Ушырасыўда региондағы миллионлаған балалар ушын айдын келешек жаратыўға қаратылған әҳмийетли жойбарларды биргеликте әмелге асырыў бойынша пикир алысылды.

Өзбекстан ҳүкимети ушын мәмлекетимиз ҳәм пүткил дүнья бойлап келешек әўладлардың абаданлығы ушын ең жақсы шараятларды жаратыў тийкарғы ўазыйпа болып қалмақта. UNICEF пенен тығыз бирге ислесиўди жоқары қәдирлеймиз ҳәм Қор жумысын толық қоллап-қуўатлаўды даўам еттиремиз, - деп жазады Бахтиёр Саидов өзиниң Телеграм каналында.