Сыртқы ислер министрлиги Иран ҳәм Израилда жасаўшы Өзбекстан пуқараларына мүрәжат пенен шықты

    13 маусым 2025 1250

    Сыртқы ислер министрлиги Иран әтирапындағы жағдайдың кескинлесиўи ҳәм Иран және Израилда ракета атыспалары күтилиўи мүнәсибети менен сизлерден қәўипсизлик илажларына қатаң әмел етиўди сорады.

    Зәрүрликке қарап Иранда жасаўшылар бомба баспаналарына тезлик пенен кириў, Израилда болса фронт арты сәркардалығының ескертиўлерине әмел етиў усыныс етилген.

    Еки мәмлекеттеги пуқараларымыз рәсмий хабарларды турақлы бақлап барың, шахсыңызды тастыйықлаўшы ҳүжжетлер ҳәм елшихана байланыс мағлыўматларын бәрқулла жаныңызда сақлаң, - делинеди мүрәжатта.

    Ирандағы Елшиханамыздың байланыс мағлыўматлары:

    • Телефон: 22299780, 22832025

    Израилдағы Елшиханамыздың байланыс мағлыўматлары:

    • Телефонлар: 03-672-2466, 03-672-2371, 03-758-5075, 03-758-5076.

    Тез хабарлар ушын:

    • 054 485 1397.
    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates