1914-жылы Махмудхожа Беҳбудийдиң "Падаркуш" пьесасы менен өз пердесин ашқан өзбек театры еки-үш он жыллық ишинде ҳәр бир халық мақтанса арзыйтуғын театр сыпатында майданға шықты. Өзбек театры жадидшилик ҳәрекетиниң жемиси - ағартыўшылық театры сыпатында туўылған еди. Биринши өзбек дөретиўшилик жәмәәти болған "Туран" труппасы уставында театрдың бас мақсети "... халық арасында сахна ислери ҳәм қайырқомлыққа қатаң мүнәсибетти раўажландырыў, халық ушын спектакль көрсетиў, оған саламат тамаша бериў..." деп көрсетилген еди.
Сахна исин шөлкемлестирген ҳәм оны халық арасында кең тарқатқан Мунавварқари Абдурашидханов, Абдулла Авлоний, Махмудхожа Беҳбудий сыяқлы белгили ағартыўшылардың ҳәрекети менен бул театр тез арада халық мәдений турмысының қурамлық бөлегине айланды.
Қысқа ўақыт ишинде отызға шамалас пьеса дөретилди, актёрлық ҳәм режиссёрлық көркем өнериниң тийкарғы принциплерине тийкар салынды. Жадид театры ҳәм драматургиясының әҳмийетли өзгешелиги оның шаңарақ турмысын сүўретлеў менен инсан қәлбине кирип барыўы, оны ағартыўшылық тәрбиялаўы ҳәм сол арқалы жәмийет турмысында ҳәўиж алып атырған миллий ояныў идеяларын жырлаўында көринди. Жадид ағартыўшылары жақтыртқан ағартыўшылық шырағы дерлик 1930-жылларға шекем жаңа идея ҳәм умтылыслар менен театр ҳәм драматургияға кирип келген көркем өнер адамларының жолларын жақтыртып турды.
Өзбек театры миллий шекленгенлик қабығына оралып қалмастан, өз раўажланыў жолында жәҳән театрының тәжирийбесин өзлестирип барды. Өзбек актёрлары 1924-1927-жыллары Баку театр техникумы ҳәм Маннон Уйғур, Шолпан басшылығында Москва театр студиясында билим алғанлығы олардың профессионал дәрежесин асырыўда үлкен әҳмийетке ийе болды.
Өзбек театры дүзилгенине он жыл толмастан-ақ Абдурауф Фитраттың "Чин севиш", "Абулфайзхан", Шолпанның "Ёрқиной" сыяқлы шығармалардың заманагөй драма эстетикасының талаплары дәрежесинде болыўы усы излениўлердиң логикалық нәтийжелери еди. Музыкалы драма сыяқлы қурамалы синтетикалық көркем өнер жанрының пайда болыўы да өзбек халқының оғада бай көркем мийрасқа ийе екенлиги ҳәм усы мийрасты заманагөй театр тилине көшире алатуғын ийеси талантлардың бар екенлиги менен байланыслы еди. Дәслеп киши музыкалы сахналар түринде көринген бул жанр Ғулам Зафарийдиң "Ҳалима", Хуршид инсценировкасы тийкарында Баҳодир Жамолов режиссёрлығында "Лайли ҳәм Мажнун" шығармаларының жаратылыўы менен өзбек театрында өз алдына көркем өнер бағдары түринде раўажланды.
Шет еллилер Шекспирдиң "Гамлет", "Отелло" сыяқлы шығармаларының өзбек актёрлары тәрепинен жоқары дәрежеде сәўлелендирилиўинен ҳайран қалып сөз еткенде, буның тийкарғы себеплеринен бири бул спектакллердиң басқа бирде-бир театрлар сахналастырыўына уқсамаслығы, яғный оларда Шекспир идеяларына уқсас тәризде өзбек дүньяқарасы ҳәм көркемлик қәдириятлардың сәўлелендирилиўи менен байланыслы деп билиў мүмкин.
Кең көлемде ҳәўиж алған усындай дөретиўшилик процесслерден соң Аброр Ҳидоятов, Шукур Бурҳонов, Олим Хўжаев, Сора Эшонтураева сыяқлы онлаған жоқары қәбилетли драма шеберлери ҳәм Лутфихоним Саримсоқова, Раззоқ Ҳамроев, Маҳмуджон Ғофуров сыяқлы көплеген музыкалы драма шеберлериниң жетисип шығыўы өзбек театрының дәслепки күнлерден дүнья театрының тәжирийбелерин дөретиўшилик пенен өзлестирген ҳалда жедел раўажланыўының тәбийғый жемиси екени өз-өзинен белгили болды.
Бүгинги күнде бул процесслер даўам етпекте. Соңғы жыллары заманагөй драма, жас режиссёрлардың қолланбалары, миллий тарийх ҳәм мәнаўиятты сәўлелендиретуғын жаңа шығармалар сахнада кең орын ийелемекте. Соның менен бирге, сырт ел классикалық ҳәм заманагөй пьесаларының дөретиўшилик талқылаўда қойылыўы өзбек театрын халықаралық майданда танытпақта. Республикамызда 40 қа жақын театр бар. Ўатанласларымыз арасында театр ықласбентлери оғада көп деп айта алмаймыз, бирақ ҳәр бир театр өз ықласбентлерине ийе. Адамларға руўхый азық, мәдений дем алыс ҳәм эстетикалық заўық бағышлаўды мақсет еткен әжайып көркем өнер дәргайлары сентябрь айында бирме-бир гезектеги мәўсимлерин ашық деп жәрияламақта.
Атап айтқанда, 5-сентябрь күни Өзбек Миллий академиялық драма театрында 111-мәўсимниң ашылыўы болып өтти. Мәўсимниң биринши пердеси көтерилгеннен соң, Өзбекстан халық жазыўшысы Исажон Султонның "Биринши қарлығаш" ("Маъсума") шығармасы көрсетилди.
Спектакль тарийхымыздың "жадидлик" деп аталған ең қыйын дәўири, ўатансүйгиш ата-бабаларымыздың ел азатлығы ҳәм халық еркинлиги жолындағы пидайылығы, мәмлекеттиң раўажланыўы жолында әмелге асырған ибратлы жумыслары және биринши өзбек актрисасы Маъсума Қориеваның аянышлы тәғдири ҳаққында сөз етеди. Дәстүрге бола, спектакль қойылыўынан алдын театр дөретиўшилик жәмәәти сахнаға шығып, тамашагөйлер менен ушырасты.
Киши сахнасында үлкен спектакллер қойыўға әдетленген "Дийдар" театр-студиясы 7-сентябрь күни гезектеги мәўсимин ашық деп жәриялады. Әйне усы сәнеде театр-студияның тийкарын салыўшысы Баҳодир Йўлдошев туўылған.
Мәўсимниң дәслепки спектакльи "Ҳайўанлар гүрриңи" шығармасы болды. Бул тамаша театр-студияның көркемлик басшысы Бобур Йўлдошев тәрепинен сахналастырылған. Онда режиссёрлық талқылаў, түрли монолог ҳәм киши пьесалардан ибарат шығарманың бирден-бир идея әтирапында қурылғанын, хореография, музыкалық лейтмотив, сценография үйлесимлилигин көриўимиз мүмкин, яғный спектакль театр-студия статусына сәйкес тәризде жаратылған.
"Дийдар" театр-студиясы быйылғы мәўсимдеги репертуарын алдыннан жәрияламаған. Алдынғы мәўсимлеринде "Күлки академиясы" (Коки Митани шығармасы), "От қойыўшылар" (Макс Фриш шығармасы), "Зебинисо" (Уйғун шығармасы), "Аршин мол-олон" (Узаир Гаджибеков шығармасы) спектакллери тамашагөйлер тәрепинен жыллы күтип алынған еди.
Муқимий атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының 87-мәўсиминиң ашылыў мәресими белгили режиссёр Баҳодир Йўлдошев туўылған күниниң 80 жыллығына бағышланды. Театр ҳәўлисинде ашық майданда өткерилген илажда жыллар даўамында академиялық музыкалы театрда сахналастырылған спектакллерден үзиндилер атқарылды. Жаңа мәўсим 33 жыл алдын мине усы Баҳодир Йўлдошев сахналастырған "Нодирабегим" спектакли менен басланды.
Музыкалы театрдың сентябрь айы ушын берекетли репертуарында салыстырмалы музыкалы комедиялар тийкарғы орынды ийелейди. Егер сиз әйне усы театрда тамаша көриўди қәлесеңиз, сизге "Ҳалима" (Ғулам Зафарий шығармасы), "Қайнана" (Мажид Шамхалов шығармасы), "Олифта" (Фарҳад Мусажан шығармасы), "Қабил ила Ҳобил" (Нафас Шодмонов шығармасы), "Ақылдан азыў ҳеш гәп емес" (Шукрулло Маҳкамов шығармасы), "Атабек ҳәм Кумушбиби" (Абдулла Қадирий шығармасы), "Саўшыға күйеў табылды" (Цагарелли шығармасы), "Заман Авлонийси" (Қошқар Норқобил шығармасы), "Сарвқомат дилбарим" (Шыңғыс Айтматов шығармасы), "Бақсы" (Нафас Шодмонов шығармасы), "Қуяштың аманаты" (Ҳайитмат Расул шығармасы) сыяқлы спектакллер усыныс етилиўи мүмкин. Итибар қарататуғын болсақ, бул репертуарда тарийхый, сондай-ақ, әҳмийетли темадағы драмалық шығармалар бар.
- Театрымызда бүгинги күнлерде жүдә жыллы ҳәм көтериңки руўх ҳүким сүрмекте. Жәмәәтимиз жазғы дем алыстан қайтыўы менен ғәрезсизлик байрамы алдынан дөретиўшилеримизден еки адам - Гуласал Раҳмонова "Шуҳрат" медалы, Азизхон Латипов болса "Дўстлик" ордени менен сыйлықланғаны жәмәәтимиз ушын үлкен мақтаныш ҳәм илҳам дәреги болды, - дейди Муқимий атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының жуўаплы хызметкери Феруза Холиқова. - Сентябрь айы театрымыз турмысында әҳмийетли ўақыяларға бай. 21-27-сентябрь күнлери жәмәәтимиз Қазақстанның Ақтаў қаласында өткерилетуғын абырайлы халықаралық фестивалда “Қобил ила Ҳобил” спектакли менен қатнасады. Бул биз ушын тек ғана тәжирийбе алмасыў емес, ал елимиз театрының дөретиўшилик потенциалын халықаралық сахнада көрсетиў имканияты болып есапланады.
Президентимиздиң 2023-жыл 25-декабрьдеги "Халыққа мәдений хызмет көрсетиў дәрежесин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында"ғы қарары менен тастыйықланған 2024-жылы Мәденият министрлиги системасындағы мәмлекетлик театрлар жәмәәтлериниң аймақларға гастроль сапарларын шөлкемлестириў реже-кестесине муўапық, 4-сентябрь сәнесинен баслап Муқимий атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының устаз көркем өнер шеберлери Одина Ғозийева, Гулчеҳра Носирова, Тоҳир Раҳимов және Атабек Ҳақбердиев, Музаффар Ҳамидов, Бозорбек Холмўминов, Фарҳод Қурбонов театр администраторы Нигора Шержонова басшылығында түрли ўәлаят ҳәм районларда болып, халық пенен дөретиўшилик ушырасыў ҳәм концерт бағдарламаларын өткермекте. Қулласы, барлық театрлардың дөретиўшилик жәмәәтлери қызғын таярлықлар менен бәнт. Әсиресе, ғәрезсизлигимиз байрамы ҳәр қашанғыдай дөретиўшилеримизге жаңа руўх ҳәм жаңа илҳам бағышлады. Алдымыздағы тийкарғы мақсет - елимиздиң раўажланыўы ҳәм халқымыздың руўхый дүньясына мүнәсип сахналық шығармалар жаратыў. Сонлықтан, жаңа мәўсимде миллий драматургия үлгилерин сахналастырыў, ўатанласларымыздың руўхый дүньясына унамлы тәсир көрсететуғын спектакллер менен шығыў ҳәм елимиздиң түрли аймақларында гастроль илажларын өткериў режелеримизден орын алған.
Театр адамы Георгий Тавстоноговтың айтыўынша, сахна узынына отыз, енине жигирма адым, бийиклиги пердениң бийиклигиндей онша үлкен болмаған жер. Бирақ бул микромәканның перделери ашылғаннан соң, оған өтмиш те, бүгин де, келешек те сыяды. Демек, театр көркем өнери жолында хызмет етиўге бел байлаған ҳәр бир инсан мойнындағы мақтанышлы ўазыйпаны усы елдиң перзенти сыпатында, тамашагөй, театр жәмәәти, пьеса авторы, сахнадағы жолдасы ҳәм, ең ақырында, өз ҳүжданы алдындағы жуўапкершилигин терең аңлаған ҳалда орынлаўы шәрт. Мәмлекетимиз болса бундай ийгиликли мийнетти қоллап-қуўатлаўды даўам етеди, театрдың раўажланыўы ушын ҳәрекетлер тоқтамайды.
Себеби, театр халықтың руўхый көриниси, миллеттиң қәлби, жанлы руўхы болып есапланады.
Азизбек ЮСУПОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы