Миллион жыллар даўамында инсанларсыз жасап келген тәбият буннан кейин де жасай алады, инсанлар болса толық биосфера, яғный биологиялық система раўажланыўы ушын толық шараятысыз бар бола алмайды. Бирақ адамзат ҳәм тәбият арасындағы татыўлық жыл сайын ҳәлсиреп баратырғанын ҳеш ким бийкарлай алмайды.

Генофондтың жеделлик пенен жаманласып баратырғаны, мыңлаған гектар тоғайлардың аяўсыз кесилип атырғаны, атмосфера ҳәм суў дәреклериниң патасланыўы, топырақ эрозиясы, озон қатламының бузылыўы сыяқлылар дүнья экологиясында ең үлкен машқалаларға айланған. Олардың жағдайын сәўлелендиретуғын санлар ҳәм дәлиллер жәмийетшиликти жыл сайын тәшўишке салмақта. Себеби, бул машқалалардың жүзеге келиўинде тийкарғы себеп инсан факторы болып атырғаны ҳәм енди биргеликте гүресиўсиз илажсыз емес екенлигин дүнья халқы жыл сайын терең сезинип бармақта. Соның ишинде, ықлым өзгериўи менен байланыслы өсип баратырған глобал қәўип-қәтерлерге комплексли жуўап бериў мақсетинде 2015-жылы Париж келисими қабыл етилди. Онда раўажланған мәмлекетлер менен бир қатарда раўажланып атырған мәмлекетлер де шығынды ҳәм тасланбалар муғдарын азайтыў миннетлемесин алыўы белгилеп қойылды. 2017-жылы Өзбекстан да усы келисимге қол қойды. Сондай-ақ, 2024-жыл 30-ноябрьде Министрлер Кабинетиниң "Өзбекстан Республикасында "жасыл" экономикаға өтиўде миллий ашық-айдынлық системасын енгизиў концепциясын енгизиў ҳаққында"ғы қарары қабыл етилген. Ҳәзирги ўақытта дерлик барлық мәмлекетлердиң қоршаған орталықты қорғаў бойынша бир қатар нызам ҳәм қағыйдалары әмелде.

Аўа, адамзат тәбиятты сақлаў, оның менен үнлес жасаў ушын ҳәрекет етпекте. Соған қарамастан, оны сақлап қалыў ортасындағы диспропорция жыл сайын парықланып бармақта. Не ушын?

Ўатансүйиўшилик тек сиясий принциптен ибарат па?

Әлбетте, бул бағдарда нызамлар оғада зәрүр ҳәм әҳмийетли. Соның менен бирге, ҳәр бир инсанның тәбиятқа мүнәсибети, илимий тилде айтқанда, бәринен бурын, экологиялық мәденияты, билими, көзқараслары беккем қәлиплессе, нәтийже және де нәтийжели болатуғыны сөзсиз.

Өткен жылы 20-ноябрь күни мәмлекетимиз басшысы Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде узақ мүддетли перспективаға мөлшерленген тийкарғы ўазыйпаларды айтқанынан соң, 2025-жылды "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы" деп атаўды усыныс етти. Соның менен бирге, өзиниң шығып сөйлеген сөзлериниң биринде "Жасыл мәкан" улыўма миллий бағдарламасын әмелге асырыўда усы ўақытқа шекем жол қойылған тийкарғы кемшиликлер ҳаққында айтып, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары басланғанындағы кемшиликлерди санап өтти. Енди егиўден алдын тәрбиялаўды, суўды ойлаўымыз ҳәр бир теректиң ийеси болыўы, адамларымыз ушын шаңарағы, көшеси, мәҳәллеси, қаласында, ўәлаятта, мектеплерде, жоқары оқыў орынларында, кәрханаларда қоршаған орталықты сақлаў бойынша орталық жаратыўымыз керек екенлиги атап өтилди.

Аўа, әйне орталық. Яғный адамлардың өзлери жасап атырған, илим алып атырған дәргайларда, жумыс ислеп атырған, дем алыў орынларындағы тәбият пенен байланыслы унамлы жағдай, көринисти жүзеге келтириў талап етилмекте. Қалаберди, олардың тәбиятты сақлаўға үлес қосыўы, жуўапкершиликли қатнасы менен байланыслы орталық жаратыў зәрүр екенлигине итибар берилди. Бул ҳәр бир инсан экологияны сақлаў турмыслық мәселе, шын мәнисинде ўатанын сақлаў менен тең екенлигин билдирмей ме?

Балалардан баслап, қала мэрине шекем

Экологиялық мәденият ҳәм тәрбияға бағышланған илимий жумыс пенен танысыўға туўра келди. Ол усындай түсиниклер менен басланды: "Дүньяның дерлик барлық мәмлекетлеринде оқыўшылардың экологиялық билимлендириўи ҳәм тәрбиясы улыўма, соның ишинде, техникалық билимлендириўдиң әҳмийетли шәрти есапланады.

Япониядағы экологиялық тәрбия методикасы айрықша қызығыўшылық оятады. Себеби бул мәмлекетте илимий-техникалық раўажланыўдың жеделлесиўи қоршаған орталыққа унамсыз тәсири жоқары дәрежеге шыққанына қарамастан, японлар экологиялық жағдайды қадағалаўға алыўға, буннан тысқары, оны пүтинлигинше турақластырыўға ерисе алды. Кейинги 25 жылда Японияда адамлардың психологиялық кейпиятында өзгерис жүз берди. экологиялық пикир миллеттиң әдеп-икрамлылық көзқарасларының бир бөлегине айланған. Изертлеў сораўнамаларында қатнасқан японлардың төрттен үш бөлеги егер мәмлекеттеги экологиялық жағдайды жақсылаўға хызмет етсе, өз мәплеринен де ўаз кешиўге таяр екенин билдирген. Қуяш шығатуғын мәмлекетте балалар, мектеп оқыўшылары, студентлер, исбилерменлер, үй басшылары, компаниялар президентлери, қала мэрлери ҳәм губернаторларды, бир сөз бенен айтқанда, ҳәммени қоршаған орталыққа итибар ҳәм ҳүрмет пенен қараўға үйретеди...".

Бул илимий жумыста ол жердеги және бир өзине тән оқыў шынығыўы ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәр қандай адамның итибарын тартады. Оған бола, бақшалардың үлкен топары балалары ҳәм биринши класс оқыўшылары тәрбияшы ҳәм муғаллимлердиң басшылығында тәбият пенен тиккелей танысыў мақсетинде дем алыс күнлери айырым ўақытлары қала сыртына алып шығылған. Бул қоршаған орталыққа абайлы қатнаста болыў, оны қәстерлеп сақлаў менен байланыслы әмелий шынығыўдан ибарат. Япон балалары тәбият пенен танысыў ўақтында полиэтилен қапларға таслап кетилген шығындыларды топлайды. Балалардың бул ислерин көрип қалған үлкенлер болса, ҳеш болмаса белгили бир ўақыт ушырасқан жерге шығындыны таслап кетиўден өзлерин сақлап қалады.

Балалар үлкейгенде болса тәбиятқа зыян жеткермеў, қоршаған орталықты патасландырмаў бойынша көзқараслары беккем қәлиплескен болады.

Бул айырымлар ойлағанындай майда жумыс ямаса мәжбүрий мийнет те емес. Ол тек нызамлар менен емес, ал тәбиятқа қалай мүнәсибет етиў ҳәм оны сақлаў ушын не ислеў кереклигин бақша жасынан сөз ҳәм әмелде үйретиў арқалы нәтийже беретуғынын көрсетпекте.

