ТМШ рәсмий емес саммити: Өзбекстан Президенти басламаларының әҳмийети неде?

    Өзбекстан бүгин ҳәр қыйлы халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлерге ағза. Олар арасында ТМШ ағзаларының мәденияты, тили, дәстүрлери, тарийхы, қәдириятларының уқсаслығы менен айрықша әҳмийетке ийе.

    Мәмлекетимиздиң сыртқы сиясат бағдарындағы терең ойланған, ҳәр тәреплеме тең салмақлы, ашық ҳәм прагматикалық, бәринен бурын, халық мәплери тийкарғы ҳәрекети, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердеги белсене қатнасыўы абырайлы шөлкемлер, сырт елли экспертлер, қәнигелер, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, сырт елдиң жетекши ҒХҚ тәрепинен тән алынбақта.

    Бир ғана мысал: Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Будапештте болып өткен рәсмий емес саммити алдынан Венгрияның жетекши "Hungarian Conservative" мәлимлеме-таллаў басылымында "Өзбекстанның Түркий мәмлекетлер шөлкеминдеги жетекшилиги: Президент Шавкат Мирзиёевтиң көзқараслары" атамасында мақала жәрияланды. Онда атап өтилиўинше, Өзбекстанда ТМШ күн тәртибин белгилеп беретуғын ҳәм оның халықаралық майдандағы тәсирин күшейтетуғын бир қатар терең реформалар басланды. Буннан Өзбекстанның шөлкемдеги роли ҳәм алға қойып атырған басламаларын жетекши экспертлер ҳәм сырт ел ҒХҚлары жоқары баҳалап атырғанын аңлаў мүмкин.

    Өзбекстан бүгин ҳәр қыйлы халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлерге ағза. Олар арасында ТМШ ағзаларының мәденияты, тили, дәстүрлери, тарийхы, қәдириятларының уқсаслығы менен айрықша әҳмийетке ийе. Уқсас тил, бирден-бир дин, тарийхый ҳәм мәдений байланыслар тийкарында қәлиплескен бул структура регионаллық көп қырлы бирге ислесиўдиң нәтийжели сиясий-дипломатиялық платформасына, Орайлық Азия ҳәм Евроазиядағы сиясий және экономикалық процесслердиң әҳмийетли қатнасыўшысына айланып, халықаралық майдандағы абырайы барған сайын беккемленбекте.

    Түркий мәмлекетлерде жасаўшы халықтың саны 160 миллионнан артады. Ағза мәмлекетлердиң аймағы болса дерлик 4 миллион квадрат километр. Бүгин ТМШ шеңберинде саўда-экономикалық ҳәм транспорт-транзит байланысларынан баслап космослық изертлеўлерге шекемги болған 35 тийкарғы бағдар бойынша бирге ислесиў жолға қойылған.

    Шөлкемге ағза мәмлекетлер арасындағы өз-ара товар алмасыўдың баҳасы 2022-жылы 30 миллиард АҚШ долларын қураған болса, 2024-жылы бул көрсеткиш 45 миллиард АҚШ долларына жетти. Кейинги төрт жылда ағза мәмлекетлердиң улыўма жалпы ишки өними 20 процент (1,6 триллион доллар), тиккелей сырт ел инвестицияларының көлеми 22 процентке өсти. Бул көрсеткиш экономикамызға да унамлы тәсир көрсетип атырғаны тәбийғый.

    ТМШ саммитлеринде мәмлекетимиз басшысы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық, транспорт, туризм, денсаўлықты сақлаў, мәдений-гуманитарлық, климаттың өзгериўи ҳәм экология тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша 60 тан аслам әҳмийетли усынысты алға қойды. Олардың 50 ге шамаласы бүгин әмелий көринисин тапқан.

    Венгрия бақлаўшы статусына ийе болыўына қарамастан, шөлкемниң ең белсенди қатнасыўшыларынан бири сыпатында түркий мәмлекетлер менен байланысларды кеңейтиўден турақлы мәпдар екенин көрсетпекте.

    Усы жылы 20-21-май күнлери Будапешт қаласында ТМШның "Шығыс ҳәм Батыстың ушырасыў орны" сүрени астындағы рәсмий емес саммитинде Түркия, Әзербайжан, Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан мәмлекет жетекшилери менен бирге шөлкемниң бас хаткери де қатнасты.

    Саммитте мәмлекетимиз басшысы, бәринен бурын, дүньядағы глобал жағдайға баҳа берип, қыйын геосиясий-геоэкономикалық келиспеўшиликлер, регионаллық тартыслар ҳәм климат өзгериўи ақыбетлериниң күшейиўи барлық мәмлекет ушын қыйын сынақ болып атырғанын айрықша атап өтти. Машқалаларға тек ғана халықаралық ҳуқық нормалары, БМШ режесине тийкарланып шешим табыў зәрүрлигине итибар қаратты.

    Президентимиздиң концептуаллық әҳмийетке ийе усыныс ҳәм басламаларын системаластырсақ, ол бир қатар бағдарларды өз ишине алатуғынын көремиз.

    Биринши, мәмлекетимиз басшысы ТМШ халықлары бирге ислесиўиниң узақ мүддетли ҳуқықый тийкарын беккемлеўге хызмет ететуғын "Түркий мәмлекетлер арасында стратегиялық шериклик, мәңги дослық ҳәм туўысқанлық ҳаққында"ғы келисимге Баку саммитинде қол қойыў усынысын билдирди. Бул келисимге қол қойылыўы халықларымызды және де жақынластырыў ҳәм көп қырлы бирге ислесиўимиздиң ҳуқықый тийкарын беккемлеўге хызмет етеди.

    Екинши, "Түрк-трейд" онлайн платформасын жаратыў ҳәм Саўданы арттырыў әмелий бағдарламасын қабыл етиў усынысы мәмлекетлер арасында өз-ара саўда үлесин кескин көбейтиўге қаратылған усыныслардан бири болды.

    Үшинши, Президентимиз транспорт байланыслары мәселесине айрықша тоқтап өтип, "бир айна" ҳәм "жасыл коридорлар" системаларын тезирек жолға қойыў басламасын алға қойды. Бул баслама Транскаспий халықаралық коридоры арқалы жүк тасыў көлемин арттырыў ҳәм бажыхана-шегара тәртиплерин әпиўайыластырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

    Усы жылдың ноябрь айында Ташкентте Түркий мәмлекетлердиң Халықаралық мультимодал транспорт ҳәм логистика форумы өткериледи. Бул мәселелерге илимий-әмелий усыныс ҳәм усынысларды бир дәўирде додалаў ушын қолайлы имканият болып есапланады.

    Төртиншиден, инновациялық жойбарларды хошаметлеў ушын биргеликтеги венчур компаниясын шөлкемлестириў ҳәм мәмлекетлеримиздиң инвестициялық имканиятларын толық сәўлелендирген "Бирден-бир инвестиция порталы"н енгизиў усынысы алға қойылды. Бул усыныс жаңа ҳәм жоқары қәўипли инновациялық жойбарлар ушын қаржы ресурсларын тартыўда кепиллик ўазыйпасын атқарады. Портал болса барлық жойбарлар, жеңилликлер, нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тәртип-қағыйдалар бойынша мағлыўматларды бир жерде жыйнаў имканиятын береди.

    Бесиншиден, химия, энергетика, таў-кән, жеңил санаат, фармацевтика, былғары аяқ-кийим, азық-аўқат ҳәм қурылыс тараўларында салмақлы өндирис қуўатлықларын жаратыў бойынша Санаат кооперациясы бағдарламасын ислеп шығыў басламасы билдирилди. Бул баслама санаат кооперациясы тараўында әмелий бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериў ҳәм анық мәнзилли бағдарларды белгилеп алыўға хызмет етеди.

    Алтыншыдан, Президентимиз қурғақшылық ҳәм экологиялық машқалалардың алдын алыў бойынша биргеликтеги "жол картасы"н ислеп шығыў усынысын алға қойды.

    Жетиншиден, Түркий мәденият ҳәм мийрас қорының гезектеги мәжилисин Өзбекстанда өткериў, ТҮРКСАЙ жумысы ҳәм структурасын заман талапларына сәйкес түрде жетилистириў усынысы билдирилди. Шөлкемниң бул структурасын жаңалаў ағзалар арасында мәдений алмасыў ҳәм жойбарларды муўапықластырыўды күшейтиў, түркий мәмлекетлер брендин халықаралық көлемде алға қойыў имканиятын береди.

    Мәмлекетимиз басшысы алға қойған басламалар түркий халықлар арасындағы бирге ислесиўдиң узақ мүддетли ҳуқықый тийкарын беккемлеў, өз-ара саўда айланысын көбейтиў, жүк тасыў көлемин арттырыў ҳәм бажыхана-шегара тәртиплерин әпиўайыластырыў, өз-ара инвестициялар көлемин кеңейтиў, климат өзгерислерине қарсы биргеликте гүресиў, тилеклеслик ҳәм аўызбиршиликти беккемлеўге хызмет етеди.

    Анваржон МИРКОМИЛОВ,

    "Раўажланыў стратегиясы" орайы бөлим баслығы

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates