Илажда ўәлаят ҳәкими Зойир Мирзаев, Голливуд мэри Жош Леви, жуўапкерлер, Саўда-санаат палатасы, бизнес жәмийетшилиги, инвесторлар ҳәм тийисли уйымлардың басшылары қатнасты.
Голливуд мэри Жош Леви мийманларды қызғын қутлықлап, еки регион арасындағы шериклик қатнасықларын беккемлеў әҳмийетли екенин атап өтти. Қаланың экономикалық ҳәм туристлик потенциалы, мийманхана бизнеси, хызмет көрсетиў, транспорт ҳәм логистика тараўларының раўажланыўы, Флорида штатында киши исбилерменлик ҳәм агросанаат тараўының табыслары ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берди.
Флорида АҚШтағы ең ири ҳәм экономикалық жақтан ең белсенди штатлардан бири болып есапланады: 2024-жылдың жуўмақларына бола, штаттың жалпы ишки өними 1,7 триллион доллардан артып, барлық штатлар арасында 4-орынды ийелеген. Голливуд қаласы регионның заманагөй курорт ҳәм экономикалық орайы есапланады.
Ташкент ўәлаяты ҳәкими Зойир Мирзаев қызғын қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы өз-ара пайдалы байланыслар жедел раўажланып атырғанын, аймақлар дәрежесиндеги бирге ислесиў әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти.
Форумда Ташкент ўәлаятының экономикалық потенциалы, санаат, аўыл хожалығы, логистика ҳәм туризм тараўларындағы имканиятлары, әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлар, сырт ел инвесторлары ушын жаратылған шараятлар ҳаққында презентациялар өткерилди. Сондай-ақ, қатнасыўшылар видеокөринис ҳәм аймақта ислеп шығарылған өнимлер көргизбеси менен танысты.
Бирге ислесиўди және де раўажландырыў мақсетинде Ташкент ўәлаятында "Голливуд ҳәптелиги" ҳәм Голливудда "Ташкент ўәлаяты күнлери"н өткериў усыныс етилди.
Форум жуўмағында Ташкент ўәлаяты ҳәм Голливуд қаласы арасында саўда-экономикалық байланысларды беккемлеўге қаратылған өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылды.