Ташкент ҳәм Самарқанд арасында қосымша "Афросиёб" поезды жолға қойылады

    6 желтоқсан 2024 2271

    Бул бағдардағы қосымша поезд ҳәрекети 15 - 31-декабрь күнлери және 2025-жылдың 3 - 12-январь күнлери аралығында ҳәптениң жума, шемби ҳәм екшемби күнлери әмелге асырылады.

    Самарқанд - Ташкент - Самарқанд жөнелисинде "Афросиёб" электропоездының қосымша ҳәрекети жолға қойылады. Бул ҳаққында "Темиржолэкспресс" баспасөз хызмети хабар берди.

    Мәлим етилиўинше, бул жөнелистеги қосымша поезд жолаўшыларға қолайлық жаратыў мақсетинде 15 - 31-декабрь күнлери және 2025-жылдың 3 - 12-январь күнлери аралығында ҳәптениң жума, шемби ҳәм екшемби күнлери әмелге асырылады.

    Поезд кестеси төмендегише:

    775-санлы Самарқанд - Ташкент жөнелиси: Самарқандтан жолға шығыўы 10:55 те - Ташкентке жетип келиўи 13:15 те.

    776-санлы Ташкент - Самарқанд жөнелиси: Ташкенттен кетиў саат 13:56 да - Самарқандқа жетип келиў саат 16:14 те.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates