Бул абырайлы илаж аймақлараралық бирге ислесиў перспективаларын додалаў ҳәм еки мәмлекет арасындағы экономикалық байланысларды беккемлеў ушын әҳмийетли майдан болып хызмет етеди.
Кеңес бағдарламасы шеңберинде санаат, аўыл хожалығы, энергетика, транспорт, логистика, мәденият ҳәм билимлендириў сыяқлы әҳмийетли бағдарларда еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған әмелий ушырасыўлар, панель додалаўлары ҳәм сөйлесиўлер өткерилди.
Жалпы мәжилисте шығып сөйлеген Ташкент ўәлаяты ҳәкими Зойир Мирзаев биринши форум өткерилгеннен соң өткен бир жылда ўәлаятта Өзбекстан-Россия қоспа кәрханаларының саны 300 ден 500 ге шекем көбейгени, инвестициялардың улыўма көлеми 1 миллиард АҚШ долларынан артқанын атап өтти.
Бүгинги күнде россиялы бирге ислесиўшилердиң қатнасыўында баҳасы дерлик 600 миллион доллар болған 40 тан аслам ири жойбар әмелге асырылмақта, олардың нәтийжесинде 3 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылды.
Сондай-ақ, ўәлаят басшысы бирге ислесиўдиң жаңа бағдарлары ҳәм бир қатар тараўлардағы дәслепки нәтийжелер менен таныстырды. Атап айтқанда, 3 миллион долларлық экспорт потенциалына ийе Ангрен қаласында таяр тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыў жойбарының екинши басқышында 600 ден аслам адамның бәнтлиги тәмийинленгени ҳаққында айтып өтти.
Татарстан Республикасы менен биргеликте "Шыршық" химия-санаат технопаркин раўажландырыў даўам етпекте, бул жерде 15 кәрхана жумыс алып бармақта, және улыўма баҳасы 250 миллион долларлық 10 жойбар иске қосылмақта.
Буннан тысқары, Башқуртстан Республикасы менен биргеликтеги санаат зонасын шөлкемлестириў жойбары басланған. Қурылыс ҳәм изоляциялаў материалларын ислеп шығарыў тараўында Санкт-Петербург кәрханалары менен жедел бирге ислесиў жолға қойылған.
Кооперация шеңберинде перспективалы бағдарлар - электротехника, фармацевтика, логистика ҳәм "жасыл" энергетикаға айрықша итибар қаратылмақта. Москва, Ленинград ҳәм Белгород ўәлаятлары менен биргеликте улыўма баҳасы 120 миллион доллардан аслам болған трансформаторлар, электромобиллер ушын зарядлаў станциялары, дәри-дәрмақ ҳәм заманагөй қурылыс материалларын ислеп шығарыў жойбарлары режелестирилген.
Иркутстанның "Амбакс" компаниясы менен биргеликте аграр-логистика орайы, зергерлик буйымлары ҳәм қәнигелестирилген мебель ислеп шығарыў заводын қурыў бойынша 25 миллион долларлық жойбарлар әмелге асырылмақта.
Аграр тараўда да бир қатар қоспа басламаларды әмелге асырыў режелестирилген. II Аймақлар форумына таярлық шеңберинде өткен ушырасыўлар жуўмағында дерлик 200 миллион долларлық экспорт шәртнамаларына қол қойылды.
Буннан тысқары, өзбекстанлы исбилерменлер Қазан, Уфа ҳәм Москва ўәлаятында улыўма баҳасы 70 миллион доллар болған көтере саўда ҳәм таярлаў орайларын шөлкемлестирмекте.
Улыўма етип айтқанда, Ташкент ўәлаяты ҳәм Россия аймақлары арасындағы биргеликтеги жойбарлардың көлемин 2 миллиард долларға жеткериў режелестирилген.
Ташкент ўәлаяты ҳәкими Зойир Мирзаев өзиниң шығып сөйлеген сөзинде ўәлаят Россия-Өзбекстан кооперациясын раўажландырыў ҳәм ҳәр қыйлы тараўларда өз-ара пайдалы басламаларды әмелге асырыў ушын исенимли майданға айланыўға таяр екенин атап өтти.
Сондай-ақ, форум шеңберинде Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги менен Архангельск, Омск ўәлаятлары ҳәм Башқуртстан Республикасы ҳүкиметлери арасында экономикалық ҳәм инвестициялық шерикликти және де беккемлеўге қаратылған әҳмийетли келисимлерге қол қойылды.











