Самарқанд - Ташкент - Самарқанд жөнелисинде "Афросиёб" электропоездының қосымша ҳәрекети жолға қойылады. Бул ҳаққында "Темиржолэкспресс" баспасөз хызмети хабар берди.

Мәлим етилиўинше, бул жөнелистеги қосымша поезд жолаўшыларға қолайлық жаратыў мақсетинде 15 - 31-декабрь күнлери және 2025-жылдың 3 - 12-январь күнлери аралығында ҳәптениң жума, шемби ҳәм екшемби күнлери әмелге асырылады.

Поезд кестеси төмендегише:

775-санлы Самарқанд - Ташкент жөнелиси: Самарқандтан жолға шығыўы 10:55 те - Ташкентке жетип келиўи 13:15 те.

776-санлы Ташкент - Самарқанд жөнелиси: Ташкенттен кетиў саат 13:56 да - Самарқандқа жетип келиў саат 16:14 те.