Барыў тарийхы
Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан арасындағы еки тәреплеме қатнасықлардың жаңа басқышы Президент Шавкат Мирзиёевтиң 2018-жыл 30-сентябрь - 1-октябрь күнлери Ҳиндстанға мәмлекетлик сапарынан соң басланды. Сондай-ақ, Өзбекстан-Ҳиндстан исбилерменлер кеңесин шөлкемлестириў ҳәм еки мәмлекет аймақлары арасында тиккелей бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша келисимлерге ерисилди.
2019-жыл январь айында Өзбекстан Президенти әмелий сапар менен Ҳиндстанда болды ҳәм ҳүрметли мийман сыпатында «Vibrant Gujarat» халықаралық инвестициялық саммитинде қатнасты. Бас министр Нарендра Моди менен ушырасыўда тийкарғы итибар 2018-жылғы мәмлекетлик сапар даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға қаратылды. Атап айтқанда, тәреплер мәлимлеме технологиялары, фармацевтика, билимлендириў ҳәм инфраструктура тараўларындағы жойбарларды алға қойыў, сондай-ақ, Ҳиндстанға узақ мүддетли Өзбекстан уранын жеткерип бериў бойынша келисим алмасылды.
Ҳиндстан Бас министри Нарендра Моди 2016-жыл июнь айында Ташкентте болып өткен ШБШ саммитинде ҳәм 2022-жыл сентябрь айында Самарқандта болып өткен ШБШ саммитинде қатнасыў ушын Өзбекстанға келген еди. 2020-жыл декабрьде Өзбекстан Президенти ҳәм Ҳиндстан Бас министриниң виртуал саммити болып өтти, 2022-жыл январьда Өзбекстан Президенти онлайн тәризде өткен биринши "Ҳиндстан - Орайлық Азия" саммитинде қатнасты.
Кейинги жыллары жоқары дәрежедеги жедел сөйлесиўлер халықаралық майданларда даўам еттирилди. Өзбекстан Президенти ҳәм Ҳиндстан Бас министри 2023-жыл декабрь айында Дубайда болып өткен COP-28, 2024-жыл 23-октябрьде Қазанда болып өткен БРИКС саммити ҳәм 2025-жыл сентябрьде Тяньцзин қаласында болып өткен ШБШ саммити шеңберинде ушырасыўлар өткерди.
Солай етип, жоқары дәрежедеги Өзбекстан-Ҳиндстан сөйлесиўи турақлы болып, өз-ара сапарлар форматында да, ШБШ ҳәм БРИКС шеңберинде де раўажланбақта. Саўда ҳәм инвестициялар, санаат кооперациясы, фармацевтика, санлы технологиялар, энергетика, транспорт, билимлендириў ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды қамтып алған стратегиялық шериклик қатнасықлардың тийкары болып қалмақта.
Буннан тысқары, Саўда-экономикалық, илимий ҳәм технологиялық бирге ислесиў бойынша Ҳүкиметлераралық комиссия жумыс алып бармақта, оның 14-мәжилиси 2026-жыл 19-июньде болып өткен.
Тәреплер үш жыл даўамында өз-ара саўданы еки есеге арттырыўды мақсет етип қойған ҳәм тарифсиз тосқынлықларды сапластырыў, стандартларды өз-ара тән алыў, сертификатлаў ҳәм бажыхана тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў, бажыхана мағлыўматлары ҳәм төлем инфраструктурасын санлы түрде алмасыў бойынша жумыс алып бармақта.
Өз-ара саўда көрсеткишлери
Мәмлекетлер арасында саўдада ең қолайлы режим әмел етеди.
2017-2025-жыллар даўамында Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан арасындағы товар алмасыў көлеми 4 есеге артып, 324,9 миллион доллардан 1,3 миллиард долларға жетти. Өзбекстан экспорты 4,9 есеге артып, 33,8 миллион доллардан 164,8 миллион долларға, Ҳиндстаннан импорт болса дерлик 4 есеге артып, 291,1 миллион доллардан 1,15 миллиард долларға жетти.
Өзбекстанның сыртқы саўдасында Ҳиндстанның үлеси де усы дәўирде артқан: улыўма товар алмасыўда 1,2 проценттен 1,6 процентке, экспортта 0,2 проценттен 0,5 процентке, импортта 2,2 проценттен 2,4 процентке.
Ҳиндстанға экспорт қурамында (164,8 миллион доллар) тийкарғы үлести хызметлер (автотранспорт, жеке саяхат ҳәм қамсызландырыў) - 37,5 процент (61,7 миллион доллар), сондай-ақ, химиялық өнимлер (радиоактив химиялық элементлер, төгинлер) - 33,3 процент (54,8 миллион доллар) ийелейди. Қалған түрдеги таяр товарлар (зергерлик буйымлары) - 13 процент (21,4 млн доллар), санаат товарлары (мыс трубкалар, сийрек ушырасатуғын металлар) - 11 процент (18,2 млн доллар), азық-аўқат емес шийки зат (шеллак, талшықлы масса) - 2,9 процент (4,8 млн доллар), азық-аўқат өнимлери (собықлы овощлар ҳәм кептирилген мийўелер) - 2,1 процент (3,4 млн доллар).
Ҳиндстаннан (1153,1 млн доллар) импорт етиўде химия өнимлери (дәри-дәрмақ, бояў ҳәм басқалар) тийкарғы орынды ийелейди. - 36% (415,3 млн доллар), азық-аўқат өнимлери (гөш өнимлери) - 27% (311 млн доллар), сондай-ақ, машиналар, транспорт үскенелери ҳәм электротехника товарлары - 26,6% (306,5 млн доллар) салмаққа ийе. Қалған түрдеги таяр товарлар - 3,9 процент ($44,7 млн), санаат товарлары - 3,7 процент ($43,2 млн), темеки ҳәм азық-аўқат емес шийки зат - 1,5 процент ($17,4 млн) ҳәм хызметлер (транспорт, компьютер) - 1,2 процент ($13,7 млн).
Инвестициялық бирге ислесиў
2026-жыл август жағдайына бола, Өзбекстанда Ҳиндстан капиталының қатнасыўындағы 439 кәрхана жумыс алып бармақта (соннан: биргеликтеги кәрханалар - 89 бирлик, 100 процент Ҳиндстан капиталының қатнасыўындағы кәрханалар - 350 бирлик). Салыстырыў ушын, 2017-2018-жылларда олардың саны 100 ге шамалас болған, бул болса Ҳиндстан бизнесиниң мәмлекеттеги қатнасыўы сезилерли дәрежеде кеңейгенинен дәрек береди.
2025-жылы Ҳиндстаннан алынған тиккелей сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлериниң көлеми 247 миллион долларды қурады. Улыўма, 2016-2025-жыллары Ҳиндстаннан тартылған сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлериниң жәми көлеми дерлик 587 миллион долларға жетти. Тек ғана 2025-жылдың өзинде көрип шығылып атырған дәўирде тартылған Ҳиндстан инвестициялары ҳәм кредитлериниң улыўма көлеминиң дерлик 42 проценти туўра келген, бул да Қубла Азия мәмлекетлеринен тартылған инвестициялардың ең үлкен көрсеткиши болып есапланады.
Ҳиндстан капиталы ҳәм биргеликтеги жойбарлар, бәринен бурын, фармацевтика ҳәм денсаўлықты сақлаў, химия санааты, металлургия ҳәм кәншилик, машина қурылысы, энергетика ҳәм санлы инфраструктура, агросанаат комплексинде жәмленген. Бул бағдарлар тәреплер тәрепинен инвестициялық бирге ислесиўди және де кеңейтиўдиң тийкарғы бағдарлары сыпатында көрип шығылмақта.