Жеке меншик сектор Өзбекстан экономикалық трансформациясының заманагөй базар системасын қәлиплестириў, турақлы өсиўди тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың абаданлығын арттырыўға қаратылған тийкарғы қурамлық бөлеклеринен болып есапланады. Кейинги жылларда әйне исбилерменлик белсендилиги экономикалық раўажланыў, бәнтлик ҳәм инновациялық раўажланыўдың ең әҳмийетли факторына айланды. Бул болса бизнес ҳәм жеке меншик баслама экономиканы модернизациялаўдың тийкарғы ҳәрекетлендириўши күши сыпатында көзге тасланып атырған глобал тенденцияларға сәйкес келеди.
Ҳәрекетлер стратегиясы, Раўажланыў стратегиясы ҳәм "Өзбекстан - 2030" стратегиясы шеңберинде қолайлы бизнес орталығын жаратыў бойынша кең көлемли илажлар көрилди. Әҳмийетли басқышлардан бири сыпатында Бизнес-омбудсман институты шөлкемлестирилди ҳәм оның жумысын тәртипке салатуғын нызам қабыл етилди. Бул, өз гезегинде, исбилерменлердиң мәплериниң системалы қорғалыўын тәмийинледи. Соның менен бирге, бизнести дизимнен өткериў қағыйдасы әпиўайыластырылды, режеден тысқары тексериўлер бийкар етилди ҳәм жер участкаларын ажыратыў тәртиби жетилистирилди. Нәтийжеде бул өзгерислер себепли ҳәкимшилик тосқынлықлардың азайыўына ҳәм исбилерменликтиң жеделлесиўине ерисилди.
Мәмлекетимиз экономиканы модернизациялаўды даўам еттирип, Өзбекстан 2019-2021-жылларда бизнес орталығын санлы өзгертиўге итибар қаратты. "Бир айна" системасы ҳәм “E-kadastr.uz” электрон порталы жаратылғаны себепли тараўда ашық-айдынлық тәмийинленди ҳәм бизнес ушын артықша әўерегершиликлерге шек қойылып, қәрежет азайды. Лицензия ҳәм рухсатнамалар алыў тәртибиниң әпиўайыластырылыўы киши бизнес субъектлери ҳәм исбилерменлер санының көбейиўине жәрдем берди.
2022-2024-жылларда жеке меншик сектордың және де раўажланыўы бәсекиниң күшейиўи ҳәм финанслық ресурслардан пайдаланыў имканиятларының кеңейиўи менен характерленди. Бәсеки бар болған тараўларда мәмлекетлик кәрханаларды шөлкемлестириўге шеклеў орнатылды. Шаңарақлық бизнести қоллап-қуўатлаў бағдарламалары енгизилди ҳәм кредитлеў бойынша электрон платформалар иске қосылды. "Бәсеки ҳаққында"ғы нызамның жаңа редакцияда қабыл етилиўи ҳәм Президентимиздиң ҳәр жылы дәстүрий тәризде исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиў өткериўи мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектор арасындағы бирге ислесиўди беккемлеп, исбилерменлик басламасының турақлы раўажланыўы ҳәм жеке меншик инвестицияларды тартыў ушын тийкар жаратты.
Усы реформалар нәтийжесинде 2024-жылы мәмлекеттиң жалпы ишки өниминде киши бизнес ҳәм жеке меншик исбилерменликтиң үлеси 54,3 процент, экспортта - 33,3 процент, санаатта болса 32,4 процентке жетти. Бундай динамика жеке меншик сектор экономикалық өсиў ҳәм миллий экономиканың диверсификациясы ушын тийкарғы локомотивке айланғанын көрсетеди.
Миллий статистика комитети мағлыўматларына бола, 2024-жылы мәмлекетте 77 мың жаңа кәрхана шөлкемлестирилген, жумыс алып барып атырған кәрханалардың улыўма саны болса 358,1 мыңға жеткен. Жаңа жеке меншик бизнес субъектлериниң ең үлкен бөлеги саўда тараўында (28 мың кәрхана) дизимге алынған. Кейинги орынлардан санаат (12,8 мың), аўыл хожалығы (9,1 мың) ҳәм жасаў ҳәм аўқатланыў хызметлери тараўы (6,5 мың) орын алған.
"Өзбекстан - 2030" стратегиясында экономикада мәмлекетлик емес сектордың үлесин 85 процентке шекем арттырыў ҳәм мәмлекетлик үлес қатнасыўындағы кәрханалардың санын ҳәзирги 2300 ден 383 ке шекем қысқартыў нәзерде тутылған. Меншиклестириў, бәсекини күшейтиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыўға қаратылған бул бағдар экономиканың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм мәмлекеттиң коммерциялық жумыстағы қатнасын азайтыўға қаратылған.
Бул илажларды жетилистириўде мәмлекеттиң бир қатар функцияларын жеке меншик секторға өткериў айрықша әҳмийетке ийе. Солай етип, 2025-жыл 1-июльден баслап бизнеске 11 түрдеги мәмлекетлик хызмет тапсырылған. Медицина шөлкемлерин аккредитациялаў, есаплағышларды тексериў ҳәм транспортты экосертификациялаў усылардың қатарына киреди. Буннан тысқары, 2028-жылға шекем хызмет көрсетиў тараўындағы кәрханалар ушын 1 процент муғдарындағы социаллық салықтың жеңиллетилген ставкасы создырылған. Бул олардың раўажланыўын хошаметлейди ҳәм халықтың бәнтлигин арттырыўға жәрдем береди.
Исбилерменлик белсендилигин және де арттырыў мақсетинде 2026-жыл 1-январьдан баслап жыллық айланысы 1 миллиард сумға шекем болған жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар ушын 1 процент муғдарында төменлетилген салық ставкасы енгизиледи. Бул илаж салық жүгин азайтыў ҳәм жаңа жумыс баслап атырған исбилерменлер ушын қолайлы шараят жаратыўға қаратылған. Бул, әсиресе, киши бизнес тараўын беккемлеў ҳәм өзин-өзи бәнт етиўди кеңейтиў ушын әҳмийетли.
Салық жеңилликлерин енгизиў менен бир қатарда социаллық әҳмийетке ийе тармақларды раўажландырыўға жеке меншик капиталды тартыў күшейди. Атап айтқанда, билимлендириў тараўында жеке меншик бақшалардың саны 120 еседен аслам көбейип, 31 мыңға, жеке меншик мектеплердиң саны болса 22 есеге артып, 645 ке жетти. Мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси 70-80 проценттен төмен болған 80 районда исбилерменлерге жеңилликлер берилмекте. 30 жылға шекем ижара төлеминен азат етиў ҳәм ҳәр бир тәрбияланыўшы ушын қәрежеттиң 50 процентин субсидиялаў сольардың қатарына киреди.
Бундай хошаметлеўлер сапалы тәлим-тәрбия алыў имканиятын кеңейтиў ҳәм жеке меншик инвесторлардың инсан капиталын раўажландырыўда белсене қатнасыўына жәрдем береди.
Усыған уқсас тенденциялар денсаўлықты сақлаў тараўында да бақланбақта. Соңғы жети жылда жеке меншик медицина мәкемелериниң саны 3500 ден 8500 ге көбейди. Бул өсиў бизнес ушын қолайлы шараят, инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм медицина хызметкерлериниң маманлығын арттырыў менен байланыслы. Буннан тысқары, халықтың жеке меншик медициналық хызметке исеними артып бармақта. Бул болса хызмет сапасын жақсылаў ҳәм пуқаралардың заманагөй емлеў усылларынан пайдаланыў имканиятын кеңейтпекте.
Айырым тармақлардағы структуралық реформалардың нәтийжеси макроэкономикалық дәрежеде де көринбекте. Бул инвестициялардың өсиўи ҳәм жеке меншик сектордың белсендилиги менен тастыйықланбақта. Атап айтқанда, 2024-жылы Өзбекстанда 493,7 триллион сум тийкарғы капиталға инвестициялар өзлестирилген. Соннан 150,5 триллион сумы тиккелей сырт ел инвестициялары болып есапланады. Кейинги бес жылда капитал қойылмалардың улыўма көлеми дерлик 2,3 есеге өсти. Инвестициялардың 75,9 проценти тартылған қаржы, 24,1 проценти болса кәрханалар, шөлкемлер ҳәм халықтың өз қаржысы есабынан қаржыландырылды.
Халықаралық баҳалаўлар да Өзбекстандағы өзгерислердиң нәтийжелилигин тастыйықламақта. Атап айтқанда, Жәҳән банкиниң "Бизнеске таярлық 2024" есабатына бола, раўажланып атырған экономикаларда жеке меншик сектор жумыс орынларының дерлик 90 процентин жаратады. Инвестициялардың 75 процентин ҳәм санаат өндирисиниң 70 проценттен асламын тәмийинлейди. Исбилерменлик жумысын нәтийжели ҳәм ашық-айдын тәртипке салыўға экономикалық өсиўди жеделлестириў ҳәм нәтийжелиликти арттырыўдың ең әҳмийетли қуралларынан бири сыпатында қаралмақта.
Буннан тысқары, Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкемине ағза мәмлекетлер COVID-19 пандемиясынан кейин турақлы тиклениў ушын мәмлекет ҳәм бизнес арасында тығыз бирге ислесиў зәрүр екенлиги ҳаққындағы позицияны мақуллайды. Шөлкемниң есап-санақларына бола, 2030-жылға барып Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ушын талап етилетуғын жыллық инвестициялар 2019-жылдағы 2,5 триллион АҚШ долларынан 2020-жылда 3,7 триллион долларға шекем артты. Бул болса инвестицияларды тартыў ҳәм узақ мүддетли раўажланыўдың стратегиялық ўазыйпаларын әмелге асырыўдың тийкарғы механизми сыпатында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликтиң әҳмийетин арттырады.
Мәмлекетимизде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик (МЖШ) тиң раўажланыўындағы сезилерли жетискенликлерди Халықаралық валюта қорының мағлыўматлары да тастыйықлайды. 2021-жылы МЖШ жойбарларының улыўма портфели шама менен 6,2 миллиард долларды қураған ҳәм бул ЖИӨниң шама менен 8 процентине туўра келген болса, 2024-жылдың ақырына келип бул көрсеткиш 31 миллиард долларға ямаса ЖИӨниң 27 процентине жетти. Бундай тенденция жеке меншик капиталдың экономикадағы орны күшейип атырғаны ҳәм инвесторлардың ишки базарға қызығыўшылығы артып атырғанын көрсетеди.
Солай етип, Өзбекстан тәжирийбеси исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў, қолайлы инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын жаратыў, жеке меншик капиталды жедел тартыў мәмлекеттиң турақлы экономикалық раўажланыўы ушын исенимли тийкар жарататуғынын көрсетеди. Узақ мүддетли келешекте әйне жеке меншик сектор миллий бәсекиге шыдамлылықты арттырыў, инновацияларды хошаметлеў ҳәм социаллық турақлылықты беккемлеў, экономикалық өсиў ҳәм халықтың абаданлығы арасындағы тең салмақлылықты тәмийинлеўдиң тийкарғы факторына айланады.
Рамзиддин НУРИДДИНОВ,
"Раўажланыў стратегиясы" орайы бас қәнигеси