***

Ҳүрметке ылайық дәстүр. Тәбиятқа ҳүрмет пенен қатнас жасаўға байланыслы қәдириятлар халқымызда да әзелден бар. Мәмлекетимиз басшысы өткен жылы 23-ноябрь күни Ташкент қаласы әтирапында "жасыл белбеў" қурыў жойбары шеңберинде терек егиў илажында қатнасыў ўақтында былай деген еди:

- Бул дәстүрдиң өзи бизде бар. Халқымыз тәбиятты "ана" деп атайды, жерди, суўды қәдирлейди. Буның негизиндеги ҳақыйқат ҳәзирги экологиялық машқалалар тәсиринде айқын көзге тасланбақта. Соның ушын "Жасыл мәкан" жойбарын басладық. Усы жылдың атын да қоршаған орталықты сақлаў мәселесине бағышладық. Енди бул басламалар кеңнен ен жайылыўы, әсиресе, жасларымызға терең сиңиўи зәрүр. Ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир кәрхана тәбиятты сақлаўға үлес қосыўы керек...

Тилекке қарсы, тәбият пенен байланыслы көплеген ийгиликли дәстүрлеримизди жаслар умытқан көринеди. Ядымызда барлары болса халық аўызеки дөретиўшилиги үлгилеринде, ата-бабаларымыздың үгитлеринде ғана сақланып қалған ба ямаса халықтың бул бағдардағы ҳәрекетлери төмен көринетуғынлығы себепли усындай жуўмаққа келемиз бе?

"Мәртебели" тоғызыншы орын

Жасыратуғын ямаса масқаралайтуғын жағдай емес. Пайтахтымыз дүньядағы ҳаўасы ең күшли патасланған қалалар қатарына киргизилмекте. Инсан саламатлығы ушын ең үлкен қәўиплерден бири, сөзсиз, атмосфераның патасланыўы болып табылады. Адамзат болса суў ҳәм ҳаўасыз жасай алмайтуғынын да билемиз. Яғный, қәлеймиз бе-қәлемеймиз бе, өзимиз усы жағдайға салған ҳаўадан тоқтаўсыз дем аламыз.

БМШ қәнигелериниң таллаўларына бола, автомобиллер ҳәм техникалық өндирис қуралларының көплиги себепли, ҳаўаның патасланыўы ири қалаларда әдеўир жоқары дәрежеге шығады. Патасланған ҳаўадан дем алыў инсульт, өкпе ракы ҳәм дем алыў жолы менен байланыслы бир қатар оғада қәўипли кеселликлерди келтирип шығарады. Статистикаға нәзер таслайық: бир жылда бир квадрат километр жерге 70-90 тонна санаат шығындысы тасланады. Шама менен жүз жыл алдын ҳаўадағы санаат шаңы 1-2 процентти қураған болса, ҳәзир 30, санаатласқан үлкен қалаларда 50 процентке шекем жетеди. Бир-бирине шынжырдай байланысқан машқалалар экономика, азық-аўқат тәмийнаты, қоршаған орталықтың тазалығы бағдарында да үлкен қәўип салмақта, олардың көлеми жыл сайын кеңейип бармақта. Егер тәбиятқа байланыслы мәдениятымыз, көзқарасларымыз кескин өзгермесе, бул бағдарда әмелий жумысқа кириспесек, жағдай жақсыланбайды, деп баҳаламақта.

Инсаният қайсы мәмлекет ямаса халыққа тийисли болыўына қарамастан, ҳәр бир мәселеде басқалардан жақсы тәреплерин үйрениў ҳәм өзлестириўге ҳәрекет етип келеди. Усы мәнисте және бир мәрте японлардың экологиялық тәлим-тәрбиясы ҳәм тәжирийбесине қысқаша нәзер таслаў зыяны жоқ.

Таллаў мағлыўматларына қарағанда, Японияда экологиялық билимлендириў ҳәм мәденият бир қатар усылда қәлиплестириледи. Соның ишинде, қоршаған орталықты сақлаў, қорғаў жергиликли ҳәкимият уйымларының ўазыйпасы ҳәм миннети екенлиги, олар бул ўазыйпаларды кең демократиялық принцип пенен орынлаўы, яғный өзлери жасап атырған аймақларды (қала, аўыл ҳәм т.б.) соның ишинде, санаат ҳәм басқаларды раўажландырыў режесин додалаў ҳәм оны әмелге асырыўға имканы барынша көбирек тартыў керек екенлиги белгиленген.  Усы тәризде экологиялық тәрбия ҳәм билимлендириў, биринши гезекте, пуқаралық тәлим-тәрбия болыўы, яғный пуқараларда белсенди экологиялық әдеп-икрамлылық позициясын қәлиплестириўге жәрдемлесиўи керек. Бул болса инсанлар ушын қолайлы болған қоршаған орталықты сақлаў ҳәм қорғаўдың гиреўи есапланады.

Кимге хошамет, кимге жәрийма

Президентимиздиң "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы"нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында"ғы пәрманы жойбары ислеп шығылып, кең жәмийетшилик ҳәм экспертлердиң додалаўына қойылды.

Бул мәмлекетлик бағдарлама жойбарында 2025-жыл ушын бес тийкарғы бағдар бойынша илажлар, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер дизими ҳәм мақсетли көрсеткишлер нәзерде тутылған. Ол Олий Мажлис Сенаты тәрепинен де қызғын додаланды. Бағдарламалық ҳүжжеттиң мазмун-мәниси, әҳмийети бойынша мүнәсибетлер, усыныс ҳәм басламалар билдирилди. Бул процестиң темаға байланыслылығы сонда, онда экологиялық турақлылыққа ерисиўге байланыслы режелер ҳәм мақсетлер орын алған. 2025 ҳәм 2026-жылдан күшке киретуғын реже ҳәм қағыйдалардың айырымларын еслетип өтемиз.

Бағдарлама шеңберинде көп қабатлы турақ жайлар массивлериндеги улыўма пайдаланыўда болған топырақлы ҳәм жасыл аймақларды өзбасымшалық пенен бетонлаў, қурылма ҳәм конструкциялар орнатқаны ушын жуўапкершилик илажлары күшейтиледи. Пискен ҳәм шийки гербиш ислеп шығарыўда жер ҳәм жер астынан пайдаланғаны ушын салық ставкасы 10 есеге арттырылады.

Дийўал материалларынан (пеноблок, газоблок) пайдаланыўшы қурылыс шөлкемлерине "Ашық-айдын қурылыс" платформасында үстинлик бериледи.

"Жасыл исбилермен" статусы берилген исбилерменлик субъектлерине белгили бир мүддет даўамында экологиялық тексериўлерден азат етилиўи, халықаралық базарларға шығыў ушын қоллап-қуўатлаў имканиятлары жаратылады.

Шығындыларды утилизациялаў есабынан және самал ҳәм қуяш дәреклеринен ислеп шығарылған электр энергиясы ушын "жасыл тарифлер" 2025-жыл 1-апрельден енгизиледи. Халықтың қуяштан алынған ҳәм пайдаланыўда өз талабынан арттырып, мәмлекетке сататуғын электр энергиясы ушын жеңиллетилген тарифлер белгиленеди.

"Экобелсенди пуқара" статусынан хабардарсыз ба?

Быйыл мәмлекетимизде "Экобелсенди пуқара" турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған "Бир миллион жасыл шаңарақ" улыўмамиллий ҳәрекети жолға қойылады.

Халық арасында күнлик жүриў ҳәм жуўырыў үгит-нәсиятланып, "жасыл транспорт"та, соның ишинде, велосипедте ҳәрекетлениў хошаметленеди. Жоқары көрсеткишлерге ерискен пуқараларға "Экобелсенди пуқара" статусы бериледи, сондай-ақ, олар ушын мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда 10 процент шегирме ҳәм мәмлекетлик үлеси 50 проценттен жоқары болған банклерде тутыныў кредитин алыўда шегирме бериледи.

Шаңарақтың барлық ержеткен ағзалары "Экобелсенди пуқара" статусын алғанда, бул шаңараққа "жасыл шаңарақ" статусы берилип, ҳәр жылы лотерея арқалы 14 электромобилди бериў тәртиби енгизилетуғынына не дейсиз?

Шеклеў ҳәм миннетлемелер

Пластик пакетлерди ислеп шығарыў, алып кириў ҳәм олардан пайдаланыў қадаған етиледи (2027-жылдан). Бундай өнимлердиң қадаған етиўлердиң биринши қатарынан орын алғанының үлкен себеби бар. Гәп сонда, полиэтилин пакетлер (улыўма, усы түрдеги өнимлер) анаў-мынаўға бөлекленбейди. Дүнья жүзи бойынша жылына 5 триллионға шекем усындай өним ислеп шығарылады. Олар түрине қарай, 50 жылдан 1000 жылға шекем тарқалмай сақланып қалады. Өртеп жиберилгенде болса үлкен муғдарда газ ҳәм ҳәр түрли зәҳәрли концерогенлер бөлинип шығады ҳәм атмосфераны зәҳәрлейди. Көмилсе, жүз жыллар даўамында ширимегенлиги себепли топырақ ҳәм суў дереклерин зәҳәрлейди. Океан, дәрья ҳәм көллерге таслап жиберилген бул түрдеги шығындылар ҳайўанат дүньясына да қырғын келтирмекте. Сырт елди айтпайық, мәмлекетимиздиң дерлик барлық дүканларында да сатып алған өнимиңизди қабат-қабат етип усындай пакетлерге салып береди.

Шеклеў ҳәм миннетлеме дизимин даўам еттиретуғын болсақ, 2025-жылдың ақырына шекем "Евро-4" стандартынан төмен экологиялық категориядағы мотор жанылғысынан пайдаланыў ҳәм сатыў шекленеди.

Хожалық жумысын жүргизиўши кәрхана ҳәм шөлкемлер тәрепинен жеткерилген экологиялық зыянларды мәжбүрий қамсызландырыў системасы басқышпа-басқыш енгизиледи.

Республиканың барлық аймақларында жайласқан ыссылық ҳәм электр энергиясын ислеп шығарыў кәрханаларына жанылғы сыпатында мазуттан пайдаланыў қадаған етиледи.

Жерди суўғарыўда ақаба, жаўын ҳәм техникалық суўлардан пайдаланыў системалары мәжбүрий шөлкемлестириледи. 2025-жыл 1-сентябрьден 2028-жыл 1-январьға шекем елимизде аўлаўға мораторий енгизиледи. Онда мораторий фермелер, питомниклер, инкубаторлар, балықшылық питомниклери ҳәм ҳәўиз хожалықларында сақланып атырған ҳәм (ямаса) жетистирилетуғын жабайы ҳайўанларды аўлаў және санитариялық мақсетлерде аўлаўға енгизилмейди. Сондай-ақ, жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди жыйнаў ҳәм таярлаў ушын тастыйықланған квоталар және өсимликлер дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ушын рухсатнамалар электрон аукцион арқалы бериледи.

Арал теңизи түбинде 100 мың гектар жаңа жасыл майдан жаратылады. Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Жиззақ ҳәм Қашқадәрья ўәлаятлары аймақларында шор ҳәм суўға шыдамлы өсимликлер бағларының шөлкемлестирилиўин де хошаметлеўге болады. Усы жылы мәмлекетте улыўма қуўатлылығы 3,5 гигаватт болған 16 ири қуяш ҳәм самал станциясы иске қосылады.

Аўа, жойбарларымыздың көлеми де, әҳмийети де үлкен. Оларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў жуўапкершилиги болса буннан да үлкен. Жуўапкершилик болса ҳүрметлеп айтатуғынымыз - ана тәбият, келешек әўлад алдындағы миннет.

Рустам БОЙТЎРА,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы