Австралия, Уллы Британия, Дания ҳәм АҚШ астрономлары топары Жерден 146 жарықлық жылы қашықлықта жайласыўы мүмкин болған HD137010b планетасын ашты. Бул ҳаққында 29-январь күни The Guardian газетасы изертлеўге сүйенип хабар берди.
Басылымның мағлыўматларына бола, планета Қуяшқа уқсас жулдыз әтирапында айланады, ал илимпазлардың есап-санақларына бола, HD137010b Жерден тек ғана 6 процентке үлкен. Газета сөзлерин келтирген изертлеўшилердиң атап өтиўинше, планета 50% итималлық пенен өз жулдызының жасаў зонасында болады ҳәм оны 355 күнде айланып шығады, деп жазбақта tass.ru.
Бул жулдыз Қуяштан да суўық ҳәм гүңгирт, соның ушын планетада температура -70 градусқа шекем төменлеўи мүмкин, деп атап өтти басылым. Изертлеў жумысы авторларынан бири доктор Челси Хуангтың пикиринше, келешекте планета бақлаў ушын ең тийкарғы объект болыўы мүмкин.