Бүгинги күнде заманагөй ҳәм тез жүрер поездлар, самолётлар санының көбейип баратырғанына қарамастан, экономиканың тийкарғы буўынлары болған экспорт, импорт, логистика ҳәм басқа да тармақлардың раўажланыўы автомобиль транспорты ҳәм жоллардың сапасына байланыслы болып қалмақта.
Соның менен бирге, дүнья халқының саны артып барыўы менен автомобиллерге талап та артып бармақта. Бул болса тығылысларды пайда етпекте. Раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбесине қарасақ, тығылысты сапластырыўда жәмийетлик транспортты раўажландырыў тийкарғы факторлардан бири болып есапланады. Егер жәмийетлик транспорт көп ҳәм арзан болса, халықтың жеке автомобилден пайдаланыў дәрежеси азаяды, нәтийжеде миллионлық қалаларда да тығылыс сезилерли дәрежеде азайыўы мүмкин. Қалаберди, автомобиль жолларын модернизациялаў мәмлекеттиң экономикалық раўажланыўына үлкен үлес қосады. Соннан келип шығып айтатуғын болсақ, төлемли жоллар қурылыўы үлкен әҳмийетке ийе.
Талапқа жараса усыныс
Төлемли жоллар адамзат ушын жаңалық емес. Өтмиште пияда ямаса ат арбасында ҳәрекетленгени ушын жолдан пайдаланыўшылар салық ямаса бажы төлеген. Техниканың раўажланыўы артынан ат-арбалардың орнын автомобиллер ийелеўи менен төлемли жол, көпир ҳәм туннеллер пайда болды. XX әсирде Европаның бир қатар мәмлекетлеринде усындай жоллар қурылысы ен жайды.
Жол қурылысы ҳәм оңлаўға үлкен қәрежет талап етиледи. Көплеген факторлар себепли жолларды қайта оңлаў ушын мәмлекетлик бюджеттен үлкен қаржы ажыратылады. Өткен әсирдиң 50-60-жылларына келип Франция, Испания, Португалия сыяқлы мәмлекетлер бюджеттен жол қурылысына қаржы ажыратпай, инфраструктураны жеке меншик компанияларға тапсыра баслады. Нәтийжеде жолдан пайдаланыўшылар сапалы ҳәм тегис жолға, жеке меншик компаниялар дәрамат дәрегине ийе болды, мәмлекет болса артықша қәрежеттен қутылды. Яғный мәплердиң соқлығысыўы бул жолларға болған талапты арттырып жиберди.
Бүгинги күнде төлемли автомагистраллар Европа, Америка, Австралия, Африка, Азия материклериндеги көплеген мәмлекетлерде бар. Бундай жолларға талаптың артып барыўы базар экономикасы менен байланыслы. Көпшилик раўажланған қалаларда жасаўшылар қосымша ҳақы есабынан болса да мәнзилге тезирек жетип барыўды қәлейди. Талап бар жерде болса, усыныс бәрқулла болады.
Өзбекстанда қашан қурылады?
Жақын жыллар ишинде елимизде де Ташкент - Самарқанд ҳәм Ташкент - Әндижан төлемли автомагистрал жолының қурылысы ҳаққында көп сөз болмақта.
Ал, бул иске қашан кириседи?
Мәмлекетимиз басшысының 2023-жыл 10-октябрьдеги "Жол хожалығы тараўын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарары бул бағдардағы әҳмийетли жумысларға старт бергенин атап өтиў керек. Себеби, әйне усы ҳүжжет тийкарында заманагөй автомобиль жолларын шөлкемлестириў перспективалары да белгиленип, өткен ўақытта Жәҳән банкиниң қатнасыўында Ташкент - Әндижан альтернатив жолы жойбарластырылды.
- Январь айында усы жойбар бойынша тендер жәрияланды. Бул процесс еки басқышта әмелге асырылады, - дейди транспорт министри Илҳом Маҳкамов. - Қурылыс жумыслары усы жылы басланады. Бул жойбарға дүньяда белгили 30 дан аслам компания қызығыўшылық билдирди. Ойымызша, тендер арқалы потенциаллы компаниялар таңлап алынады.
Сондай-ақ, транспорт министри 300 километрлик Ташкент - Самарқанд алты полосалы жол қурылысы бойынша да жойбарлаў ҳүжжетлери жумыслары жуўмақланғанын айтты.
- Ҳәзирги күнде тендер жумысларын әмелге асырып атырмыз. Президентимиз тәрепинен барлық тендер процесслерин қағыйдаларға толық әмел еткен ҳалда, бирақ артықша ўақыт жумсамай, усы жылы еки жолдың қурылыс жумысларын баслаў тапсырылды, - дейди ол.
Ташкент - Әндижан магистраль жолы жойбарының 1-басқышы улыўма узынлығы 171 километрди қурап, Ташкенттен Ангренге шекемги автомобиль жолы ҳәм Қамшық өткелин жойбарластырыў, қурыў, қаржыландырыў, басқарыў ҳәм техникалық хызмет көрсетиўди өз ишине алады.
Жәҳән банкиниң қаржыландырыўы шеңберинде Өзбекстан ҳүкимети жойбар ушын жеке меншик шерикти таңлаў бойынша таңлаў процесслеринде жәрдем бериў мақсетинде Arup (Уллы Британия), PwC (Өзбекстан) ҳәм CMS (Уллы Британия) арнаўлы консултантларын тартты.
Ҳүкимет тендерде жеңимпаз болған қатнасыўшыны таңлаў тийкарында таңлаў ҳәм узақ мүддетли МЖШ келисимин қол қойыўды режелестирмекте. Тендер еки басқышта өткериледи. Биринши басқышта жеке меншик компаниялар дәслепки таңлаўдан өтиў ушын ҳүжжет тапсырады. Екинши басқышта дәслепки таңлаўдан өткен компаниялар жойбар бойынша техникалық ҳәм финанслық усынысларын усынады.
Әҳмийети неде?
Жақында ўәлаяттан қайтып киятырып, биз отырған машина бир неше саат тығылыста қалып кетти. 4-5 саатта басып өтиў мүмкин болған аралық дерлик 7-8 саатқа созылды. Бир қатар дизилисип, тынымсыз сигнал берип атырған айдаўшылардың ашыўлы жағдайда бир-бирине бақырыўы онысыз да аўыр жағдайды жаманластырар еди.
Бул арада өзин Асқар, деп таныстырған жолдасымыз гәп баслады.
- Бир неше жылдан берли Қубла Кореяда оқып-жумыс ислеймен. Ол жерде де усындай жағдайлар болып турады. Бирақ, көпшилик жағдайда бир аймақтан екинши ўәлаятқа өтиўде төлемли жолдан пайдаланады. Онда жолда иркилмей ҳәрекетлениўиңиз мүмкин. Ең әҳмийетлиси, 24 саат даўамында жол шетлеринде кафе, түрли шақапшалар ислеп турады.
Гәп арасында елимизде де төлемли жоллар қурылысы ҳаққында еситкенин айтты. Бул арада биз тығылыстан шығып кеткен едик. Үлкен жүк машинасы ҳәм жеңил автомашина арасында соқлығысыў жүз берген, ақыбетинде жуўапкер хызметкерлер оларды жол шетине алып өткенге шекем жолды тосып қойған.
Гүрриңге үнсиз тыңлап киятырған шофер аға да қосылды.
- 10 жылдан берли айдаўшылық етемен. Бундай машиналар менен жүз беретуғын кеўилсизликлерге жүдә көп гүўа болғанман. Гейде буған айдаўшылардың тәжирийбесизлиги, гейде жол талапқа жуўап бермеўи себеп болады, - дейди өзин Маруф аға деп таныстырған самарқандлы киси. - Пуллы жоллар қурылысы ҳаққында еситип, қуўандым. Бул жол қурылса, ҳәмме ушын пайдалы болар еди. Бәринен бурын, ол халықаралық стандартларға жуўап бериўи менен әҳмийетли. Көз алдыңызға келтириң, ҳәзирги жолларда ҳәр еки айда машинамды устаханаға алып бараман. Тапқан пулымның көпшилиги оны оңлаўға кетип атыр. Және бир абзаллық тәрепи, төлемли жолларда тезлик жоқары болса да, радарларға түсип, жәрийма төлеў мәселеси болмайды. Яғный жоқары тезлик белгиленген болады. Саатлап тығылысларда қалып кетпейди. Ең әҳмийетлиси, жолаўшыларды қәўипсиз мәнзилине жеткериў мүмкин.
Төлемли жоллар бар жолларға альтернатив сыпатында қурылады. Бүгинги күнге келип көпшилик ески жоллар автомобиллер ҳәрекетлениўи ушын тарлық етпекте. Әсиресе, бул жоллардың көпшилиги елатлы пунктлерден өткени себепли тезлик шекленеди. Керисинше, жол ҳәдийселериниң көпшилиги усы мәнзиллерде жүз бермекте. Оған болса балалардың тосаттан жолларға шығып қалыўы, үй ҳайўанлары ҳәм басқа да ҳәдийселер себеп болмақта. Бул болса машиналардың ҳәрекетлениўине шеклеў орнатыў менен бирге, басқа кеўилсиз ҳәдийселерди жүзеге шығармақта.
Бүгинги күнде дүнья жүзи көлеминде шеклеўлерден жырақ төлемли жолларға талап артып бармақта. Ески жоллар бойындағы халық турақ жайларын бузыў ушын жүдә үлкен компенсация төлеўге туўра келеди. Тәбийий, бундай жағдайда ески жолды оңлаўдан гөре жаңа жол қурыў экономикалық жақтан альтернатив вариант. Және бир қолайлығы, егер төлемли жол жеке меншик компаниялар тәрепинен қурылса, мәмлекетлик бюджетке пайда болады. Бул жол жеке меншик жумысты бөлип алып ислеўшиге белгили мүддетке бериледи ҳәм соннан кейин және мәмлекет қарамағына қайтады. Мәмлекет, өз гезегинде, оны бийпул, яғный улыўма пайдаланылатуғын жолға айландырыўы мүмкин.
Тек ғана Ташкент - Әндижан төлемли жолы қурылса, аралық 5 сааттан 3 саатқа түсетуғыны айтылды. Жойбар Ташкент, Наманган, Ферғана ҳәм Әндижан ўәлаятларын қамтып алады. 10 миллионнан аслам халық жасайтуғын бул ўәлаятлардың барып-келиў аралығын қысқартыў тек ғана ўақытты үнемлемейди, ал қәўипсизликти де тәмийинлейди. Себеби, төлемли жоллар әтирапы тосық пенен қоршалады. Ақыбетинде усы жолдың өзи қурылғаннан соң бул қатнаўда автоавариялар саны 40 процентке азайыўы мүмкин. Сондай-ақ, бул жол жалпы ишки өнимди 2,6 процентке арттырыўы да нәзерде тутылмақта.
Дүнья тәжирийбеси
Дүньяда 30 дан аслам мәмлекетте төлемли жоллар болып, олардың узынлығы 140 мың километрден зыят. Тек ғана Қытайда өткен әсирдиң 80-жылларынан кейин төлемли жоллар қурылысы кең түрде ен жайған. Кейинги жылларда бул жоллар усы мәмлекет миллий экономикасының әҳмийетли буўынына айланды. Жоллардың тегислиги ишки саўданың раўажланыўына түртки болды. Сондай-ақ, халықаралық инвестицияларды мәмлекетке тартыўда әҳмийетли фактор болып хызмет етпекте. Әпиўайы жолларға қарағанда қәўипсизлиги қытайлыларды бул жоллардан пайдаланыўға ийтермелемекте. Нәтийжеде пайдаланыўшылар ҳәр жылы 60 миллиард юанға шамалас пул төлейди.
Қытай халық саны бойынша дүньяда жетекшилерден бири. Бул болса мәмлекет алдына бир қатар машқалаларды қояды. Соның ишинде, жумыссызлық мәселесин де. Мағлыўматларға қарағанда, бул мәмлекетте пуллы жоллар ушын жумсалған ҳәр 100 миллион юань 4000 ға шамалас жумыс орнын жаратыўы жумыссызлық мәселесине қайсыдур мәниде шешим ўазыйпасын атқарады.
Соннан келип шығып айтатуғын болсақ, елимизде де төлемли жоллар бойынша алға қойылып атырған жойбарлар әмелге асырылса, тек ғана адамлардың узағы жақын болмай, ал қәўипсизлиги тәмийинлениўи менен бирге көплеген инсанлар жумыс пенен тәмийинленеди. Шаңарағына берекет киреди.
Баҳа мәселеси
Әлбетте, қәўипсиз ҳәм қолайлы жолларда ҳәрекетлениў ушын жумысты бөлип алып ислеўши тәрепинен белгили бир сумма белгиленеди. Ал, бул жолларға қойылатуғын ақша муғдары неге қарап белгиленеди? Жоқарыда атап өткенимиздей, Өзбекстанда қурылысы режелестирилип атырған төлемли жолларға қойылатуғын баҳа, тезлик, қанша қәрежет кететуғыны ҳәм басқа да мағлыўматлар еки басқышлы тендер жуўмағынан соң мәлим болады. Әлбетте, бунда халықтың экономикалық жағдайы есапқа алынады. Енди төлемли жоллардың баҳасын басқа мәмлекетлер көлеминде салыстырып көрейик.
Россияда 90-жыллардың ақырында төлемли жоллар пайдаланыўға тапсырылған. Бүгинги күнде бул мәмлекетте шама менен 3000 километр узынлықтағы усындай жоллар бар болып, айдаўшылар ҳәр 100 километр ушын орташа 3,65 доллар төлейди.
Тәжикстанда 2010-жылы Душанбе - Хоженд - Чаноқ автомобиль жолы толық оңланғаннан кейин пуллы жолға айландырылды. Оның ҳәр 100 километри ушын орташа төленетуғын сумма 2,43 долларды қурайды. Қазақстанда 2000 километрден аслам усындай жоллар бар болып, жеңил автомобиллер ушын төлем ҳәр 100 километр ушын 0,25 долларды қурайды.
Баҳаны белгилеўде нелер итибарға алынады? Әдетте төлемли жолларға турақлы жоллар менен белгили аралықларда байланыстыратуғын жоллар қурылады. Сондай-ақ, төлем пуллы жолларға кириў орнында карта алыў есабынан ямаса электрон картаңыздан шешип алынады. Сондай-ақ, машинаның аўырлығы ҳәм көлемине қарап баҳалар өзгерип барыўы мүмкин.
Бир сөз бенен айтқанда, бундай жоллар пуқаралар ушын да, мәмлекет ушын да әҳмийетли. Итибар бериң, тек ғана 2024-жылы Өзбекстанда 9364 жол-транспорт ҳәдийсеси рәсмий түрде дизимге алынған болып, оларда 8901 адам жарақатланып, 2203 адам қайтыс болған. 2023-жылы балалар қатнасыўында жүз берген 1794 жол-транспорт ҳәдийсесинде 1568 бала жарақатланған ҳәм 263 бала қайтыс болған.
Бул автоавариялардың тийкарғы себеби жоллар талапқа жуўап бермейтуғын болса, белгили бир бөлеги айдаўшылардың итибарсызлығы ҳәм басқа жағдайлар менен байланыслы. Бул санлар бүгин төлемли жоллар қаншелли әҳмийетли екенин көрсетеди.
Сардор ТОЛЛИБОЕВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы