Күнделикли жумысымыздың үлкен бөлеги финанслық мәселелер менен байланыслы. Дерлик ҳәр күни дүканға кирип, саўда ислеўден баслап ҳәр қыйлы хызметлер ушын пул төлеў, кредит алыў, валюта алмастырыў сыяқлы ҳәрекетлер көпшилигимиз ушын әдеттеги әмелиятқа айланған. Соның ушын да ҳәр күни базардағы баҳа өзгериўи, кредит процентлери, валюта курсы менен қызығып, интернет арқалы хабарларды бақлап барамыз.

Бул, бир тәрептен, халықтың турмыс шараяты жақсыланып, финанслық хызметлерге талап артып атырғаны менен байланыслы болса, екинши тәрептен, экономикалық саўатлылық артып атырғанынан дәрек береди. Алдынлары тек ғана тараў ўәкиллери түсинетуғын атамаларды бүгин әпиўайы халық та әмелиятта белсене қолланып, таллап атыр.

Усы жыл 11-сентябрь күни Орайлық банк басқармасының гезектеги мәжилисинде тийкарғы ставканы жыллық 14 процент дәрежесинде сақлап қалыў ҳаққында қарар қабыл етилди. Бул хабар жәрияланғаннан соң, ўатанласларымыз пикир-усынысларын билдириўди баслады. Айырымлар тийкарғы ставканың өзгериссиз қалғаны унамлы жағдай екени, енди кредит процентлери де аспайтуғынын жазды. Басқалар болса жыллық ставканы 14 проценттен түсириў мақулырақ болып, бул тиккелей кредит процентлериниң төменлеўине алып келетуғынын атап өткен.

Гәп сонда, елимиздиң финанс системасында Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы, деген түсиник бар. Тийкарғы ставка Орайлық банк тәрепинен белгиленеди ҳәм пул базарында қысқа мүддетли пулдың баҳасын белгилейди. Мәселен, жоқары инфляция қәўпи туўылғанда Орайлық банк тийкарғы ставканы көтереди, яки керисинше инфляция таргеттен төменлесе тийкарғы ставканы төменлетеди.

Тийкарғы ставканы белгилеў арқалы Орайлық банк пул базарына пул-кредит сиясаты мақсетлерине ерисиў ушын қайсы ставка дәрежеси мақул есапланыўын билдиреди. Базар ставкаларын Орайлық банк белгилеген дәрежеге жақынластырыў ушын өз операцияларын тийкарғы ставкаға байланыстырады.

Мәселен, коммерциялық банклер ажырататуғын жеңиллетилген кредитлер процент ставкасы тиккелей тийкарғы ставкаға байланыслы. Яғный ставканың төменлеўи ямаса көтерилиўи жеңиллетилген кредитлер процентлериниң төменлеўине ямаса артыўына тәсир етеди. Сондай-ақ, коммерциялық кредитлер процентлери де Орайлық банктиң процент ставкасынан келип шығып белгиленеди.

Орайлық банк белгилейтуғын тийкарғы ставка дәрежеси белгили бир ўақытта бир қатар факторлар есабына өзгерип турады. Атап айтқанда, тийкарғы ставка 2017-жыл июнь айының ақырында - валютаны либералластырыўға таярлық шеңберинде 9 проценттен 14 процентке шекем көтерилген ҳәм 2024-жыл июльге шекем 14-17 процент аралығында қәлиплескен. 2024-жыл июльде болса бул ставка 0,5 процентке төменлетип, жыллық 13,5 процент дәрежесинде белгиленди. Кейин ала және 14 процентке көтерилди.

Орайлық банк басқармасының қарары менен әне усы тийкарғы ставка 2025-жыл 11-сентябрьде 14 процент дәрежесинде өзгериссиз сақлап қалынды ҳәм бул бир қанша факторлар менен түсиндирилип атыр. Атап айтқанда, елимиздеги экономикалық жеделликтиң жоқары қәлиплесип атырғаны себепли инфляция басымы ҳәм баҳалардың артыўы бойынша қәўиплер сақланып қалып атырғаны, усы жылы инфляция төменлеўи күтилгенинен әсте өтип атырғаны тийкарғы себеплерден бири сыпатында келтирилмекте.

- Додалаўлардан соң тийкарғы ставканы 14 процент дәрежесинде сақлап қалыўға қарар еттик, - дейди Орайлық банк баслығы Тимур Ишметов. - Буның бир неше себеби бар. Бәринен бурын, халықаралық саўдадағы шеклеўлер ҳәм басқа да факторлар себепли елимизде инфляция төменлеўи күтилгенинен әсте болмақта. Екиншиден, миллий экономикада жоқары тутыныў талабы ҳәм инвестициялық белсендилик сақланып қалмақта. Усы жылдың екинши шерегинде қәлиплескен экономикалық белсендилик ҳәм тутыныў талабының жоқары пәти баҳаларға арттырыўшы тәсирди даўам еттирди. Соңғы айларда мәўсимлик факторлар ҳәм алмасыў курсының турақласыўы есабынан халық ҳәм исбилерменлердиң күтимлеринде төменлеў тенденциясы бақланған. Соған қарамастан, бул күтилмелер улыўма инфляция дәрежесинен жоқары болып қалмақта. Атап айтқанда, август жуўмақлары бойынша халықтың күтилмелери 12,2 процент, исбилерменлердиң күтилмелери 11,8 процентти қурады.

Қатаң финанслық шараятлар ҳәм мийнет базарларының теңлесиўи тәсиринде глобал инфляцияның төменлеў тенденциясы 2025-жылдың екинши ярымында да даўам етиўи күтилмекте. Қалаберди, дүньяда азық-аўқат өнимлериниң баҳасы артып атырғаны және саўдадағы тийкарғы бирге ислесиўши мәмлекетлер инфляция дәрежесиниң мақсетли көрсеткишинен жоқары қәлиплескени келешекте импорт инфляциясының күшейиўине алып келиўи мүмкин. Бул шараятта усы жылдың ақырында елимизде инфляция дәрежеси 8,7 процент әтирапында қәлиплесиўи прогноз етилмекте.

Қәнигелердиң атап өтиўинше, усы жылдың биринши ярымында мәмлекетимизде экономикалық белсендилик жоқары пәтте даўам етти. Атап айтқанда, экономикалық өсиў 7,2 процентке шекем тезлесип, оған хызметлер тараўы тийкарғы үлес қосты. Сондай-ақ, санаат, қурылыс, аўыл хожалығы тармақларында да сезилерли өсиў бақланды. Тийкарғы капиталға қаратылған инвестициялардың баҳасы болса 270 триллион сумға жетип, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 5,5 процентке өскен. Басқа түрдеги инвестициялар көлеминде де көрсеткиш бираз жоқары. Басқа тәрептен, жалпы талаптың жоқары дәрежеде сақланыўы шараятында энергия баҳасы артыўының екилемши тәсири хызметлер инфляциясының жоқары қәлиплесиўинде көринбекте.

Мине, усы факторларды есапқа алып, атап айтқанда, миллий экономикадағы инфляция басымын азайтыў ҳәм орта мүддетли перспективада баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде Орайлық банк басқармасы тийкарғы ставканы әмелдеги 14 процент дәрежесинде сақлап қалыў ҳаққында қарар қабыл етти.

Белгиленген таргетке қашан жеткериледи?

Инфляция - товар ҳәм хызметлер улыўма баҳасының өсиўин аңлататуғын термин. Көпшилик адамлар буны баҳалардың артыўы ҳәм айлық мийнет ҳақыға сәйкес емеслиги сыпатында түсинеди. Инфляция жоқары болыўы экономикадағы пул қуны төменлеўине алып келеди. Инфляция миллий валютаның сатып алыў қәбилетин азайтып, күнделикли турмысымызға сезилерли тәсир көрсетеди.

Орайлық банк мағлыўматларына бола, усы жылдың август айында улыўма инфляция июльдағыға салыстырғанда бираз төменлеп, жыллық есапта 8,8 процентти қурады. Азық-аўқат ҳәм азық-аўқат емес өнимлер баҳасының өсиўиниң төменлеўи есабынан базалық инфляция 7,6 процентке шекем төменлеген.

Бирақ бул белгиленген турақлы мақсет (таргет) дәрежесинде емес. Яғный Президентимиздиң 2019-жылдағы тийисли пәрманында елимизде инфляция бойынша таргет 5 процент болыўы, оған 2023-жылы ерисилиўи белгиленген еди. Бирақ, айырым себеплерге бола, инфляция бойынша қойылған таргетке ерисиў мүддети бир неше мәрте кейинге қалдырылды.

Соның ишинде, 2020-жыл пандемия дәўиринде мәмлекетлер тәрепинен киргизилген ҳәр қыйлы шеклеўлер ҳәм 2022-жылғы халықаралық майданда жүзеге келген геосиясий жағдайдан соң пүткил дүньяда инфляцияның жоқары артыўы бақланып, ҳәзирги жағдайлар Өзбекстанға да өз тәсирин өткермей қалмады ҳәм инфляцияның алдынғы прогноз көрсеткишлеринен жоқары қәлиплесиўине себеп болды. Соңғы болжаўларға бола, инфляция бойынша мақсетке 2027-жылы ерисиў күтилмекте.

- Прогнозымыз ишки ҳәм сыртқы факторларға тийкарланады. Бирақ турмыста бул факторлар өзгерсе, прогноз да өзгериўи тәбийғый, - дейди Орайлық банк баслығы Тимур Ишметов. - Яғный, мақсетимизге жетиўде дүньядағы геосиясий жағдай да тәсирин өткермекте. Бундай шараятта прогнозлаў жүдә қыйын. Соған қарамастан, сыртқы факторларға бейимлесип, сиясат жүргизип атырмыз. Түрли товарлар базарын еркинлестириў, айырым товарлар бойынша бәсекини күшейтиў, өндирис ҳәм импорттың концентрациясын азайтыў бойынша белгили жумыслар исленбекте. Быйыл елимизде көп бағдар бойынша инфляция көрсеткиши төменлей баслады. Бирақ бул ойлағанымыздан кеширек жүз бермекте. Яғный унамлы нәтийже бар, бирақ жетерли емес. Таргетке ерисиўимиз 2027-жылдың ақырына мөлшерленген. Усы жылдың ақырына барып инфляция дәрежеси 8,7 процент болыўы күтилип атырғанын есапқа алсақ, бир жылда 5 процент түсириў қыйын мәселе. Ҳәзирше 2027-жылды прогноз етип атырмыз.

Ҳәзирги ўақытта болса улыўма инфляцияның турақлы төменлеў траекториясына өтиўи ўақыт талап етеди. Баҳаларды асырыўшы басым келеси айлардан күтилгенинен де күшейиўи бойынша итималлар ҳәм тийкарлар жүзеге келген жағдайда пул-кредит шараяты қайта көрип шығылыўы мүмкин.

Валюта курсы қалай қәлиплеседи?

Бундай мағлыўматлар ҳаққында алдын дерлик хабардар болмағанбыз. Тийкарғы ставка проценти ашық айтылса да себеп ҳәм факторлары талланбайтуғын еди. Кейинги тоғыз жылда барлық тараўдағы ашық-айдынлық себепли банк-финанс системасындағы өзгерислер халыққа турақлы жеткерип барылып атырғаны ўатанласларымыздың бул бағдардағы саўатлылығы артыўына хызмет етпекте. Ҳәттеки валюта алмастырыўда тек жергиликли емес, ал дүньядағы жағдайды да прогнозлай басладық. Гәп соңғы ўақытта халық арасында қызғын додалаўларға себеп болып атырған валюта алмасыў курсының қәлиплесиўи ҳаққында бармақта.

- Орайлық банк алмасыў курсы бойынша мақсетли көрсеткиш белгилемейди ҳәм курс қәлиплесиўине араласпайды, - дейди Тимур Ишметов. - Миллий валюта курсы ишки валюта базарында сол жердиң талап ҳәм усынысы тийкарында қәлиплеседи. Кейинги ўақытларда салыстырмалы қолайлы макроэкономикалық шараятлар валюта базарындағы унамлы тенденцияларды қәлиплестирмекте. Нәтийжеде миллий валюта алмасыў курсы жыл басынан 3-4 процент әтирапында беккемленди. Буған бир қатар факторлар себеп. Атап айтқанда, усы жылы миллий экономикада сырт ел валютасының усынысы сезилерли дәрежеде жоқары қәлиплеспекте. Март-июль айларында алтынсыз экспорт дерлик 20 процентке артты. Сырт ел инвестициясы ҳәм халықаралық инструментлер ағымы да сезилерли дәрежеде артыўы бақланбақта. Бир ғана мысал, усы жылдың биринши ярымында сырт ел инвестицияларын өзлестириў көрсеткиши 37 процентке өсти. Елимизге 12,1 миллиард долларлық пул өткермелери келип түсти. Бул өткен жылға салыстырғанда 23 процентке көп. Банклер тәрепинен физикалық шахсларға сатылған валюта көлеми сезилерли дәрежеде азайып, банклерге сатылған валюта көлеми артты. Бунда сатылған ҳәм алынған валюта көлеми арасындағы айырмашылық 5,6 миллиард долларды қурады (халық банклерге көбирек валюта сатты). Бул өткен жылға салыстырғанда 40 процентке көп дегени.

Яғный биз сырт ел валютасы курсының төменлемеўине ҳәм турақлы артып барыўына әдетленип қалғанбыз. Бирақ санап өтилген бир қатар факторлар себепли енди бул тенденция өзгерди. Бизиңше, валюта алмасыў курсындағы түсиў ҳәм көтерилиў әдеттеги жағдайға айланады. Бул унамлы жағдай сыпатында баҳаланбақта.

Инфляцияны төменлетиўге қаратылған илажлар процесинде ақша базарындағы шараят салыстырмалы қатаң басқышта қәлиплесип, халықтың жыйнаў белсендилигиниң артып атырғаны да әҳмийетли тәреплерден бири сыпатында тән алынбақта. Нәтийжеде усы жылдың екинши шерегинде пул базарының процент ставкалары тийкарғы ставкаға жақын, инфляциядан 3-4 процентлик унамлы парық пенен қәлиплескен. Бул тәрептиң сақланып қалыныўы ҳәм алмасыў курсының турақлылығы сумда жыйнаў тартымлылығын арттырып, халықтың аманатларында жоқары өсиў пәтин тәмийинлемекте. Мағлыўматларға бола, ҳәзирги ўақытта халықтың аманатының дерлик 80 проценти сумда қәлиплескен болып, сумдағы мүддетли депозитлерде жыллық 1,5 есе жоқары өсиў пәти сақланып қалмақта.

Улыўма, трансшегаралық пул өткермелери көлеминиң турақлы өсиўи, экономикада кредитлеў пәтиниң жеделлесиўи, бюджет қәрежетлериниң өсиўи ҳәм инвестициялық белсендиликтиң жоқары болыўы жалпы талапты жедел хошаметлеўши факторлардан екени айтылмақта. Салыстырмалы қатаң ақша-кредит шараятының даўам еттирилиўи болса миллий экономикада жыйнаў тартымлылығын сақлап қалып, кредитлеў пәтин оптималластырыў ҳәм ақша базарында ресурслар баҳасын турақлы қәлиплестириў арқалы жалпы талапты теңлестириўге хызмет етеди. Тийкарғысы, инфляцияға монетар (пул-кредит сиясаты) факторлардың тәсирин кемейттиреди.

Ирода ТОШМАТОВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы