыры жеңил, узағы жақын болмақта.

    - 2025-2026-жылларда жаңаша дизайн ҳәм усылдағы, ықшам, барлық қолайлықларға ийе 70 заманагөй жолаўшы вагонын сатып алыў ушын Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры жанында Санаатты раўажландырыў қоры тәрепинен жеңиллетилген кредит линиялары тийкарында қаржы ажыратылған, - дейди "Өзбекстан темир жоллары" АЖ Мәлимлеме-таллаў медиа орайының қәнигеси Рустам Ҳайдаров. - Атап айтқанда, бүгин усы вагонлардың дәслепки 10 ын пайдаланыўға тапсырдық. Солардан 4 плацкарт (ҳәр бири 54 орынлық), 4 купе (ҳәр бири 36 орынлық) ҳәм 2 СВ (ҳәр бири 18 орынлық) түриндеги вагонлар болып есапланады. Олар бир ўақыттың өзинде Хийўаға баратуғын 396 жолаўшыға хызмет етпекте. Еки жыл ишинде 70 вагон алып келинсе, 1 миллионнан аслам жолаўшыны заманагөй, ықшам ҳәм қәўипсиз вагонларда мәнзилине жеткерип қоя аламыз.

    Узақ жол атты сындырады, дегениндей, заманагөй вагонлар халқымыздың узағын жақын етеди, жол азабын жеңиллестиреди. Елимиздиң шырайын тамашалап, қолайлы вагонларда дем алып мәнзилине қалай жетип алғанын сезбей де қалады. Бул имканиятлар аймақтың туризм потенциалын және де арттырыўға хызмет етиў менен бирге, ўатанласларымыздың Өзбекстан бойлап саяхат етиўине және бир хошамет болатуғыны сөзсиз.

    Санжар ЭШМУРОДОВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    No date selected
    May 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates