Ташкент ўәлаятында 250 кеўилли пуқара "Жол сақшылары" қатарына қосылды

    7 желтоқсан 2024 1892

    Ташкент ўәлаяты ИИББ ЖХХБ тәрепинен жәмийетилик тийкарында жәрдемлесиўши "Жол сақшылары"ның жумысы шөлкемлестирилип, оларға нур қайтарыўшы камзол, арнаўлы таяқша ҳәм гүўалықлар тарқатылды.

    Ишки ислер министриниң 2018-жыл 11-июньдеги "Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметине жәмийетлик тийкарда жәрдемлесетуғын "Жол сақшысы" ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында"ғы тийисли буйрығына тийкарланып Ташкент ўәлаяты ИИББ ЖХХ ЖХХ тәрепинен жәмийетлик тийкарда жәрдемлесетуғын "Жол сақшысы" жумысы шөлкемлестирилди.

    Тийисли буйрық тийкарында 250 кеўилли пуқара "Жол сақшылары" қатарына қабыл етилип, оларға нур қайтарыўшы камзол, арнаўлы таяқша ҳәм қабыл етилгенлиги ҳаққында гүўалықлар тарқатылды. Процессте, оларға нызамшылықта белгиленген ўазыйпалары, ҳуқықлары ҳәм әмелге асырыўы зәрүр болған жумыслар түсиндирип өтилди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates